Ezekiel 39
Гогтың жеңилиске ушыраўы
1– Инсан улы, сен Гогқа қарсы пайғамбаршылық қылып, оған айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй, Мешехтиң ҳәм Тубалдың уллы ҳүкимдары Гог, Мен саған қарсыман! 2Сени басқа тәрепке бурып жиберемен, арқадағы алыс журттан шығарып, Израил таўларына алып келемен. 3Шеп қолыңдағы садағыңды ҳәм оң қолыңдағы оғыңды урып түсиремен. 4Сен пүткил ләшкерлериң ҳәм жаныңдағы халықлар менен бирге Израил таўларында қулайсаң. Сени ҳәр түрли жыртқыш қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға жемтик қыламан. 5Сен ашық майданда өлесең. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе. 6– Мен Магог жерине ҳәм атаўларда қәўипсиз жасап атырғанларға от жиберемен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. 7Мен Өзимниң мухаддес атымды халқым Израилға аян етемен. Буннан былай, мухаддес атыма тил тийгизиўине жол қоймайман. Сонда халықлар Израилдың Мухаддеси, Жаратқан Ийе Мен екенимди билип алады. 8Мине, бул күн келеди ҳәм жүзеге асады, – дейди Қудай Ийе, – яғный сол Мен айтқан күн. 9Израил қалаларының турғынлары сыртқа шығып, қурал-жарақларды, үлкен ҳәм кишкене қалқанларды, оқ жай ҳәм оның оқларын, таяқ ҳәм найзаларды отқа жағады. Олар жети жыл отын болады. 10Даладан отын тасыўға, тоғайдан отын шабыўға ҳәжет қалмай, қурал-жарақларды отын қылады. Израил халқы өзлерин тонағанларды тонайды, өзлеринен тартып алғанлардан тартып алады, – дейди Қудай Ийе. 11– Сол күни Мен Израилдан, теңиздиң шығысындағы Жолаўшылар ойпатлығынан Гогқа қәбирстан ушын орын беремен. Ол өткен-кеткенлердиң жолын тосады. Ол жерге Гог пенен оның пүткил ләшкерлери жерленеди ҳәм ол жер „Гогтың сансыз ләшкерлериниң ойпатлығы“деп аталады. 12Елди тазалаў ушын, Израил халқы оларды жети ай бойы жерлейди. 13Елдеги пүткил халық оларды жерлеўге қатнасады. Мен Өзимди даңққа еристирген күним, Израил халқы абырайға ийе болады, – дейди Қудай Ийе. 14– Усы жети ай өткенде, ҳәр күни елди гезип жүретуғын адамлар белгиленеди. Олар менен бирге елди тазалаў ушын көмиўсиз қалған өлилерди көметуғын адамлар да белгиленеди. 15Елди гезип жүргенлер адам сүйегин көрип қалса, оның қасына белги қойып кетеди. Жерлеўшилер оны алып, Гогтың сансыз ләшкерлериниң ойпатлығына жерлейди. 16Сол жерде Ҳамона деген қала да болады. Олар усылайынша елди тазалайды». 17Инсан улы, сен болсаң, – дейди Қудай Ийе, – ҳәр түрли қусларға ҳәм барлық жабайы ҳайўанларға былай деп айт: «Мениң сизлер ушын соятуғын қурбанлығыма, Израил таўларындағы уллы қурбанлыққа жән-жақтан жыйналып келиңлер. Ол жерде гөш жеп, қан ишесиз. 18Башан үлкесинде семиртилип бағылған қошқарлардың, тоқлылардың, текелердиң, буғалардың гөши ҳәм қаны сыяқлы, күшли адамлардың ҳәм дүнья ҳүкимдарларының гөшин жеп, қанын ишесиз. 19Мениң сизлер ушын соятуғын қурбанлығымнан тойғанша гөштиң майын жеп, мәс болғанша қан ишесиз. 20Мениң дастурханымнан атларға, атлыларға, күшли жаўынгерлерге ҳәм ҳәр қыйлы әскерлерге тоясыз, – дейди Қудай Ийе. 21– Мен миллетлер арасында уллылығымды аян етемен. Барлық халықлар Мениң шығарған ҳүкимимди ҳәм оларды қүдиретли қолым менен жазалағанымды көреди. 22Сол күннен баслап, Израил халқы Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди билип алады. 23Басқа халықлар Израил халқының Маған қыянет қылғаны себепли, өз жазығы ушын сүргин етип алып кетилгенин биледи. Мен олардан жүзимди жасырдым, оларды душпанлардың қолына бердим ҳәм ҳәммеси қылыштан қаза тапты. 24Оларға өз напәклигине ҳәм нызамсызлығына жараса ис туттым ҳәм жүзимди олардан жасырдым. 25Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Енди Мен Яқыпты бурынғы абаданшылығына еристиремен, пүткил Израил халқына реҳим қыламан ҳәм мухаддес атым ҳүрмети қызғанаман. 26Оларға ҳеш ким қәўип туўдырмай, өз еллеринде қорқынышсыз жасап атырғанында, олар Маған қылған қыянетлери ушын уялады. 27Оларды халықлар арасынан қайтарып, душпан жерлеринен жыйнап алғанымда, көп миллетлердиң көзиниң алдында олар арқалы Өз мухаддеслигимди аян етемен. 28Мен оларды халықлар арасына тарқатып жиберген болсам да, кейин ол жерде олардың бирде биреўин қалдырмай өз жерине жыйнағанымда, олар Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди билип алады. 29Мен Израил халқының үстине Руўхымды төгемен, енди ҳеш қашан жүзимди олардан жасырмайман, – дейди Қудай Ийе».
Copyright information for
KaaIBT22C