‏ Ezekiel 32

Фараон ушын жоқлаў айтыў

1Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылының он екинши айының биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

2– Инсан улы, Мысыр патшасы фараон ушын былай деп жоқлаў айт:

«Сен өзиңди халықлар арасындағы арыслан деп билесең,
Бирақ өзиң теңиздеги айдарҳаға уқсайсаң.
Дәрьяларыңа бой таслайсаң,
Аяқларың менен суўларды басқылайсаң,
Тармақларын ылайтасаң.
3Қудай Ийе былай дейди:
Үстиңе торымды таслайман.
Көплеген халықлар жыйналып,
Торым менен сени тартып шығарады.
4Сени жерге ылақтыраман,
Ашық майданға таслайман.
Аспандағы барлық қусларды үстиңе қондыраман,
Жер бетиндеги барлық жабайы ҳайўанлар саған тояды.
5Гөшиңди таўларға жайып таслайман,
Ойпатлықларды өлигиңе толтыраман.
6Жерди таўларға дейин аққан қаныңа қандыраман,
Сай-салаларды етиңе толтыраман.
7Сени гүм қылғанымнан кейин, көклерди жаўаман,
Ондағы жулдызларды түнертемен,
Қуяштың жүзин булт пенен қаплайман,
Ай да сәўле шашыўын тоқтатады.
8Аспандағы барлық жақтылық шырақларын,
Үстиңде қараңғы қыламан,
Жериңди зулмат пенен қаплайман,
– дейди Қудай Ийе –
9– Жер бойлап, сен танымайтуғын халықлар арасында,
Сениң қулағаныңды жәриялап,
Көп халықлардың жүрегине ғулғыла саламан.
10Көп халықларды саған ҳайран қалдыраман,
Алдында қылыш ойнатқанымда,
Олардың патшалары сен себепли қалтырап қорқады.
Сен қулаған күни,
Ҳәр бири өз жаны ушын ҳәр сәтте титирейди.

11Қудай Ийе былай дейди:
Бабилония патшасының қылышы саған дүбейди.
12Халықлар арасындағы ең жаўызы болған,
Күшли әскерлердиң қылышы менен,
Сениң көп санлы халқыңды қыраман.
Олар Мысырдың менменлигин аяқ асты қылып,
Сансыз халқын қырып жояды.
13Мол суўлар жанында бағылып атырған,
Пүткил малларын жоқ қыламан,
Буннан былай, адам аяғы да,
Ҳайўан туяғы да бул суўларды басқыламайды.
14Сонда суўларды тындыраман,
Дәрьяларын майдай болып ағатуғын қыламан,
– дейди Қудай Ийе. –
15Мысыр жерин қаңыратып, бос қалдырғанымда,
Оны ҳәмме нәрсесинен журдай еткенимде,
Онда жасайтуғынларды қырып таслағанымда,
Олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.

16Мине бул, миллетлердиң қызлары айтатуғын жоқлаў. Мысыр ҳәм оның көп санлы халқы туўралы усы жоқлаўды айтады, – дейди Қудай Ийе».

Мысыр өлилер мәканына түседи

17Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылы, айдың он бесинши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

18– Инсан улы, Мысырдың көп санлы халқы ушын қайғырып жыла. Оларды ҳәм күшли миллетлердиң қызларын гөрге киргенлер менен бирге жер астындағы дүньяға жибер. 19Оларға былай деп айт: «Сен өзиңди басқалардан унамлыман деп ойлайсаң ба? Түсип, сүннетсизлер менен бирге жат».

20Олар қылыштан қаза тапқанлардың арасында жан тапсырады. Қылыш берилди. Мысырды ҳәм оның көп санлы халқын қырып таслаң. 21Өлилер мәканындағы ең күшли сәркәрдалар Мысыр ҳәм оның аўқамласлары туўралы: «Қылыштан өткерилген сүннетсизлер жер астына түсирилди, олар сол жерде жатырыпты», – дейди.

22Ассирия ҳәм оның пүткил әскерлери сол жерде жатыр. Қылыштан қаза тапқан әскерлериниң қәбирлери әтирапын қоршап алған. 23Олардың қәбирлери туңғыйықтың ең түбинде, әскерлери оның әтирапында. Тирилер әлеминиң ҳүрейин ушырғанлардың ҳәммеси қылыштан өткерилип өлтирилди.

24Элам да сол жерде, көп санлы халқы да оның қәбириниң әтирапында. Олардың ҳәммеси қылыштан қаза тапқан. Тирилер әлеминиң ҳүрейин ушырған бул сүннетсизлер жер астындағы дүньяға түсти. Олар туңғыйыққа түскенлер менен бирге өз шерменделигин алып кетти. 25Эламға ҳәм оның көп санлы халқына өлтирилгенлер арасынан орын берилди. Адамлары оның дөгерегине қойылды. Олардың ҳәммеси сүннетсиз болып, қылыштан өткерилген еди. Олар тирилер әлеминиң ҳүрейин ушырған еди, енди туңғыйыққа түскенлер менен бирге өз шерменделигин алып кетти. Олар қаза тапқанлардың арасына орналасты.

26Мешех пенен Тубал да сол жерде көп санлы халқы менен бирге жатыр. Адамларының қәбирлери олардың әтирапында. Бул сүннетсизлер де тирилер әлеминиң ҳүрейин ушырғаны ушын қылыштан қаза тапқан. 27Олар өлилер мәканына қурал-жарақлары менен кирген, қылышлары басына қойылған, сүннет етилмеген батырлар менен бирге жатпайды. Мешех пенен Тубалдың гүналары сүйеклерине орналасып алған. Өйткени олар батырлар киби тирилер әлеминиң ҳүрейин ушырды. 28Фараон, сен де тас-талқан қылынып, қылыштан қаза тапқанлар менен бирге сүннетсизлер арасында жатасаң.

29Эдом да өз патшалары ҳәм барлық ҳүкимдарлары менен бирге ол жерде. Күшлилигине қарамастан, олардың ҳәммеси қылыштан қаза тапқанлар менен бирге қойылған. Олар сүннетсизлер ҳәм туңғыйыққа түскенлер менен бирге жатыр.

30Арқа тәрептиң барлық басшылары менен сидонлылар да сол жерде. Олар күшли болып, адамлардың ҳүрейин ушырғанына қарамастан, қаза тапқанлар менен бирге шерменделик пенен ол жерге кирди. Бул сүннетсизлер қылыштан қаза тапқанлар менен бирге жатыр ҳәм туңғыйыққа түскенлер менен бирге өз шерменделигин алып кетти.

31Фараон ҳәм оның барлық әскерлери буларды көрип, өзлериниң қылыштан қаза тапқан сансыз халқы ушын тәселле табады, – дейди Қудай Ийе. 32– Мен оларға тирилер әлеминиң ҳүрейин ушырыўға жол берген болсам да, фараон ҳәм оның сансыз халқы қылыштан қаза тапқанлар менен бирге сүннетсизлердиң арасында жатады, – дейди Қудай Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C