Ezekiel 35
Эдомға қарсы пайғамбаршылық
1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы, жүзиңди таўлы Сеир жерине қаратып, оған қарсы пайғамбаршылық қылып, 3оған айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй, таўлы Сеир жери, Мен саған қарсыман. Қолымды көтерип, сени кимсесиз қаңыратып таслайман. 4Қалаларыңды қарабақанаға айландырып, адамсыз қалдыраман. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң. 5Әзелден душпаншылығың болғанлықтан, Израил апатқа ушырап, соңғы жазасын тартып атырғанда, оларды қылыштың еркине тапсырдың. 6Сол қылғанларың ушын, тирилигим ҳақы айтаман, – дейди Қудай Ийе, – сени қанға былғайман, қан изиңнен қалмайды. Қан төгиўден тиксинбегениң ушын, қан да сениң изиңнен қалмайды. 7Таўлы Сеир жери, сени адамсыз шөлге айландыраман. Саған келип-кетиўшилерди жоқ қыламан. 8Өзиңди өли денеге толтыраман. Төбешиклериңде, ойпатлықларыңда ҳәм барлық сайларыңда қылыштан қаза тапқанлар қулап жатады. 9Сени мәңгиге қаңыратып, бос қалдыраман. Қалаларыңда адам жасамайтуғын болады. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң. 10Мен, Жаратқан Ийе сол жерде болғаныма қарамастан, сен: „Бул еки халық ҳәм олардың жерлери бизики болады, оларды ийелеп аламыз“, – дегениң ушын, 11тирилигим ҳақы айтаман, – дейди Қудай Ийе, – халқымды жек көрип, ашыў ҳәм қызғаншақлық пенен оларға не қылған болсаң, Мен де саған соны ислеймен. Саған қазылық қылғанымда, оларға Өзимди аян етемен. 12Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң. Мен сениң Израил таўларына: „Қаңырап бос қалды, олар бизге жем қылып берилди!“– деп масқаралап айтқан барлық сөзлериңди еситтим. 13Сен көз алдымда мақтанып, Маған қарсы гәпти көбейттиң. Мен буларды еситтим. 14Қудай Ийе былай дейди: Пүткил жер бети қуўанышқа бөленип атырғанда, мен сени қаңыратып, қуў далаға айландыраман. 15Израил халқының мийрас жери босап қалғанда қалай қуўанған болсаң, сол исти сениң де басыңа саламан. Таўлы Сеир жери ҳәм пүткил Эдом биргеликте қуў далаға айланасыз. Сонда ҳәмме Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
Copyright information for
KaaIBT22C