‏ Ezekiel 25

Қоңсы халықларға қарсы пайғамбаршылықлар

Аммон

1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

2– Инсан улы, жүзиңди аммонларға қаратып, оларға қарсы пайғамбаршылық қыл. 3Оларға айт: «Қудай Ийениң сөзин тыңлаң! Қудай Ийе былай дейди: Мухаддес мәканым ҳарамланғанда, Израил жери ўайран қылынғанда ҳәм Яҳуда халқы тутқынға түскенде, „Ҳай-ҳай“деп олардың үстинен күлген едиңиз. 4Сонлықтан Мен сизлерди шығыс халықларының ийелигине беремен. Олар елиңизге орда қурып, шатырларын тигеди, өнимлериңизди жеп, сүтиңизди ишеди. 5Рабба қаласын түйелердиң өрисине, Аммон елин қойлардың қорасына айландыраман. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.

6Қудай Ийе былай дейди: Сен қол шаппатлап, аяқ тапырлатып, Израил жерин жек көрип, бахытсызлығына шын жүректен қуўандың. 7Сонлықтан Мен де саған қарсы қол көтерип, сени халықларға олжа қылып беремен. Сени халықлар арасынан жоқ қыламан, еллер арасынан қуртып, туқымқурт қыламан. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң».

Моаб

8«Қудай Ийе былай дейди: Моаб пенен Сеир: „Яҳуда халқының басқа халықлардан артықмашлығы жоқ“, – деп айтты. 9Сонлықтан Моабтың қапталын елдиң мақтанышы болған Бейт-Ешимот, Баал-Меон ҳәм Кирятайым қалаларынан баслап ашып таслайман. 10Моабты аммон халқы менен бирге шығыс халықларының ийелигине беремен. Аммон халқы миллетлер арасында еске алынбайтуғын болады. 11Мен Моаб үстинен ҳүким шығараман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».

Эдом

12«Қудай Ийе былай дейди: Эдом қаслық пенен Яҳудадан өш алып, аўыр гүнаға қол урды. 13Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Эдомға қарсы қолымды көтеремен, ондағы адамларды ҳәм ҳайўанларды жоқ қыламан, ал елди шөлге айландыраман. Теманнан Деданға шекемги халық қылыштан қырылады. 14Мен халқым Израилдың қолы менен Эдомнан өш аламан. Олар Эдомда Мениң қәҳәр-ғәзебим менен ҳәрекет етеди. Сонда эдом халқы Мениң өш алыўымның қандай екенин билип алады, – дейди Қудай Ийе».

Филист

15«Қудай Ийе былай дейди: Әййемнен душпанлығы болған филистлер яҳудалылардан өш алыўға ҳәрекет етти, жүрегиндеги жек көриўшилик себепли оларды жер менен жексен етип өш алды. 16Сол себепли Қудай Ийе былай дейди: Мине, Мен филистлерге қарсы қолымды көтерип, керетлерди жоқ қыламан ҳәм олардың теңиз жағасында қалғанларын қырып жиберемен. 17Ғәзеп пенен жазалап, олардан қатты өш аламан. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
Copyright information for KaaIBT22C