Ezekiel 37
Кеўип қалған сүйеклер ойпатлығы
1Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде еди. Ол мени Өз Руўхы менен алып кетип, ойпатлықтың ортасына апарып қойды. Ол жер сүйеклерге толып атырған еди. 2Ол мени олардың арасы менен жетеледи, мен ойпатлықта жатырған сансыз сүйеклерди көрдим. Сүйеклер жүдә кеўип қалған еди. 3Ол меннен: – Инсан улы, мына сүйеклер тириле ала ма? – деп сорады. Мен Оған: – Қудай Ийе, буны тек Сен билесең, – деп жуўап бердим. 4Кейин Ол маған былай деди: – Пайғамбаршылық етип, мына сүйеклерге былай деп айт: «Кеўип қалған сүйеклер, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! 5Қудай Ийе бул сүйеклерге былай демекте: Мен сизлерге жан беремен, сизлер тирилесиз. 6Үстиңизге сиңирлер питирип, ет өсиремен ҳәм тери менен қаплайман. Ишиңизге жан саламан, сизлер тирилесиз ҳәм Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз». 7Мен өзиме тапсырылғандай, пайғамбаршылық еттим. Пайғамбаршылық етип атырғанымда, тасырлаған шаўқым еситилди, сүйеклер бир-бири менен бирлесе баслады. 8Мен оларда сиңирдиң ҳәм еттиң қалай пайда болғанын, оларды тери қаплағанын көрдим. Бирақ денесинде еле жан жоқ еди. 9Сонда Ол маған былай деди: – Жанға пайғамбаршылық қыл. Инсан улы, пайғамбаршылық қылып, оған былай деп айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй жан, төрт тәрептен самал болып, мына өлтирилгенлердиң үстине ес, олар тирилсин». 10Мен Ол тапсырғандай, пайғамбаршылық қылдым. Жан оларға кирип, олар тирилди, аяққа турды. Олар жүдә уллы аламанға айланды. 11Сонда Ол маған былай деди: – Инсан улы, мына сүйеклер – пүткил Израил халқы. Олар: «Сүйегимиз қуўрап қалды, үмитимиз үзилди, бизлер тамырдан үзилип тасланғанбыз», – дейди. 12Сонлықтан пайғамбаршылық етип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Халқым, Мен қәбирлериңизди ашып, сизлерди гөрден шығараман ҳәм Израил жерине алып келемен. 13Қәбирлериңизди ашып, о, халқым, сизлерди гөрден шығарғанымда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. 14Сизлерге руўхымды саламан, сизлер тирилесиз. Мен сизлерди өз жериңизге орналастыраман. Сонда буны Мениң, яғный Жаратқан Ийениң айтқанын ҳәм жүзеге асырғанын билесиз, – дейди Жаратқан Ийе». 15Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 16– Инсан улы, сен бир таяқ алып, оған: «Яҳуда ҳәм оның менен бирлескен израиллылар ушын» деп жаз. Кейин басқа таяқ алып, оған: «Юсуп ҳәм оның менен бирлескен Израил халқы ушын Эфрайымның таяғы» деп жаз. 17Еки таяқты бир-бирине қосып усла, олар қолыңда бир таяқтай болып көринсин. 18Халқың: «Қолыңдағы не, түсиндирип бересең бе?» – деп сораса, 19оларға былай деп айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен Эфрайымның қолындағы таяғын, яғный Юсуп пенен бирлескен Израил урыўларының таяғын алып, Яҳуданың таяғына қосаман. Оларды бир таяқ қылып, Өз қолымда услайман». 20Сен жазыў жазған еки таяқ олардың көз алдында сениң қолыңда турғанда, 21оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Мен Израил халқын ҳәмме жақтан, өзлери барған халықлардың арасынан жыйнап алып, өзлериниң жерине алып келемен. 22Оларды сол журтта, Израил таўларында бир халық қыламан ҳәм олардың ҳәммесин бир патша басқаратуғын болады. Олар енди еки халық болмайды ҳәм еки патшалыққа бөлинбейди. 23Енди бутлар менен, жеркенишли затлар менен ҳәм ҳәр қыйлы надурыс нәрселер менен өзлерин ҳарамламайды. Гүнаға батып жасаған мәнзиллеринен оларды азат етип, тазалайман. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан. 24Қулым Даўыт оларға патша болады ҳәм ҳәммесиниң шопаны болады. Олар Мениң буйрықларым менен жасайды, қағыйдаларыма әмел қылып, оларды орынлайды. 25Олар Мен қулым Яқыпқа берген жерде, ата-бабалары жасаған жерде жасайды. Сол жерге олардың өзлери, балалары ҳәм балаларының балалары мәңгиге мәкан басады. Қулым Даўыт мәңгиге олардың ҳүкимдары болады. 26Мен олар менен тынышлық келисимин дүземен, бул келисим мәңгиге даўам етеди. Оларды аяққа турғызаман, көбейтемен ҳәм Өзимниң Мухаддесханамды олардың ортасына мәңгиге орнатаман. 27Олардың арасында мәкан басаман. Мен олардың Қудайы, олар Мениң халқым болады. 28Мухаддесханам мәңгиге олардың арасында жайласқанда, халықлар Израилды мухаддес қылатуғын Мен, Жаратқан Ийе екенин билип алады».
Copyright information for
KaaIBT22C