Ezekiel 31
Кедр ағашы туўралы тымсал
1Сүргинде болған ўақтымыздың он биринши жылының үшинши айының биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы, Мысыр патшасы фараонға ҳәм оның сансыз халқына былай деп айт:«Уллылықта саған тең келетуғын ким бар?3Әнекей, сулыў шақалы, қойыў саялы,
Лебанондағы кедр ағашына уқсаған,
Ассирияға қара!
Оның бойы бәлент болып,
Төбеси бултларға тийип туратуғын еди.
4Суўлар оны суўғарды,
Жер асты булақлары оны өсирди.
Ағыслары ол өскен жерден ақты,
Тармақлары тоғайдағы ҳәмме тереклерди қандырды.
5Ол тоғайдағы барлық тереклерден бийик болып өсти,
Суўға жақсылап қанғанлықтан,
Балдақлары ириленип,
Шақалары узайды.
6Аспандағы барлық қуслар,
Шақаларына уя салды.
Барлық жабайы ҳайўанлар,
Шақалары астында балалады.
Барлық уллы миллетлер,
Оның саясында жасады.
7Ол өзиниң бәлентлиги менен,
Шақаларының узынлығы менен көркем еди.
Себеби тамыры уллы суўларға тийип турған еди.
8Қудайдың бағындағы кедрлер оның менен беллесе алмас еди.
Сәрўилер оның путақларына тең келмес еди.
Шынарлардың шақалары оныкиндей емес еди.
Қудайдың бағындағы бирде бир терек,
Гөззаллықта оған тең келмес еди.
9Мен оны қалың шақалар менен безедим,
Қудайдың Эден бағындағы ҳәмме ағашлар,
Оған ҳәўес қылар еди.
10Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Оның бойы өсип, төбеси бултларға жеткенде, ол бийиклигинен тәкаббирленип кетти. 11Соның ушын Мен оны миллетлердиң ҳүкимдарының қолына бердим ҳәм ол оны өз жаўызлығына жараса жазалады. Мен оны қуўып жибердим. 12Халықлар арасындағы ең жаўызы оны кесип, таслап кетти. Шақалары таўларға ҳәм ойпатлықларға түсип, сынған путақлары жердиң барлық сай-салаларында шашылып жатты. Жер бетиндеги ҳәмме миллетлер оның саясын тәрк етип, өзин таслап кетти. 13Аспандағы барлық қуслар қулаған ағашқа келип қонды, барлық жабайы ҳайўанлар шақалары арасына жайласты. 14Ендигиден былай, суў бойында өскен ҳеш бир терек бундай бәлент болып өсип, төбеси бултларға тиймеўи, мол суў ишип өскен ҳеш бир терек бундай дәрежеде бәлент болмаўы ушын усылай болды. Олардың ҳәммеси гөрге кирген адамлар менен бирге өлимге, жер астындағы дүньяға тапсырылған. 15Қудай Ийе былай дейди: Кедр ағашы өлилер мәканына кирген күни, Мен оның ушын аза тутсын деп, жер асты суў көзлерин бекиттим. Олардың ағысын тоқтаттым, мол суўларын ағызбай қойдым. Бул ағаш ушын пүткил Лебанонды түнекке қапладым, барлық тереклерин солыттым. 16Мен оны гөрге киргенлер менен бирге өлилер мәканына түсиргенимде, қулаўының шаўқымынан миллетлерди титиреттим. Сонда Эден бағының барлық тереклери де, Лебанонның ең жақсы ҳәм сайланды тереклери де, мол суў ишип өскен тереклер де жер астындағы дүньяда тәселле тапты. 17Оның саясында жасағанлар, яғный халықлар арасындағы оның аўқамласлары оның менен бирге өлилер мәканына түсип, қылыштан қаза тапқанларға қосылды. 18Эден бағындағы тереклердиң қайсы бири даңқ-атақта ҳәм уллылықта саған тең келеди екен? Бирақ сен Эден тереклери менен бирге жер астындағы дүньяға киресең. Сен қылыштан қаза тапқанлар менен бирге сүннетсизлердиң арасында жатасаң. Бул фараонның ҳәм оның сансыз халқының тымсалы, – дейди Қудай Ийе».
Copyright information for
KaaIBT22C