‏ Ezekiel 40

Таза Ибадатхана туўралы аян

1Сүргинде болған ўақтымыздың жигирма бесинши жылының биринши айының оныншы күни Ерусалимниң басып алынғанына он төрт жыл болған еди. Сол күни Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болып, Жаратқан Ийе мени сол жерге алып барды. 2Аянда Қудай мени Израил елине алып барып, бәлент бир таўдың үстине турғызып қойды. Ол жердиң қубла тәрепинде имаратлар болып, қалаға уқсап турған еди. 3Мени сол жерге алып барды. Қарасам, дәрўаза алдында бир адам тур. Оның көриниси жылтыраған қоладай болып, қолында зығыр жип ҳәм өлшейтуғын таяқ бар еди. 4Сол адам маған былай деди:

– Инсан улы, көзлериң менен көр, қулақларың менен есит. Көрсеткен нәрселеримниң ҳәммесине дыққат қой. Мениң саған көрсетиўим ушын, сен бул жерге алып келиндиң. Көргенлериңниң ҳәммесин Израил халқына жеткер.

Шығыс дәрўаза имараты

5Қарасам, Ибадатхананың сырты айлана дийўал менен қоршалған екен. Сол адамның қолындағы өлшейтуғын таяқтың узынлығы алты шығанақ болып, ҳәр бир шығанақтың узынлығы әдеттеги өлшемнен төрт елиге артық еди. Ол дийўалды өлшеди, дийўалдың қалыңлығы да, бийиклиги де бир өлшеў таяғына тең болды. 6Кейин ол шығысқа қарап турған дәрўазаға барып, текшелерден көтерилип, дәрўаза босағасын өлшеди. Босаға табалдырығының ени бир таяққа тең болып, бул биринши босаға еди. 7Дәрўаза имаратының ишинде сақшылардың бөлмелери бар еди. Олардың узынлығы да, ени де бир таяққа тең болып, усы бөлмелерди ажыратып турған дийўаллардың қалыңлығы бес шығанақ еди. Дәлиз жолының ақырында Ибадатхана ҳәўлисине қараған айўан болып, усы айўанға шығатуғын табалдырықтың ени бир таяққа тең болды. 8Соң ол айўанды иштен өлшеди, оның дәлизден тысқары узынлығы бир таяқ шықты. 9Кейин ол айўанды сырттан өлшеди, оның узынлығы сегиз таяқ шықты. Айўан есигиниң еки қапталындағы сүтинге уқсаған шығыңқы дийўаллардың ҳәр қайсысының қалыңлығы еки шығанақтан еди. Бул айўан дәрўаза имаратының ишинде болып, Ибадатханаға қарап турған еди. 10Шығыс дәрўаза имаратының ишиниң еки қапталында да үш-үштен бөлмелер болып, олардың ҳәммесиниң өлшеми де, олардың арасындағы дийўаллар да бирдей қалыңлықта еди. 11Ол дәрўазаның кирер аўзын өлшеди, ол он шығанақ, ал дәлиздиң ени он үш шығанақ шықты. 12Сақшылардың бөлмелериниң ҳәр қайсысының алдында ени бир шығанақтан болған пәскелтек пақса бар еди. Сақшылардың бөлмелериниң ени де, узынлығы да алты шығанақ еди. 13Кейин дәрўаза имаратының төбесиниң енин, бир бөлмениң шетки дийўалынан қарама-қарсы турған бөлмениң шетки дийўалына шекемги аралықты өлшеди. Төбениң ени жигирма бес шығанақ шықты. 14Кейин ол дәрўаза имаратының ҳәўли тәрепиндеги шығыңқы дийўалларын өлшеди. Олардың бийиклиги алпыс шығанақ шықты. 15Дәрўаза имаратының кирер аўыздан шығар аўызға шекемги узынлығы елиў шығанақ еди. 16Дәрўаза имаратының ишиниң еки тәрепинде жайласқан сақшылардың бөлмелери менен олардың арасындағы дийўалларда, сондай-ақ айўанның ишиниң ҳәр бир тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Айўанның ҳәўли тәрепиндеги шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди.

Сыртқы ҳәўли

17Кейин ол мени сыртқы ҳәўлиге алып кирди. Ҳәўли әтирапында отыз бөлме ҳәм тас төселген жол бар еди. 18Дәрўазалардың еки тәрепиндеги тас жолдың ени дәрўазалардың узынлығына тең еди. Бул тас жол ҳәўлидеги тас жолдан пәсирек еди. 19Ол ҳәўлиниң енин, шығыстағы дәрўаза имаратының шығар аўзынан ишки ҳәўлиниң кирер аўзына шекемги аралықты өлшеди, ол жүз шығанақ шықты.

Арқа дәрўаза

20Ол сыртқы ҳәўлиниң арқаға қараған дәрўазасының узынлығы менен енин өлшеди. 21Имараттың еки тәрепиндеги үш-үштен қурылған сақшылардың бөлмелери, олардың арасындағы дийўаллардың ҳәм айўанның өлшеми биринши дәрўаза имаратының өлшемлери менен бирдей еди. Имараттың узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди. 22Дийўаллардағы айна тәризли ойықлардың, айўанның ҳәм пальма ағашының сүўретлериниң өлшемлери шығыс дәрўазасындағы менен бирдей еди. Дәрўазаға жети басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди. Ал айўан имараттың ишки тәрепинде еди. 23Арқа дәрўазасының алдында да шығыс дәрўазасының алдындағыдай қарама-қарсы турған ишки ҳәўлиниң дәрўаза имараты бар еди. Бул адам ишки дәрўаза имаратынан сыртқы дәрўаза имаратына шекемги аралықты өлшеди. Аралық жүз шығанақ шықты.

