‏ Ezekiel 28

Тир патшасына қарсы пайғамбаршылық

1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

2– Инсан улы, Тирдиң ҳүкимдарына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сениң көкирегиң көтерилип: „Мен қудайман, теңиз қойнындағы қудайлардың тахтында отырыппан“, – дедиң. Өзиң қудай емес, адам бола тура, өзиңди қудайға тең билесең. 3Сен Даниелден де дана екенсең-дә, сеннен жасырын сыр жоқ екен-дә! 4Даналығың ҳәм ақылың менен байлық арттырдың ҳәм ғәзийнеханаңа алтын менен гүмис жыйнадың. 5Саўда-сатықтағы даналығың менен байлық арттырдың ҳәм байлығың себепли менменсип кеттиң.

6Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Өзиңди қудайдай дана билгениң ушын, 7үстиңе жат жерлилерди, халықлардың ең жаўызын алып келемен. Олар даналығың жаратқан гөззаллыққа қарсы қылышларын жалаңашлайды ҳәм нурлы салтанатыңды сөндиреди. 8Өзиңди гөрге тығады ҳәм сен теңиз қойнындағы қалаңда жаўызлық пенен өлтирилесең. 9Сонда өзиңди өлтиргенлер алдында: „Мен қудайман“, – дей аласаң ба? Өзиңди өлтиргенлердиң қолында сен қудай емес, ал әпиўайы бир адам боласаң. 10Сен жат жерлилердиң қолынан сүннетсизлердиң өлими менен өлесең. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе».

11Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

12– Инсан улы, Тир патшасы ушын жоқлаў айт ҳәм оған Қудай Ийе былай дейди деп айт:

«Сен минсизлик тымсалысаң,
Даналыққа толған, гөззаллықта бәркамал едиң.
13Сен Эденде, Қудайдың бағында едиң.
Сердолик, хризолит, гагат,
Сары яқыт, оникс, яшма,
Лазурит, периўза, зүмрет сыяқлы,
Қымбатбаҳа тасларға безендиң.
Безениў буйымларың алтыннан исленген еди.
Сен жаратылған күни, булар таярланған еди.
14Сен майланған қорғаўшы керуб едиң,
Усы иске сени Мен қойған едим.
Сен Қудайдың мухаддес таўы үстинде едиң,
Отлы таслар арасында жүрер едиң.
15Жаратылған күниңнен баслап,
Қылмысқа қол урғанға дейин,
Өз жолыңда минсиз едиң.
16Саўдаңның көплиги себепли,
Ишиң наҳақлыққа толды,
Гүнаға қол урдың.
Мен сени ҳарам деп санап,
Қудайдың таўынан ылақтырдым.
Қорғаўшы керуб, сени,
Отлы таслардың арасынан қуўып жибердим.
17Гөззаллығың себепли жүрегиң тәкаббирленди,
Даңқпаразлығың себепли даналығыңды жоқ қылдың.
Соған бола, Мен сени жерге ылақтырдым,
Патшалар алдында шерменде қылдым.
18Қылмысларыңның көплиги менен,
Саўда-сатықтағы наҳақлығың менен,
Өз мухаддес орынларыңды ҳарамладың.
Сонда Мен ортаңнан от шығардым,
Ол сени жалмап қойды.
Көргенлердиң көз алдында,
Сени күлге айландырдым.
19Халықлар арасында сени таныйтуғынлардың ҳәммеси,
Аўҳалыңа таң қалды.
Ақыбетиң қорқынышлы болды,
Сен мәңгиге жоқ боласаң».

Сидонға қарсы пайғамбаршылық

20Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

21– Инсан улы, жүзиңди Сидонға қарай бурып, оған қарсы пайғамбаршылық қыл. 22Оған Қудай Ийе былай дейди деп айт:

«Ҳәй, Сидон, Мен саған қарсыман.
Мен сениң ишиңде даңққа ерисемен.
Саған ҳүким шығарып,
Өз мухаддеслигимди аян қылғанымда,
Ҳәмме Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
23Мен Сидонға иллет жиберемен,
Көшелеринде қан төгиледи.
Жән-жақтан урылған қылыштан,
Қала ортасында қаза тапқанлар қулап жатады.
Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».

24Израил халқын жек көретуғын қоңсылардың ҳеш бири, енди қайтып Израилға жаралаўшы тикен ямаса тикенли жантақтай болмайды. Сонда олар Мениң Қудай Ийе екенимди биледи.

25Қудай Ийе былай дейди: Халықлар арасына тарқатып жиберилген израиллыларды жыйнап алғанымда, миллетлердиң көз алдында оларға Өз мухаддеслигимди аян етемен. Кейин олар өз жерлерине, қулым Яқыпқа берген жерлерге мәкан басады. 26Ол жерде қәўипсиз жасайды, үйлер қурады, жүзимзарлар отырғызады. Дөгеректеги оларды жек көргенлерге ҳүким шығарғанымнан кейин, олар қәўипсизликте жасайды. Сонда олар Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
Copyright information for KaaIBT22C