Ezekiel 3
1Ол маған: – Инсан улы, алдыңдағы бул орама қағазды же, кейин барып, Израил халқы менен сөйлес, – деди. 2Мен аўзымды аштым, Ол маған орама қағазды жеўге берди. 3Кейин маған: – Инсан улы, Мен өзиңе берип атырған усы орама қағазды жеп, қарныңды тойдыр, – деди. Мен орама қағазды жедим, ол аўзымда палдай татлы болды. 4Ол маған және былай деди: – Инсан улы, енди барып, Израил халқына Мениң сөзлеримди айт. 5Сени түсиниксиз сөйлейтуғын, тили аўыр халыққа емес, ал Израил халқына жиберип атырман. 6Егер Мен сени түсиниксиз сөйлейтуғын, тили аўыр ҳәм сөзлерине түсинип болмайтуғын көп миллетлер арасына жибергенимде еди, олар саған сөзсиз қулақ салған болар еди. 7Бирақ Израил халқы саған қулақ салмайды, олар, ҳәтте, Маған да қулақ салмайды. Өйткени пүткил Израил халқы өжет ҳәм қайсар. 8Мине, Мен сени де олардың өзлери сыяқлы өжет ҳәм қайсар қыламан. 9Мен сени мийтиндей беккем қыламан. Олар қозғалаңшы халық болса да, олардан қорқып, қәўетерленбе. 10Ол маған және мыналарды айтты: – Инсан улы! Мениң саған айтқанларымды дыққат пенен тыңлап, ҳәммесин жүрегиңде сақла! 11Енди сүргиндеги жерлеслериңе бар да, тыңласа да, тыңламаса да, оларға: «Қудай Ийе былай демекте», – деп айт. 12Кейин Руўх мени көтерип алды. Сонда мен арт жағымнан: «Жаратқан Ийениң салтанаты Өз мәканында алғыслансын», – деген бәлент, гүмбирлеген даўысты еситтим. 13Бул жанзатлардың қанатларының бир-бирине тийген ҳәм олардың жанындағы дөңгелеклердиң гүмбирлеген даўысы еди. 14Руўх мени жоқары көтерип, басқа жаққа алып кетти. Мен болсам, ҳәсиретке ҳәм ғәзепке толып, кете бердим. Жаратқан Ийениң үстиме созылған қолы аўыр еди. 15Кейин мен Кебар каналының бойындағы Тел-Абибте жасап атырған сүргиндегилерге бардым. Сол жерде олардың арасында жети күн даўамында өзиме келе алмай, аң-таң болып отырдым.Езекиелдиң Израилға гүзетши етип қойылыўы
16Сол жети күн өткеннен кейин, Жаратқан Ийеден маған сөз түсти: 17– Инсан улы! Мен сени Израил халқына гүзетши етип тайынладым. Сен Мениң аўзымнан шыққан сөзлерди тыңлап, оларды Мениң атымнан ескерт. 18Егер Мен наҳақ адамға: «Сен сөзсиз өлесең», – десем, ал сен оның өмирин сақлап қалыў ушын, оның менен сөйлесип, наҳақлық жолынан қайтыўды ескертпесең, онда ол өз гүнасы ушын өледи. Бирақ Мен оның қанының қунын сеннен талап қыламан. 19Егер сен наҳақты ескертсең, бирақ ол жаўызлығынан да, наҳақлық жолынан да қайтпаса, онда ол өз гүнасы ушын өледи, ал сен өз жаныңды сақлап қаласаң. 20Егер ҳақ адам ҳақлығынан бас тартып, наҳақлыққа қол урса, Мен оны сүрниктиремен, ол өледи. Сен оған ескертпегениң себепли, ол өз гүнасы ушын өледи ҳәм ислеген жақсы ислери еске алынбайды. Ал Мен оның қанының қунын сеннен талап етемен. 21Егер сен ҳақ адамға гүна ислемеўди ескертсең ҳәм ол гүна ислемесе, онда ол сөзсиз жасайды. Себеби ол ескертиўге қулақ салды, ал сен болсаң, өз жаныңды сақлап қаласаң. 22Сол жерде Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болды ҳәм Ол маған: – Турып, ойпатлыққа түс, Мен сениң менен сол жерде сөйлесемен, – деди. 23Мен турып, ойпатлыққа түстим. Сол жерде Жаратқан Ийениң салтанаты маған Кебар каналы жанында көрингендей болып тур екен. Мен ет бетимнен жерге жығылдым. 24Руўх маған кирип, мени аяққа турғызып қойды. Ол маған тил қатып былай деди: – Үйиңе кирип, есигиңди иштен илип ал. 25Енди болса, инсан улы, сени арқан менен шырмап байлап таслайды. Сөйтип, сен халықтың арасына шыға алмайсаң. 26Бул қозғалаңшы халықты әшкараламаўың ушын, Мен сени гүң қылып, тилиңди таңлайыңа жабыстырып таслайман. 27Бирақ саған тил қатқанымда, сен оларға: «Қудай Ийе былай деп атыр», – деп айтыўың ушын сени тилге киргиземен. Тыңлағысы келгенлер тыңласын, тыңлағысы келмегенлер тыңламай-ақ қойсын. Ақыры, олар қозғалаңшы халық ғой!
Copyright information for
KaaIBT22C