Ezekiel 38
Гогқа қарсы пайғамбаршылық
1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы, Магог жериндеги Мешех ҳәм Тубалдың уллы ҳүкимдары Гогқа жүзиңди қаратып, оған пайғамбаршылық қыл: 3«Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй, Мешех ҳәм Тубалдың уллы ҳүкимдары Гог, Мен саған қарсыман! 4Мен сени басқа тәрепке бурып жиберип, жақларыңа қармақ саламан. Сени ҳәм пүткил ордаңды, атларыңды, атлыларыңды, безенип кийинип алып, үлкен ҳәм киши қалқан услаған үлкен топарыңды, қылыш пенен қуралланғанлардың ҳәммесин сүйреп шығараман. 5Қалқан услап, дуўлыға кийген Персия, Хабашстан ҳәм Пут халықлары, 6Гомердиң барлық әскерлери, арқадағы алыс журт Тогарма халқының пүткил ләшкерлери, сондай-ақ, көплеген халықлар сениң менен бирге болады. 7Таяр тур! Жаныңа жыйналған пүткил аламан менен бирге таяр тур! Сен оларға жетекши боласаң. 8Көп ўақыттан кейин, сен атланысқа шақырыласаң. Соңғы жылларда сен урыстан өзин тиклеп алған бир жерге ҳүжим қыласаң. Бул жердиң халқы көп миллетлерден шығып, узақ ўақыттан бери адамсыз қалған Израил таўларына жыйналған. Оның турғынлары миллетлер арасынан алып келинип, ҳәзир қәўипсиз жасап атыр. 9Сен даўылдай көтерилесең. Сениң өзиң, ләшкерлериң ҳәм сениң менен болған көп халық елди қаплап алыў ушын, булттай болып келесиз. 10Қудай Ийе былай дейди: Сол күни сен жаман қыялларға берилип, жаўыз жобалар дүзесең. 11Сен былай дейсең: „Қорғансыз жерлерге бастырып барып, бийғам, тыныш жасап атырған халыққа ҳүжим қыламан. Олардың дийўалы да, тәмбиленетуғын қапысы да жоқ. 12Бурын қаңырап бос жатқан, ҳәзир адам мәкан басқан қалаларда жасап атырған халықты талап, олжалайман. Шарўашылық ҳәм саўда менен шуғылланатуғын, миллетлердиң арасынан жыйналып, дүньяның орайында жасайтуғын бул халыққа қол саламан“. 13Шеба, Дедан, Таршиш саўдагерлери ҳәм оның барлық жолбасшылары сеннен: „Сен талаў ушын келдиң бе? Талан-тараж қылыў, гүмис ҳәм алтын алып кетиў, мал ҳәм байлықты тартып алыў, мол олжалы болыў ушын ләшкер тартып келдиң бе?“– деп сорайды». 14Сонлықтан инсан улы, пайғамбаршылық қылып, Гогқа айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сол күни халқым Израилдың қәўипсизликте жасап атырғанына сениң көзиң жетеди. 15Сонда арқадағы алыс журтыңнан көп халықларды: атлыларды, уллы жыйынды ҳәм сансыз ләшкерлерди ертип келесең. 16Сен жер жүзин қаплаған булт киби, халқым Израилға ҳүжим жасайсаң. Келешекте, ҳәй Гог, Мен сени Өз жериме жиберемен. Миллетлердиң көз алдында, сен арқалы мухаддеслигимди аян етип, миллетлерге Өзимди танытаман. 17Қудай Ийе былай дейди: Әййемги дәўирлерде қулларым Израил пайғамбарлары арқалы айтқан адамым сен емессең бе? Сол ўақытлары олар Мениң сени израиллыларға қарсы жиберетуғыным туўралы жыллар бойы пайғамбаршылық етти. 18Гогтың Израил жерине ҳүжим ететуғын күни, – дейди Қудай Ийе, – қәҳәрленип, ғәзебим лаўлайды. 19Қызғаншақлығым менен ғәзеп отында жанып, сол күни Израил жеринде уллы жер силкиниў жүз беретуғынын жәриялайман. 20Теңиздеги балықлар, көктеги қуслар, жабайы ҳайўанлар, барлық жер баўырлаўшылар, жер бетиндеги барлық адамлар Мениң алдымда титирейди. Таўлар астан-кестен болады, тик жарлар қулайды ҳәм барлық дийўаллар жер менен жексен болады. 21Пүткил таўларымда Гогқа қарсы қылыш шақыраман, – дейди Қудай Ийе. – Ҳәр бир адамның қылышы өз туўысқанына қарсы болады. 22Гогты иллет ҳәм қан төгиў менен жазалайман. Оның ҳәм ләшкерлериниң үстине, жанындағы көп халықлардың үстине ғарқ етиўши жаўын, таслы буршақ, от ҳәм күкирт жаўдыраман. 23Солай етип, Мен уллылығымды ҳәм мухаддеслигимди көрсетемен ҳәм көп миллетлердиң көз алдында Өзимди аян етемен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
Copyright information for
KaaIBT22C