Ezekiel 23
Опасыз апа-сиңлилер
1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы! Бир анадан туўылған еки қыз бар еди. 3Олар жаслық шағынан-ақ бузық жолға түсип, Мысырда бузықшылық қылды. Сол жерде олардың көкиреги сыйпаланып, қызлық емшеклери аймаланды. 4Үлкениниң аты Оҳола, кишкенесиниң аты Оҳолиба еди. Олар Меники болды, ул ҳәм қызлар туўды. Оҳола – Самарияны, Оҳолиба – Ерусалимди билдиреди. 5Оҳола Меники бола тура, бузықшылық етип, ойнаслары болған ассириялылардың ышқында жанды. 6Булар қызғыш көк реңли липас кийген жаўынгерлер, ҳәкимлер ҳәм лаўазымлы адамлар болып, ҳәммеси саўлатлы жигитлер ҳәм атқа минген әскерлер еди. 7Оҳола Ассирияның көрнекли адамлары менен бузықшылық қылды ҳәм өзи ышқында жанғанлардың бутлары менен өзин ҳарамлады. 8Ол Мысырда баслаған бузықшылығын тасламады. Жаслығында-ақ еркеклер оның менен жатып, қызлық емшеклерин аймалап, қумарларын қандырған еди. 9Сонлықтан Мен оны өзи ышқында жанған ойнасларының қолына, ассириялылардың қолына бердим. 10Олар Оҳоланы тырдай жалаңаш қылып шешиндирди, ул-қызларын тутқын қылып алып, өзин қылыш пенен өлтирди. Оған усындай ҳүким шығарылды ҳәм ол ҳаяллар арасында шерменде болды. 11Оҳоланың сиңлиси Оҳолиба буны көрсе де, қумарлығы ҳәм бузықшылығы менен әжапасынан да асып түсти. 12Ол да ассириялылардың ҳәкимлери менен лаўазымлы адамларының, безенип кийинген жаўынгерлери менен атлы әскерлериниң, барлық саўлатлы жигитлериниң ышқында жанды. 13Мен оның да өзин ҳарамлағанын көрдим. Олардың екеўиниң де жолы бир еди. 14Оҳолиба бузықшылығын арттырды. Ол қызыл рең менен дийўалға сызылған калдейли еркеклердиң сүўретин көрди. 15Олардың беллеринде қайыс, басларында желбиреген сәллелери болып, ҳәммеси калдейлердиң жеринде туўылған бабилониялы ләшкербасыларға уқсайтуғын еди. 16Оларды көриўден, Оҳолибаның ышқы кетти ҳәм калдейлердиң жерине шабарманлар жоллады. 17Бабилониялылар оның жанына, ышқы төсегине келди ҳәм бузықшылық қылып, оны ҳарамлады. Оҳолиба ҳарамланғаннан кейин, олардан жеркениш пенен жүз бурды. 18Ол ашық түрде бузықшылыққа берилип, жалаңаш денесин көрсеткенде, оның әжапасынан жеркенип жүз бурғанымдай, оннан да жеркенип, жүз бурдым. 19Деген менен, ол Мысырда бузықшылық қылған жаслығын еслеп, және де көбирек бузықшылық қыла баслады. 20Ол жынысый ағзалары ешектикиндей, урығы айғырдикиндей болған ойнасларына ынтықты. 21Солай етип, сен мысырлылар емшеклериңди аймалап, көкиреклериңди сыйпалаған жаслығыңдағы уятсыз қылықларыңды сағындың. 22Сонлықтан, Оҳолиба, Қудай Ийе былай дейди: «Мен өзиң жеркенип жүз бурған ойнасларыңды өзиңе қарсы қозғайман, оларды ҳәмме жақтан жыйнап алып келемен. 23Бабилониялыларды, барлық калдейлерди, пеқод, шоа ҳәм қоа урыўларының адамларын, олар менен бирге барлық ассириялылардың саўлатлы жигитлерин, ҳәкимлерин, лаўазымлы адамларын, ләшкербасыларын ҳәм жаўынгерлерин – барлық атқа минерлерин алып келемен. 24Олар қураллар, саўаш ҳәм жүк арбалар, көплеген халықлар менен келип, сени жән-жақтан үлкен-киши қалқан ҳәм дуўлыға менен қоршаўға алады. Мен оларға сени ҳүким қылыў ықтыярын беремен, олар өзиниң әдет-дәстүрлери бойынша ҳүким қылады. 25Мен саған қарсы қызғанышымды қозғайман. Олар сени реҳимсиз жазалайды. Қулақ ҳәм мурныңды кесип таслайды, аман қалғанлар қылыштан өткериледи. Улларыңды ҳәм қызларыңды тутқынға алады, аман қалғанларды от жандырып жоқ қылады. 