‏ Ezekiel 24

Қайнаған қазан

1Сүргинде болған ўақтымыздың тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

2– Инсан улы, усы күнди, бүгинги сәнени жазып қой. Бабилония патшасы усы бүгин Ерусалимди қамал қылды. 3Бул қозғалаңшы халыққа бир тымсал айтып, Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Қазанды ошаққа қойып, ишине суў қуй. 4Оған гөштиң жақсы бөлеклерин: жамбас ҳәм жаўырын гөшлерин салып, сайланды жиликлерге толтыр. 5Гөш сайланды қойдың гөши болсын. Астына отынды үйип салып, сүйегин жақсылап писир.

6Қудай Ийе былай дейди: Қанхор қала ҳәсирет шегеди! Тат басып, таты тазаланбаған бул қазан ҳәсирет шегеди! Шек таслап сайламастан, гөшти бөлек-бөлек қылып алып, ылақтырың. 7Қаланың қаны оның ортасында. Ол қанды кейин шаң менен бастырылып қалатуғын жерге емес, ал жалаңаш жартастың үстине төкти. 8Өш алыўға деген ғәзебимди оятыў ушын, Мен де қанды жартас үстинде қалдырдым, оны жасырып болмайды.

9Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Қанхор қала ҳәсирет шегеди! Мен үлкен қылып отын үйемен. 10Отынды мол етип салып, отты алыстыр, гөшти қайнат ҳәм дәм бериўши затларды қос. Сүйеклер де күйип күл болсын. 11Қазанды босат, көмирдиң үстине қойып, қыздыр. Мыс қызып, ишиндеги патаслық ерисин ҳәм таты күйип кетсин. 12Бирақ барлық мийнетим босқа кетти, қалың татты еритиў ушын, ҳәтте, от та жәрдем бермеди. 13Уятсыз қылығың сени ҳарамлады. Сени тазаламақшы болғанымда, сен тазаланбадың. Сол себепли үстиңе ғәзебимди толық төгип болмағанша, тазаланбайсаң. 14Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман. Мениң ҳәрекетке киретуғын ўақтым болды. Мен Өзимди тоқтатпайман, аямайман, реҳим де қылмайман. Сен өз жолың ҳәм ислериңе гөре ҳүким қылынасаң, – дейди Қудай Ийе».

Езекиелдиң ҳаялының өлиўи

15Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

16– Инсан улы, мен бир соққы менен сени көзиңе қәдирли болған адамнан жуда қыламан. Бирақ жоқлаў айтпа, жылама, көз жас төкпе. 17Ишиңнен жыла, марҳум ушын аза тутпа. Сәллеңди ҳәм аяқ кийимиңди шешпе, сақалыңды жаўма, кеўил айтыўға келгенлер әкелген аўқаттан жеме.

18Азанда мен халық пенен сөйлестим, кеште ҳаялым қайтыс болды. Келеси күни азанда мен өзиме буйырылғанларды орынладым. 19Сонда адамлар меннен:

– Сен ислеп атырған бул нәрселердиң бизлер ушын қандай мәниси бар? – деп сорады.
20Мен оларға Жаратқан Ийеден маған мынадай сөз түскенин айттым:

21«Израил халқына айт, Қудай Ийе былай дейди: Күшиңиздиң мақтанышы, көзиңизге қәдирли ҳәм жаныңыздың арзыўы болған Мухаддес мәканымның ҳарамланыўына жол қояман. Қалдырып кеткен ул ҳәм қызларыңыз қылыштан қырылады.

22Сонда Езекиел не қылған болса, сизлер де соны қыласыз. Сақалыңызды жаўмайсыз, кеўил айтыўға келгенлер әкелген аўқаттан жемейсиз. 23Сәллеңиз басыңызда, аяқ кийимиңиз аяғыңызда болады. Жоқлаў айтпайсыз, жыламайсыз. Қылмысларыңыздың зардабынан димарыңыз қурып, бирге нала шегесиз.

24Езекиел сизлер ушын белги болады. Ол не ислеген болса, сизлер де солай ислейсиз. Булар жүз бергенде, сизлер Мениң Қудай Ийе екенимди билесиз».

25Буннан кейин Қудай Ийе маған былай деди:

– Саған келсек, инсан улы, Мен олардың қорғанын, салтанатлы шадлығын, көзине қәдирли болған нәрсесин ҳәм жанының арзыўын, сондай-ақ улларын ҳәм қызларын тартып алғанымда,
26сол күни қашып қутылған бир адам хабарды жеткериў ушын саған келеди. 27Сонда және тилге кирип, сол адам менен сөйлесесең, артық тилиң тутылмайды . Сен халқым ушын бир белги боласаң, сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
Copyright information for KaaIBT22C