Қубла дәрўаза

24Ол мени қубла тәрепке алып барды. Ол жерде қублаға қараған дәрўаза имараты бар еди. Ол имараттың дийўалларын ҳәм айўанын өлшеди. Олардың өлшемлери басқалардики менен бирдей шықты. 25Басқа дәрўаза имаратларында болғанындай, бул дәрўаза имаратының да, оның айўанының да ҳәмме тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Имараттың узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ болып шықты. 26Оған жети басқалдақлы текше арқалы көтерилип, айўанға киретуғын еди. Имараттың ишки дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. 27Ишки ҳәўлиниң де қублаға қараған дәрўазасы бар еди. Ол қубладағы сыртқы дәрўазадан усы дәрўазаға шекемги аралықты өлшеди. Аралық жүз шығанақ шықты.

Ишки ҳәўлиге киретуғын дәрўазалар

28Ол мени қубла дәрўаза арқалы Ибадатхананың ишки ҳәўлисине алып кирди де, қубладағы дәрўазаны өлшеди. Оның да өлшемлери басқалардики менен бирдей еди. 29Сақшылардың бөлмелериниң, олар арасындағы дийўаллардың ҳәм айўанның өлшеми де басқа имаратлардағылар менен бирдей болып шықты. Дәрўаза имаратының ҳәм оның айўанының ҳәмме тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Дәрўаза имаратының узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди. 30Ишки ҳәўлидеги дәрўаза имаратларының ҳәр бириниң айўанының узынлығы жигирма бес шығанақ, ени бес шығанақ еди. 31Айўан сыртқы ҳәўлиге қарап турған болып, оның кирер аўзының еки қапталындағы шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. Дәрўазаға сегиз басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди.

32Ол шығыс дәрўазасының имараты арқалы мени ишки ҳәўлиге алып кирди ҳәм оны өлшеди. Ол да басқалардай болып шықты. 33Сақшылар бөлмелери, олар арасындағы дийўаллары ҳәм айўанның өлшемлери басқалары менен бирдей еди. Имараттың да, оның айўанының да ҳәмме тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Дәрўаза имаратының узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди. 34Айўан сыртқы ҳәўлиге қарап турған болып, оның шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. Дәрўазаға сегиз басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди.

35Кейин ол мени арқа дәрўазаға алып келип, дәрўаза имаратын өлшеди. Оның өлшемлери басқа имаратлардың өлшемлери менен бирдей еди. 36Сақшылар бөлмелери, олардың арасындағы дийўаллары ҳәм айўанның өлшеми басқалардики менен бирдей еди. Имараттың ишиниң ҳәмме тәрепинде айнала айна тәризли ойықлар бар еди. Имараттың узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди. 37Айўан сыртқы ҳәўлиге қарап турған болып, оның шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. Дәрўазаға сегиз басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди.

Қурбанлықты таярлайтуғын орынлар

38Ишки дәрўазаның айўанының қапталында, бөлек бир бөлмели жай бар еди. Жандырылатуғын қурбанлықлар усы жерде жуўылатуғын еди. 39Жандырылатуғын қурбанлықты, гүна ҳәм айып қурбанлығын сойыў ушын дәрўаза айўанының ишинде, еки қапталда екеў-екеўден төрт стол турды. 40Айўанның сыртында болса, еки тәрепте еки столдан төрт стол болып, олар арқа дәрўазаға киретуғын текшеден көринип турды. 41Солай етип, дәрўазаның ишки ҳәм сыртқы тәреплеринде қурбанлықларды сойыўға арналған сегиз стол бар еди. 42Жандырылатуғын қурбанлықлар ушын жонылған тастан қурылған және төрт стол бар еди. Ҳәр бир столдың узынлығы ҳәм ени бир ярым шығанақ, бийиклиги бир шығанақ еди. Жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм басқа қурбанлықларды сойыў ушын арналған қурал-жарақлар оның үстинде турды. 43Айўанның дийўалларына ҳәр бири төрт ели болған илмеклер қағылған еди. Қурбанлық гөши болса столлар үстине қойылатуғын еди.

Руўханийлердиң бөлмелери

44Ишки дәрўазаның сыртында, ишки ҳәўлиде еки бөлме бар еди. Булардың биреўи арқадағы дәрўазаның жанында болып, қублаға қараған, екиншиси шығыс дәрўазаның жанында болып, арқаға қараған еди. 45Адам маған былай деди:

– Қублаға қарап турған бөлме Ибадатханада хызмет етип атырған руўханийлерге арналған.
46Ал арқаға қарап турған бөлме қурбанлық орында хызмет етип атырған руўханийлерге арналған. Булар Садоқтың урпақлары болып, оларға Лебий урыўы арасынан Жаратқан Ийеге хызмет етиў ушын, Оған жақынласыўға рухсат етилген еди.

47Кейин ол ишки ҳәўлини өлшеди. Ол төрт мүйешли болып, узынлығы да, ени де жүз шығанақ шықты. Қурбанлық орын Ибадатхананың алдында еди.

Ибадатхана

48Ол мени Ибадатхананың айўанына алып келип, оның босағасының еки тәрепиндеги сүтинге уқсаған шығыңқы дийўалларын өлшеди. Дийўаллардың қалыңлығы бес шығанақ, ени үш шығанақ шықты. 49Айўанның өзиниң узынлығы жигирма шығанақ, ени он еки шығанақ еди. Айўанға он басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди. Айўанның кирер аўзының еки тәрепинде еки сүтин бар еди.
Copyright information for KaaIBT22C