Ezekiel 42
Руўханийлердиң бөлмелери
1Адам мени арқадағы жол арқалы сыртқы ҳәўлиге алып шығып, руўханийлердиң бөлмелерине алып барды. Бул бөлмелер ашық майданның ҳәм Ибадатхананың артындағы жайдың арқа тәрепинде жайласқан еди. 2Бөлмелердиң есиги арқаға қарап турған болып, имараттың узынлығы жүз шығанақ, ени елиў шығанақ еди. 3Имараттың бир тәрепи ишки ҳәўлиниң ени жигирма шығанақ болған ашық жерине, екинши тәрепи сыртқы ҳәўлидеги тас төселген жолға қарап турған еди. Имарат үш қабат қылып қурылған болып, оның қаптал дәлизлери бар еди. 4Имараттың алдында ени он шығанақ, узынлығы жүз шығанақ ▼▼ жүз шығанақ – Әййемги грек ҳәм сурия тилиндеги аўдармалардан. Еврейше қолжазбаларда «бир шығанақ».
болған аяқ жол болып, сол жол арқалы имаратқа кириўге болатуғын еди. Бөлмелердиң қапылары арқаға қарай ашылатуғын еди. 5Үшинши қабаттағы бөлмелер екинши қабаттағыға, екинши қабаттағы бөлмелер биринши қабаттағыға қарағанда тарлаў еди. Себеби үстинги қабаттағы бөлмелердиң дәлизлери көбирек орын алып турған еди. 6Усы үш қабатлы имаратта ҳәўлилердегидей сүтинлер болмады. Сонлықтан жоқарғы қабаттағы бөлмелер төменги қабаттағы бөлмелерден тар еди. 7Бөлмелер сыртқы ҳәўлиден дийўал арқалы ажыратылып турды. Дийўал бөлмелердиң алдында елиў шығанаққа созылып жатты. 8Сыртқы ҳәўлидеги бөлмелердиң узынлығы елиў шығанақ, ал Ибадатхана тәрептеги бөлмелердиң узынлығы жүз шығанақ еди. 9Сыртқы ҳәўлиден төменги бөлмелерге киретуғын аўыз шығыс тәрепте жайласқан еди. 10Бул аўыз ҳәўлиниң дийўалы басланған жерде еди. Ибадатхананың қубла ▼▼ қубла – Әййемги грекше аўдармадан. Еврейше қолжазбаларда «шығыс».
тәрепинде де руўханийлердиң бөлмелери бар еди. Олар ашық майданның ҳәм Ибадатхананың артындағы имараттың қубла тәрепинде жайласқан еди. 11Бөлмелердиң алдында аяқ жол бар еди. Бул бөлмелердиң узынлығы да, ени де, барлық есиклери де, жайласыўы да арқа тәрептеги бөлмелер менен бирдей көринисте еди. 12Қубладағы бөлмелерге шығыстан, дийўалды бойлап турған жолдың басланған жеринен киретуғын еди. 13Адам маған былай деди: – Ашық майданның арқасындағы ҳәм қубласындағы бөлмелер – мухаддес бөлмелер. Жаратқан Ийеге жақынласатуғын руўханийлер ең мухаддес затларды сол жерде жейди. Ең мухаддес қурбанлықларды – ғәлле садақаларын, гүна ҳәм айып қурбанлықларын сол жерге қояды. Себеби ол жер мухаддес. 14Руўханийлер мухаддес орыннан сыртқы ҳәўлиге туўры шығып кетпеўи тийис. Олар хызмет ўақтында кийген кийимлерин усы жерге шешип қойыўы керек. Себеби бул кийимлер мухаддес. Халықтың алдына шықпасынан алдын, руўханийлер кийимлерин өзгертиўи керек. Ибадатхана аймағы
15Ол Ибадатхананың ишки жағындағы өлшемлерди алып болғаннан соң, мени шығыстағы дәрўаза арқалы алып шығып, Ибадатхана дөгерегиндеги сыртқы аймақты өлшей баслады. 16Ол өлшейтуғын таяқ пенен шығыс тәрепти өлшеди. Ол бес жүз шығанақ шықты. 17Арқа тәрепти өлшеди, ол бес жүз шығанақ шықты. 18Қубла тәрепти өлшеди, ол да бес жүз шығанақ шықты. 19Кейин батысқа айланып, оны өлшеди, ол да бес жүз шығанақ шықты. 20Усылайынша, ол Ибадатхана аймағының төрт тәрепин өлшеп шықты. Мухаддес орынды мухаддес емес орыннан ажыратып туратуғын дийўал бар еди. Оның узынлығы да, ени де бес жүз шығанаққа тең еди.
Copyright information for
KaaIBT22C