‏ Ezekiel 22

Ерусалимниң гүнасы

1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

2– Сен, инсан улы, ҳүким қыл, қанхор қаланы ҳүким қыл! Оның ислеген жеркенишли ислерин айтып бер. 3Оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Ҳәй, өз ишиңде қан төгип, жаза күнин жақынлатқан қала! Сен бутлар соғып, өзиңди ҳарамладың! 4Төккен қаның менен айыплы болдың, соққан бутларың менен ҳарамландың. Күнлериң жақынласты, жылларың паянына жетти. Соның ушын Мен сени миллетлердиң мазақлаўына, пүткил еллердиң үстиңнен күлиўине жол қояман. 5Жаман ат шығарған, ғаўғаға толған қала, жақындағылар да, алыстағылар да сени мазақлайды.

6Мине, ишиңде жасап атырған ҳәр бир Израил ҳүкимдары өз ҳәмелинен пайдаланып, қан төгеди. 7Қалада ата-анасын менсинбейди, келгиндини езеди, жетим ҳәм жесирге зулымлық қылады. 8Сен Мениң мухаддес нәрселеримди ҳүрмет етпедиң, Шаббатыма бийпәрўа болдың. 9Араңызда жала жаўып, қан төгетуғынлар, төбешиклерде бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнасатуғынлар ҳәм уятсыз қылықларды қылатуғынлар бар. 10Араңызда әкесиниң ҳаялы менен жататуғынлар, етек кири келип жүрген ҳаялды зорлайтуғынлар бар. 11Биреўи қоңсысының ҳаялы менен жеркенишли ис қылса, басқасы шерменделерше келинин ҳарамлайды, басқасы туўысқан қарындасының намысына тийеди. 12Сендеги адамлар қан төгиў ушын пара алады. Сен өсим ҳәм үстеме аласаң, зорлық пенен жақыныңның мал-мүлкин тартып аласаң, ал Мени болса, умыттың, – дейди Қудай Ийе.

13Минекей, ҳарам пайдаң ҳәм ишиңде қан төккениң ушын Мен ашыў менен алақанымды алақаныма ураман. 14Мен саған қарсы ҳәрекетке кирген күни жүрегиң даў берип, қолыңда күшиң қалар ма екен? Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман. 15Мен сени миллетлер арасына тарқатып, ел бойлап шашып жиберемен ҳәм араңыздағы ҳарам ислерге шек қояман. 16Халықлардың көз алдында хор болғаныңда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң».

17Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

18– Инсан улы, Израил халқы Мен ушын ғаўажақтай қәдирсиз болып қалды. Олардың ҳәммеси – ошақтағы мыс, қалайы, темир ҳәм қорғасын. Олар гүмистен қалған ғаўажаққа айланды.

19Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Ҳәммеңиз ғаўажаққа айланғаныңыз ушын, Мен сизлерди Ерусалимге жыйнайман. 20Отты алыстырып, гүмисти, мысты, темирди, қорғасынды ҳәм қалайыны еритиў ушын ошаққа салғанындай, Мен де қәҳәр-ғәзебим менен сизлерди жыйнайман, ҳәммеңизди салып, еритемен. 21Сизлерди жыйнап, ғәзеп отымды үстиңизге үплеймен ҳәм қала ишинде ерип кетесиз. 22Гүмистиң ошақта еригениндей, сизлер де қала ишинде ерийсиз. Сонда ғәзеп отын үстиңизге төккен Мен – Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».

23Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

24– Инсан улы, елге: «Сен тазаланбаған жерсең. Ғәзеп күни жаўын менен суўғарылмағансаң», – деп айт. 25Оның ишиндеги ҳүкимдарлары
ҳүкимдарлары – Әййемги грекше аўдармадан. Еврейше қолжазбаларда «пайғамбарлар топары».
ырылдап, олжасын тилкимлеп атырған арысланға уқсайды. Олар адамларды жейди, мүлик ҳәм байлықларды тартып алады, жесирлердиң санын көбейтеди.
26Оның руўханийлери нызамымды бузады, мухаддес затларымды ҳарамлайды. Мухаддес зат пенен ҳарам затты парықламайды. Ҳадал менен ҳарамның айырмашылығын түсиндирмейди. Шаббатыма көз жумады, Мен олардың арасында хорланып атырман. 27Олардың ҳәмелдарлары олжасын тилкимлеп атырған қасқырға уқсайды. Байлық арттырыў ушын қан төгеди, адамлардың жанын алады. 28Ал пайғамбарлары болса олардың қылмысларын ҳәк пенен ақлайды. Өтириктен аянлар көрип, Жаратқан Ийе солай айтпаса да: «Қудай Ийе усылай айтады», – деп жалған болжаўлар айтады. 29Елдиң халқы бирин бири езеди, тонайды, жарлы ҳәм кәмбағалға зулымлық қылады, келгиндини наҳақ жәбирлейди.

30Елди жоқ қылмаўым ушын, дийўалдың бузылған жерлерин дүзететуғын, оның бузылған жерине қалқан болып, сол жер ушын Мениң алдымда туратуғын биреўди изледим, бирақ таба алмадым. 31Солай етип, Мен оларға қәҳәримди төгемен, ғәзеп отым менен жоқ қыламан ҳәм қылған қылмысларына жараса жазасын беремен, – дейди Қудай Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C