Ezekiel 26
Тир қаласына қарсы пайғамбаршылық
1Сүргинде болған ўақтымыздың он биринши жылы, айдың биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы, Тир Ерусалим туўралы: «Ҳай-ҳай! Халықлардың дәрўазасы болған қала бузылды. Мен ушын қапылары ашылды. Ол ўайран болды, мен болсам, байып кетемен», – деп атыр. 3Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Тир, Мен саған қарсыман. Мен көплеген миллетлерди саған қарсы көтеремен. Олар теңиз толқынларының көтерилгени киби саған жапырылып келеди. 4Олар дийўалларыңды ўайран қылып, минараларыңды қулатады. Мен қаланың топырағын сыпырып таслап, оны жалаңаш таслаққа айландыраман. 5Теңиздеги бул жер балықшылар аў жаятуғын жер болады. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе. – Тир қаласы халықларға олжа болады. 6Қурғақлықтағы қалаларының турғынлары қылыштан өткериледи. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. 7Қудай Ийе былай дейди: Мен патшалар патшасы болған Бабилония патшасы Набуходоносорды Тирге қарсы қозғайман. Ол арқадан атлар, саўаш арбалары, атлылар ҳәм топ-топ ләшкерлерин ертип келеди. 8Тир, олар қурғақлықтағы қалаларыңның турғынларын қылыштан өткереди. Қала әтирапына қамал минараларын қурады, қала дийўалына топырақ үйеди, саған қарсы қалқанлар орнатады. 9Дийўал бузатуғын қураллар менен дийўалларыңды ояды, шөккишлери менен минараларыңды бузады. 10Атлардың көплигинен сени шаң-тозаң қаплайды. Дәрўазаларыңнан киргенде, дийўаллары бузылған қалаға бастырып киргендей, атлылардың, дөңгелеклердиң ҳәм арбалардың шаўқымынан дийўалларың титирейди. 11Атларының туяқлары барлық көшелериңди басқылап таслайды. Адамларың қылыштан қырылады, үлкен кийели тасларың жер менен жексен болады. 12Олар байлығыңды талап, сатылатуғын буйымларыңды басып алады. Дийўалларыңды жығып, саўлатлы имаратларыңды ўайран қылады, тасларыңды, ағашларыңды ҳәм топырағыңды теңизге ылақтырады. 13Мен қосықларыңның айтылыўына шек қояман, лираларыңның ▼▼ Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы.
сести қайтып еситилмейди. 14Сени жалаңаш таслаққа айландыраман, сен аў жаятуғын орын боласаң. Енди ҳеш қашан қайта тикленбейсең. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман, – дейди Қудай Ийе. 15Қудай Ийе Тир қаласына былай дейди: Қулаўыңның шаўқымынан, жарадарлардың ыңқылдысынан, басыңа түскен қырғыннан атаўлардағы ҳәм жағалаўлардағы халықлар титиремей ме? 16Барлық теңиз ҳүкимдарлары өз тахтларынан түсип, шапанларын ҳәм кестели кийимлерин шешеди. Қорқынышқа бүркенип жерге отырады, тоқтаўсыз қалтырасып, аўҳалыңды көрип аң-таң болады. 17Кейин саған жоқлаў айтып, былай дейди:„О, теңизшилер жасаған,Теңизде даңқ таратқан қала,
Қалай набыт болдың!
Сен ҳәм сенде жасағанлар,
Теңизде қүдиретли едиңлер.
Теңиздиң жағасында жасайтуғынлардың ҳәммесиниң,
Ҳүрейин ушырдың.
18Сен қулаған күни атаўлар титиреди,
Теңиз жағасындағылар сениң набыт болыўыңнан қорқып қалды“.
19Қудай Ийе былай дейди: Сени адамсыз қалған қалаға уқсатып, қарабақанаға айландырғанымнан кейин, туңғыйық суўларын көтерип, үлкен суўларды үстиңе бастырғанымнан кейин, 20сени өлим шуқырына түскенлер менен бирге әййемги халықтың жанына түсиремен. Туңғыйыққа түскенлер менен бирге, ески қарабақаналар арасына, жер астындағы дүньяға орналастыраман. Солай етип, саған ҳеш ким мәкан баспайды ҳәм сен тирилер әлеминде ҳүрметке ериспейсең. 21Мен ақыбетиңди қорқынышлы қыламан, сен жоқ боласаң. Сени излейди, бирақ ҳеш қашан таба алмайды, – дейди Қудай Ийе».
Copyright information for
KaaIBT22C