‏ Ezekiel 41

1Кейин ол мени Мухаддес бөлмениң қапысына алып барып, қапының еки тәрепиндеги дийўалларды өлшеди. Еки тәрептеги дийўалдың да қалыңлығы алты шығанақ еди. 2Босағаның өзи он шығанақ, еки тәрепиндеги дийўаллар бес шығанақтан еди. Ол Мухаддес бөлмени де өлшеди. Оның узынлығы қырық шығанақ, ени жигирма шығанақ шықты. 3Кейин ол ишки бөлмеге кирип, оның босағасының жақлаў дийўалларын өлшеди. Дийўаллардың қалыңлығы еки шығанақтан, босағаның өзи алты шығанақ, ал еки тәрептен босағаға қосылған дийўаллардың узынлығы жети шығанақтан еди. 4Ол ишки бөлмени де өлшеди. Оның узынлығы да, ени де жигирма шығанақ еди. Ол маған:

– Бул Ең мухаддес бөлме, – деди.

Ибадатхананың дийўалына қосып салынған бөлмелер

5Ол Ибадатхана дийўалын өлшеди. Дийўалдың қалыңлығы алты шығанақ шықты. Ибадатхананың сыртқы дийўалына тақап, айландырып салынған бөлмелердиң ени төрт шығанақ еди. 6Бул бөлмелер бириниң үстине бири үш қабат етип салынып, ҳәр қабатта отыз бөлмеден бар еди. Ибадатхана дийўаллары шығарылыңқырап текшедей етип өрилип, сол шығыңқыраған жери пәрдийўал хызметин атқарды. Солай етип, бөлмелерди бастырған ағашлар Ибадатхана дийўалына кирмей турды. 7Ибадатхана дийўалының төменги бөлеги жоқарыдағы бөлегине қарағанда қалыңырақ болғаны ушын жоқарыдағы бөлмелер кеңирек еди. Төменги қабаттан екинши қабатқа, оннан үшинши қабатқа көтерилетуғын еди.

8Мен Ибадатхана әтирапына салынған усы бөлмелердиң тырнағын көрдим. Оның бийиклиги бир таяқ, яғный алты шығанақ еди. 9Бөлмелердиң сыртқы дийўалының қалыңлығы бес шығанақ еди. Ибадатхана айланасында айланып турған бөлмелер менен 10руўханийлердиң бөлмелериниң арасындағы аралықтың ени жигирма шығанақ еди. 11Бөлмелердиң қубла ҳәм арқа тәрепинде ашық майданға қараған есиклери бар еди. Бөлмелер әтирапындағы сыртқа шығыңқырап турған тырнақтың ени бес шығанақ еди.

Ибадатхананың батысындағы имарат

12Ибадатхананың артындағы, яғный батыс тәрепиндеги ашық майданда ени жетпис шығанақ, узынлығы тоқсан шығанақ, дийўалының қалыңлығы бес шығанақ болған үлкен бир имарат бар еди.

Ибадатханаға тийисли улыўма өлшемлер

13Кейин ол Ибадатхананы өлшеди. Ибадатхананың узынлығы жүз шығанақ шықты. Ибадатхананың артындағы ашық майдан, арт беттеги имарат ҳәм оның дийўалы жүз шығанақ шықты. 14Ибадатхананың алдынғы тәрепиндеги, яғный шығыс тәрепиндеги ашық майданның ени жүз шығанақ шықты. 15Ол Ибадатхананың артындағы ашық майданға қарап турған имараттың узынлығын өлшеди. Имарат пенен оның еки қапталындағы дәлизлердиң узынлығы жүз шығанақ шықты.

Ибадатхананың ишки қурылысы

Ибадатхананың иши ҳәм оның айўаны,
16босағалар, айна тәризли ойықлар ҳәм қосымша исленген ернеклер табалдырықтың алдынан ҳәм еденнен айна тәризли ойықларға шекем ағаш пенен қапланған еди. Айна тәризли ойықларға да ағаштан ислеў берип қапланған еди. 17Ибадатхана ҳәм айўанның ишиндеги ҳәмме дийўаллары, қапылардың жоқарысы, 18керублардың ҳәм пальма ағашының сүўретлери салынған тахталар менен қапланған еди. Ҳәр еки керубтың ортасында бир пальма ағашының сүўрети салынған болып, ҳәр бир керубтың еки бет-әлпети бар еди. 19Пальма ағашына бир тәрептен керубтың адамның бет-әлпетине уқсаған жүзи, екинши тәрептен арысланға уқсаған жүзи қарап турған еди. Бундай сүўретлер Ибадатхананың ишки дийўалларын айландырып, 20еденнен қапылардың үстилерине шекем исленген еди. 21Мухаддес бөлмениң қапысының жақлаўлары төрт мүйешли еди. Ең мухаддес бөлмениң қапысының жақлаўлары да сондай еди. 22Узынлығы ҳәм ени еки шығанақ, бийиклиги үш шығанақ болған ағаштан исленген бир қурбанлық орын бар еди. Оның мүйешлери, тийкары ҳәм қапталлары ағаштан исленген еди. Сол адам маған:

– Бул Жаратқан Ийениң алдындағы стол, – деди.

23Мухаддес бөлмениң де, Ең мухаддес бөлмениң де жарма қапысы бар еди. 24Олардың ҳәр бир тәрепи еки тахтадан ибарат болып, жыйналмалы етип исленген еди. 25Мухаддес бөлмениң қапыларына дийўаллардағыдай керублар менен пальма ағашының сүўретлери салынған еди. Айўанның алдына ағаш шертек қурылған еди. 26Айўанның еки тәрепиндеги дийўалларда айна тәризли ойықлар ҳәм пальма ағашының сүўретлери бар еди. Ибадатхананың қосымша бөлмелеринде де шертеклер бар еди.
Copyright information for KaaIBT22C