Ezekiel 33
Қудайдың Езекиелди Израилға гүзетши қылып тайынлаўы
1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы, өз халқың менен сөйлесип, оларға былай деп айт: «Егер Мен бир елге қылыш жиберсем, сол жердиң халқы өзлеринен бир адамды сайлап, оны гүзетши қылып тайынлайды. 3Ол жерине киятырған қылышты көрип, кәрнай шалып, халқын ескертеди. 4Егер биреў кәрнайдың сестин еситсе де, сақланбаса ҳәм қылыш келип, оны өлтирсе, оның қаны өз мойнында қалады. 5Ол кәрнай сестин еситип турып, итибар бермегени ушын, өз өлимине өзи айыплы. Ал өзин қәўиптен сақлаған адам өз өмирин сақлап қалады. 6Егер гүзетши қылыш киятырғанын көрсе ҳәм халқын ескертиў ушын кәрнай шалмаса, қылыш келип, олардан биреўиниң жанын алса, онда бул адам өз гүнасы ушын өледи. Бирақ оның қанының қунын Мен гүзетшиден талап етемен». 7Инсан улы, Мен сени Израил халқына гүзетши етип тайынладым. Сен Мениң аўзымнан шыққан сөзлерди тыңлап, оларды Мениң атымнан ескерт. 8Мен наҳақ адамға: «Наҳақ адам, сен сөзсиз өлесең!» – десем, ал сен наҳақты жолынан қайтарыў ушын ҳеш нәрсе айтпасаң, онда наҳақ өз гүнасы ушын өледи. Бирақ Мен оның қанының қунын сеннен талап қыламан. 9Егер сен наҳақты жолынан қайтарыў ушын ескертсең, бирақ ол өз жолынан қайтпаса, ол өз гүнасы ушын өледи, ал сен өз жаныңды сақлап қаласаң. 10Инсан улы, сен Израил халқына сизлер былай дейсизлер деп айт: «Бизлер қылмысларымыз бенен гүналарымызға көмилдик, олар бизлердиң димарымызды қуртып атыр. Бул аўҳалда қалай тири қаламыз?» 11Оларға былай деп айт: «Мен, Қудай Ийе Өз тирилигим ҳақы айтаман: Мен наҳақ адамның өлимин қәлемеймен, оның өз жолынан қайтып, жасаўын қәлеймен. Қайтыңлар! Жаман жолларыңыздан қайтыңлар! Неге өлиўиңиз керек, Израил халқы?!» 12Инсан улы, өз халқыңа былай деп айт: «Егер ҳақ адам гүна ислесе, оның ҳақлығы оны қутқара алмайды. Егер наҳақ адам туўры жолға кирсе, қылған қылмыслары қулаўына себеп болмайды. Сол сыяқлы, ҳақ адам гүна ислесе, бурынғы ҳақлығы оны тири сақлап қала алмайды. 13Егер Мен ҳақ адамға жасайтуғынын айтсам, ал ол ҳақлығына исенип, гүнаға қол урса, онда оның бурынғы ҳақлығы еске алынбайды, қайтама, ол ислеген жаўызлығы ушын өледи. 14Ал наҳақ адамға сөзсиз өлетуғынын айтсам, ол гүналарынан жүз бурып, туўрылық ҳәм әдилликти жүзеге асырса, 15қарызы ушын гиреўге алған затын да, урлаған затын да қайтарып берсе, өмирге еристиретуғын қағыйдаларды орынласа ҳәм қайтып зулымлық қылмаса, ол сөзсиз жасайды, өлмейди. 16Ол ислеген гүналардың ҳеш бири еске алынбайды. Бул адам туўры ҳәм әдил ислер қылғаны ушын, сөзсиз жасайды». 17Сениң халқың: «Ийениң жолы натуўры», – дейди. Бирақ өзлериниң жолы натуўры. 18Егер ҳақ адам ҳақлығынан тайып, натуўры ислерге қол урса, буның ушын өледи. 19Егер наҳақ адам наҳақлығын таслап, әдил ҳәм туўры ислерди ислей басласа, ол усылай ислеп, жанын сақлап қалады. 20Сизлер болсаңыз: «Ийениң жолы натуўры», – дейсиз. Израил халқы, Мен сизлердиң ҳәр бириңизди исиңизге жараса ҳүким қыламан.Ерусалимниң қулаўы
21Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылының оныншы айының бесинши күни Ерусалимнен қашып қутылған бир адам маған келип: – Қала басып алынды, – деди. 22Сол қашқын келмесинен бир күн бурын кеште Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болды. Қашқын азанда алдыма келмей турып, Ол маған сөйлеў қәбилетин қайтарып берди. Мен және тилге кирдим ▼. 23Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 24– Инсан улы, Израил жериниң ўайран болған жерлеринде жасап жүрген адамлар: «Ибрайым жалғыз өзи болса да, бул жерге ийелик қылған еди. Ал бизлер көппиз, сонлықтан бул жердиң бизлерге ийеликке берилгенин анық билемиз», – деп айтпақта. 25Сонлықтан оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сизлер гөшти қаны менен жейсиз, бутларға табынасыз, қан төгесиз. Солай қыла тура, бул жерге ийелик қылмақшымысыз? 26Сизлер қылышыңызға исенесиз, жеркенишли ислерди қыласыз, ҳәр бириңиз басқа адамның ҳаялын ҳарамлайсыз. Солай қыла тура, бул жерге ийелик қылмақшымысыз?» 27Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тирилигим ҳақы ант ишемен: ўайран болған жерде жасап атырғанлар қылыштан набыт болады. Ашық далада болғанларды Мен жабайы ҳайўанларға жем қыламан. Бекинисли жерлерде ҳәм үңгирлерде болғанлар иллеттен өледи. 28Бул жерди қаңыраған шөлистанға айландыраман. Оның мақтанышлы қүдирети паянына жетеди. Израил таўларында да адам қалмайды, ол жерге ҳеш ким аяқ баспайды. 29Ислеген жеркенишли ислери ушын жерди қаңыраған шөлистанға айландырғанымда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады». 30Инсан улы, жерлеслериң дийўаллар қасында ҳәм үйлериниң босағасында турып, сен туўралы бир-бирине: «Жүриң, Жаратқан Ийеден қандай сөз келген екен, еситейик», – деп атыр. 31Олар топарласып келеди. Мениң халқым сениң алдыңда отырады, сөзлериңди тыңлайды, бирақ оларды орынламайды. Олар тиллеринде жағымпазланғаны менен, жүреклеринде өз пайдасын гөзлейди. 32Сен олар ушын, жақсы сазенде ҳәм муҳаббат ҳаққында қосық айтатуғын хош ҳаўаз қосықшысаң. Олар сөзлериңди еситеди, бирақ оларды орынламайды. 33Булар жүзеге асқанда, мине, жүзеге асып та атыр, олар өзлериниң арасында бир пайғамбардың болғанын билип алады.
Copyright information for
KaaIBT22C