Ezekiel 30
Мысыр ушын жоқлаў айтыў
1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы, пайғамбаршылық қылып айт: «Қудай Ийе былай дейди:Аҳ, сол күн, деп бақыр!3Себеби сол күн жақынласты,
Жаратқан Ийениң күни жақынласты.
Бул күн қалың бултлы болады,
Миллетлердиң қыямет-қайым күни.
4Мысырға қарсы қылыш шығады.
Мысырлылар қылыштан қырылғанда,
Хабашстанды қорқыныш бийлейди.
Мысырдың байлығы алып кетиледи,
Тийкары күл-талқан қылынады.
5Хабашстан, Пут, Луд, жат жерли жалланба әскерлер, Куб ҳәм олар менен питим дүзген еллердиң халқы қылыштан өткериледи. 6Жаратқан Ийе былай дейди:
Мысырдың аўқамласлары қырылады,
Мақтанышлы қүдирети қулайды.
Мигдолдан Сиўенеге шекем,
Ҳәммеси қылыштан өткериледи,
– дейди Қудай Ийе. –
7Олар қаңырап қалған еллердиң ишиндеги,
Ең жаманына айланады.
Оның қалалары ўайран етилген қалалар ишиндеги,
Ең ўайран қылынғаны болады.
8Мысырға от берип,
Оны қоллағанлардың ҳәммесин жоқ қылғанымда,
Олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
9Сол күни қайғы-ғамсыз жасап атырған хабашстанлыларды қорқытыў ушын, Мен кемелер менен хабаршылар жиберемен. Мысырдың қыямет-қайым күнинде, хабашстанлыларды қорқыныш бийлеп алады. Мине, усы күн сөзсиз келеди. 10Қудай Ийе былай дейди:
Мен Бабилония патшасы Набуходоносордың қолы менен,
Көп санлы Мысыр халқын жоқ қыламан.
11Набуходоносордың өзи ҳәм әскерлери,
Барлық халықлар арасындағы ең жаўызы.
Ол Мысырды қуртыў ушын алып келинеди.
Мысырға қарсы қылышларын жалаңашлап,
Жерди өлилерге толтырады.
12Мен Нилдиң тармақларын қурытып,
Елди залымлардың қолына беремен.
Елди ҳәм ондағы ҳәмме нәрсени,
Жат жерлилердиң қолы менен ўайран етемен.
Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
13Қудай Ийе былай дейди:
Мен барлық бутларды жоқ қыламан,
Нофтағы қудайлардың мүсинлерин қуртаман.
Мысырда енди ҳүкимдар болмайды.
Мысыр жерин қорқынышқа саламан.
14Патрус үлкесин ўайран қыламан,
Соан қаласына от қояман,
Но қаласы үстинен ҳүким шығараман.
15Мысырдың қорғаны болған Синге ғәзебимди төгемен.
Но қаласының көп санлы халқын қырып таслайман.
16Мысырға от қояман,
Син шексиз азап шегеди.
Но қаласының дийўалы тесиледи,
Нофқа күпә-күндиз душпан ҳүжим қылады.
17Уон ҳәм Пий-Бесет жигитлери,
Қылыштан набыт болады,
Қала халқы сүргин қылынады.
18Мен Мысырдың бийлик ҳасасын сындырған,
Ҳәм де оның мақтанышлы қүдиретин қулатқан күни,
Тахпанхесте күн түнекке айланады,
Қаланы қара булт қаплайды,
Оған қараслы қала-аўыллардың турғынлары сүргин қылынады.
19Мен Мысыр үстинен ҳүким шығараман.
Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
20Сургинде болған ўақтымыздың он биринши жылының биринши айының жетинши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 21– Инсан улы, Мен Мысыр патшасы фараонның қолын сындырдым. Оның шыпа табыўы ушын, ҳеш ким қолын байламады, қайтып қылыш услаўы ушын, ҳеш ким қолына тахтай салып таңбады. 22Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Мен Мысыр патшасы фараонға қарсыман. Мен оның еки қолын да: саў қолын да, сынған қолын да сындыраман. Қолындағы қылышы жерге түсип кетеди. 23Мысырлыларды халықлар арасына тарқатып, еллер арасына шашып жиберемен. 24Мен Бабилония патшасының билегине күш берип, қолына қылышымды услатаман. Ал фараонның қолларын сындыраман. Фараон Бабилония патшасының алдында аўыр жарадар болған адамдай ыңырсыйды. 25Мен Бабилония патшасының қолларына күш беремен, ал фараонның қолларында дәрман қалмайды. Мен Бабилония патшасына қылышымды бергенимде ҳәм ол қылышты Мысыр жерине қарай созғанда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. 26Мен мысырлыларды халықлар арасына тарқатып, еллердиң арасына шашып жиберемен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
Copyright information for
KaaIBT22C