‏ Ezekiel 4

Ерусалим қамалының көриниси

1– Инсан улы! Енди бир гербиш алып алдыңа қой, оның үстине Ерусалим қаласының сүўретин сал. 2Қаланы қоршаўға алып, оған қарсы қамал минараларын қур, дийўалға топырақ үй, душпан ордасын қур ҳәм қала айланасына дийўал бузатуғын үскенелерди орнат. 3Кейин темир таба алып, оны өзиң менен қаланың ортасына темир дийўал етип орнат. Кейин жүзиңди қалаға қарат. Қала қамал қылынады, сен оны қамал қылған боласаң. Бул Израил халқы ушын ескертиў болады. 4Соңынан шеп қапталың менен жамбаслап жатып, Израил халқының гүнасын үстиңе жүкле. Шеп жағың менен қанша күн жатсаң, сонша күн олардың гүнасын өзиңе жүклейсең. 5Олардың гүна қылған жылларының санына бола, сен ушын сонша күн ажыраттым. Сен үш жүз тоқсан күн даўамында Израил халқының гүнасын өзиңе жүклейсең. 6Белгиленген ўақыт тамам болғаннан кейин, оң жағыңа жамбаслап жат, енди Яҳуда халқының гүнасын өзиңе аласаң. Мен ҳәр жылды бир күн деп есаплап, саған қырық күн белгиледим. 7Ерусалимниң қамал қылынған дийўалларына жүзиңди қарат, билегиңди түрип, оған қарсы пайғамбаршылық қыл. 8Қаланы қамал қылған күнлериң питпегенше, Мен сени бир жағыңнан екинши жағыңа аўнай алмайтуғындай етип, арқан менен байлап таслайман.

9Енди бийдай, арпа, ақ ҳәм қызыл лобия, тары ҳәм жазлық бийдай алып, бир ыдысқа сал ҳәм нан писир. Оны үш жүз тоқсан күн бир жағыңда жатқаныңда жейсең. 10Ҳәр күни жейтуғын наныңның муғдары жигирма шекелдиң
Жигирма шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
аўырлығына тең болады, оны белгиленген ўақытта жейсең.
11Суўды да өлшеп ишесең, оның муғдары ҳинниң алтыдан бир бөлегине
Ҳинниң алтыдан бир бөлеги – бир ҳин шама менен 3,7 л.
тең болады. Оны да белгиленген ўақытта ишесең.
12Наныңды арпа гүлшелериндей етип таярлап же. Оларды адамлардың көз алдында, адамның үлкен дәретине писир.

13Жаратқан Ийе тағы:

– Мен Израил халқын басқа миллетлер арасына сүргин қылғанымда, олар ҳарам нан жейди, – деди.
14Сонда мен:

– Аҳ, Қудай Ийе! Мен ҳеш қашан өзимди ҳарамламағанман. Жаслығымнан усы күнге дейин, ҳеш қашан ҳарам өлген яки жыртқыш талап өлтирген ҳайўанды жемегенмен. Ҳеш қандай ҳарам гөшти аўзыма алған емеспен, – дедим.

15– Яқшы, – деди Ол, – наныңды адам дәретиниң орнына, малдың тезегине писириўиңе рухсат беремен.

16Соңынан Ол маған былай деди:

– Инсан улы! Мен Ерусалимди бир тислем нанға зар қыламан. Олар қорқыў ишинде нанын өлшеп жейди ҳәм ғулғылаға түсип, суўын өлшеп ишеди.
17Суў ҳәм нан жетиспейди. Адамлар қорқыныштан естен айырылады ҳәм гүналарының зардабынан димарлары қурыйды.
Copyright information for KaaIBT22C