Ezekiel 29
Мысырға қарсы пайғамбаршылық
1Сүргинде болған ўақтымыздың оныншы жылының оныншы айының он екинши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы, жүзиңди Мысыр патшасы фараонға қаратып, оған ҳәм пүткил Мысырға қарсы пайғамбаршылық қыл. 3Тил қатып, оған Қудай Ийе былай дейди деп айт:«Дәрья тармақлары ишинде жатқан,Үлкен айдарҳа, Мысыр патшасы фараон!
Мен саған қарсыман.
Сен: „Нил өзимдики,
Оны өзим ушын жараттым“, – дейсең.
4Бирақ Мен жағыңа қармақ саламан,
Теңгелериңе дәрья тармақларындағы балықларды жабыстыраман.
Теңгелериңе жабысқан балықлар менен бирге,
Сени суўырып шығараман.
5Өзиңди де, тармақларыңдағы балықларды да,
Шөлистанға ылақтырып таслайман.
Сен ашық далада жатасаң,
Ҳеш ким сени жыйнамайды, көтерип алмайды.
Сени жердеги жабайы ҳайўанларға,
Аспандағы қусларға жемтик қыламан.
6Сонда Мысырда жасайтуғын ҳәр бир адам,
Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
Себеби сен Израил халқы ушын қамыс ҳаса болдың. 7Израил халқы сени услағанда, сынып кетип, олардың ийнин жарақатладың. Ал сүйенгенде, сен сынып, оларды тентиреклетип жибердиң. 8Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Мен саған қылыш жиберип, сениң адамларың менен малларыңды қырып таслайман. 9Мысыр жерин адамсыз қуў далаға айландыраман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. „Нил өзимдики, оны өзим ушын жараттым“, – дегениң ушын, 10Мен саған ҳәм дәрьядағы тармақларыңа қарсы шығаман. Мысыр жерин Мигдолдан Сиўенеге шекем ҳәм Хабашстан шегараларына шекем қаңыраған қуў далаға айландыраман. 11Ол жерге адам аяқ баспайды, ҳайўан туяғы тиймейди. Ол жерде қырық жыл адам жасамайды. 12Мен Мысырды қаңырап қалған еллердиң ишиндеги ең жаманына айландыраман. Оның қалалары ўайран етилген қалалардың ең ўайран болғаны болып, қырық жыл адамсыз қалады. Мысырлыларды басқа халықлар арасына тарқатып, жат жерлерге шашып жиберемен. 13Қудай Ийе былай дейди: Қырық жылдан кейин, тарқатып жиберилген мысырлыларды халықлардың арасынан жыйнайман. 14Мысырлыларды сүргиннен қайтарып, өзлериниң туўылған журты Патрусқа алып келемен. Ол жерде олардың патшалығы ҳәлсиз болады. 15Ол ҳәлсизирек патшалық болып, артық халықлардан үстин болмайды. Олар халықлар үстинен ҳүкимдарлық қылмаўы ушын, Мен оларды азайтаман. 16Мысыр енди ҳеш қашан Израилға сүйениш болмайды. Керисинше, Мысырдың бахытсызлығы оларға Мысырдан жәрдем сораў арқалы гүна ислегенин еслетеди. Сонда олар Мениң Қудай Ийе екенимди биледи». 17Сүргинде болған ўақтымыздың жигирма жетинши жылының биринши айының биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 18– Инсан улы, Бабилония патшасы Набуходоносор Тир менен урысыў ушын әскерлерине қатты мийнет еттирди: ҳәмме әскердиң шашы түсип қалды, желкелери қыршылды. Бирақ ол да, әскерлери де Тирден мийнетине жараса олжа ала алмады. 19Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Мен Бабилония патшасы Набуходоносорға Мысыр жерин беремен. Ол Мысырдың байлығын алып кетеди. Оны талан-тараж қылады, олжалап алып кетеди. Бул оның әскерлери ушын мийнет ҳақы болады. 20Аўа, Мен оған Мысырды мийнети ушын сый қылып беремен, себеби ол ҳәм оның әскерлери Мен ушын мийнет етти, – дейди Қудай Ийе. 21– Сол күни Мен Израил халқын күшли қыламан ҳәм олардың арасында ашық сөйлеў ушын саған сайрап турған тил беремен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
Copyright information for
KaaIBT22C