26Үстиңдеги кийимлериңди шешип алып, қымбатбаҳа тағыншақларыңды алады. 27Мен сениң Мысырдан алып келген азғынлығың менен уятсыз қылығыңа шек қояман. Енди оларға көз салмайтуғын ҳәм Мысырды еске алмайтуғын боласаң. 28Қудай Ийе былай дейди: Билип қой, Мен сени өзиң жек көрген, кеўлиң жеркенген адамлардың қолына тапсыраман. 29Олар саған аяўсыз қатнас жасайды, мийнет пенен жыйнағанларыңды алып кетеди, өзиңди тырдай жалаңаш қалдырады. Усылайынша сениң уятсыз жалаңашлығың, уятсызлығың ҳәм бузықшылығың аян болады. 30Булар сениң миллетлер менен бузықшылық ислегениң, олардың бутлары менен өзиңди ҳарамлағаның себепли жүз береди. 31Сен әжапаңның жолынан жүрдиң, сол себепли оған ишкизген жаза кесемнен саған да ишкиземен. 32Қудай Ийе былай дейди: Сен әжапаңның шүңгил ҳәм кең кесесинен ишесең. Сениң үстиңнен күледи, масқара боласаң. Кесеге жүдә көп кетеди. 33Сен мәс боласаң ҳәм қайғыға батасаң. Бул қырғын ҳәм ўайраншылық кесеси, бул әжапаң Самарияның кесеси. 34Оннан ишип, таўысасаң, оны сындырып, көкирегиңди тилкимлейсең. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе. 35Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сен Мени умытып, Маған арқаңды қаратқаның ушын, уятсызлығыңның ҳәм бузықшылығыңның жазасын тарт». 36Жаратқан Ийе маған былай деди: – Инсан улы, Оҳола менен Оҳолибаны ҳүким қыл! Олардың жеркенишли ислерин әшкаралап айт! 37Олар неке ҳадаллығын бузды, қоллары қанға былғанған. Олар бутлар менен бузықшылық қылды, ҳәтте, Маған туўып берген балаларын да, бутларға азық қылып, жандырып усынды. 38Олар Маған және мынаны да қылды: сол күни олар Мениң Мухаддес мәканымды да ҳарамлады ҳәм Шаббатымды хорлады. 39Балаларын бутларға арнап шалған күни, олар Мениң Мухаддес мәканыма кирип, оны ҳарамлады. Олар Мениң Үйимде, мине, усыларды иследи. 40Ҳәтте, олар алыс жердеги адамларға шабарманлар жиберди, олар да келди. Олар келгенде, апа-сиңлилер олар ушын жуўынды, көзлерин бояды ҳәм әшекөйлерин тақты. 41Жайылған толы дастурхан қасындағы сулыў төсекке отырды. Дастурханға Мениң хош ийисли түтеткимди ҳәм зәйтүн майымды қойды. 42Кәйпи-сапа қурып отырған аламан даўысы еситилип турды. Шөл даладан келген бул мәскүнемлер апа-сиңлиниң қолына билезик тақты, басына әжайып таж кийдирди. 43Сонда Мен бузықшылық ислеп, ҳалдан тайған ҳаяллар туўралы былай дедим: «Еркеклер бул ҳаялларға жезөкшедей қатнас жасасын, себеби олар сондай». 44Олар жезөкшениң жанына киргендей, олар менен жатты. Солай етип, уятсыз ҳаяллар Оҳола ҳәм Оҳолибаға усылай қатнас жасалды. 45Бирақ әдил адамлар оларды неке ҳадаллығын бузғанлықта ҳәм қанхорлықта айыплап, ҳүким шығарды. Өйткени олар бузық ҳаяллар болып, қоллары қанға былғанған еди. 46Қудай Ийе былай дейди: Оларға қарсы аламанды жыйнап алып келип, олардың ҳүрейлерин ушырып, тонат. 47Аламан оларды тас боран қылады, қылышы менен шабады. Балаларын ҳәм қызларын өлтиреди, үйлерин жағып жибереди. 48Усылайынша Мен елдеги уятсыз ислерге шек қояман, пүткил ҳаяллар буннан сабақ алып, сизлерге еликлемейтуғын болады. 49Сизлер уятсыз қылықларыңыз ҳәм бутқа табынғаныңыз ушын жазаңызды аласыз. Сонда сизлер Мениң Қудай Ийе екенимди билесиз.
Copyright information for
KaaIBT22C