‏ Ezekiel 43

Жаратқан Ийениң салтанатының Ибадатхананы толтырыўы

1Кейин адам мени шығысқа қарап турған дәрўазаға алып келди. 2Мине, Израилдың Қудайының салтанаты шығыс тәрептен кирип келди. Даўысы күшли аққан суўлардың гүмбирлиси яңлы еди. Салтанатынан жер жүзи нурға толып турды. 3Бул аян Қудай Ерусалимди набыт қылыўға келгенинде ҳәм Кебар каналы бойында болғанымда көрген аянларыма уқсар еди. Мен жерге ет бетимнен жығылдым. 4Жаратқан Ийениң салтанаты шығысқа қараған дәрўазадан Ибадатханаға кирди. 5Руўх мени көтерип, ишки ҳәўлиге алып келди. Мен Ибадатхананың Жаратқан Ийениң салтанатына толып турғанын көрдим.

6Адам қасымда турғанында, Ибадатханадан маған сөйлеген даўысты еситтим. 7Ол былай деди:

– Инсан улы, бул орын Мениң тахтым туратуғын ҳәм табан тирейтуғын жерим. Усы жерде, Израил халқының арасында мәңгиге боламан. Буннан былай, Израил халқы да, патшалары да, өзлериниң опасызлығы менен ҳәм марҳум патшаларына сыйыныўы менен мухаддес атымды ҳарамламайтуғын болады.
8Олар босағасын босағамның қасына, қапыларының жақлаўларын Мениң қапы жақлаўларымның қасына қурды. Мениң менен олардың арасында тек ғана бир дийўал бар еди. Олар ислеген жеркенишли ислери арқалы Мениң мухаддес атымды ҳарамлады. Сонлықтан ғәзеп пенен оларды жоқ қылдым. 9Енди Израил халқы опасызлықларын ҳәм марҳум патшаларына сыйыныўды Меннен аўлақ қылсын. Сонда Мен олардың арасында мәңгиге мәкан басаман.

10Инсан улы, усы Ибадатхана туўралы Израил халқын хабардар қыл. Олар ислеген гүналарынан уялсын, мына Ибадатхананың жобасы менен танысып шықсын. 11Егер олар ислеген барлық ислеринен уялып, пушайман болса, онда оларға Ибадатхананың көринисин, жайласыў тәртибин, киретуғын ҳәм шығатуғын жерлерин, оның қурылысы менен дүзилисин ҳәм тәртип-қағыйдаларын көрсет. Оның қурылысы менен қағыйдаларын сақлаўы ҳәм оларға әмел қылыўы ушын, булардың ҳәммесин олардың көз алдына жазып қой. 12Ибадатхана нызамы мынадай: таўдың төбеси ҳәм оның әтирапындағы аймақ – жүдә мухаддес! Ибадатхана нызамы мине усындай!

Қурбанлық орын

13Ибадатханадағы қурбанлық орынның өлшемлери бир шығанақ ҳәм қосымша төрт ели туратуғын узынырақ шығанақ пенен өлшенеди. Қурбанлық орынның айналасында тереңлиги бир шығанақ, ени бир шығанақ, ернегиниң ени бир қарыс болған салмаша болады. Қурбанлық орынның бийиклиги мынадай: 14Қурбанлық орынның төменги бөлегиниң бийиклиги салмашаның түбинен өлшегенде еки шығанақ, үстинги тәрепиниң екинши бөлектиң түбине дейинги аралығы бир шығанақ. Ортадағы бөлектиң бийиклиги төрт шығанақ, үстинги тәрепиниң үшинши бөлектиң түбине дейинги аралығы бир шығанақ. 15Ең үстинги үшинши бөлектиң, яғный қурбанлық жағылатуғын орынның бийиклиги төрт шығанақ болып, оннан төрт шақ шығып турады. 16Қурбанлық орынның ошағының узынлығы да, ени де он еки шығанақ болып, төрт мүйешлик көринисинде болады. 17Ортадағы бөлегиниң төрт тәрепи де он төрт шығанақтан еди. Қурбанлық орынның түбиндеги салмашаның ернегиниң бийиклиги ярым шығанақ болады. Дөгерегине айландырып исленген салмашаның тереңлиги бир шығанақ еди. Қурбанлық орынның текшеси шығыс тәрепте болады.

18Адам маған былай деди:

– Инсан улы! Қудай Ийе былай дейди: «Қурбанлық орынды қурғаннан кейин, оның үстинде жандырылатуғын қурбанлықты усыныў ҳәм қан серпиў қағыйдалары мынадай:
19Маған хызмет етиў ушын жаныма жақынласа алатуғын Садоқ нәсилинен болған лебийли руўханийлерге гүна қурбанлығы ретинде бир буға бер, – дейди Қудай Ийе. 20– Буғаның қанын алып, қурбанлық орынның төрт шақына сүртип, жоқарғы бөлектиң төрт мүйешине ҳәм ернеклерине айландырып серпип шықсын. Усылайынша қурбанлық орын тазаланып, пәкленеди. 21Кейин гүна қурбанлығы ушын шалынған буғаны Мухаддесхананың сыртындағы арнаўлы орынға алып барып, өртеп жиберсин.

22Екинши күни гүна қурбанлығы ушын минсиз теке усынылсын. Буғаның қаны менен тазаланғаны сыяқлы, текениң қаны менен де қурбанлық орын тазалансын. 23Қурбанлық орынды пәклегеннен соң, минсиз буға менен қошқарды 24Жаратқан Ийениң, Мениң алдыма алып кел. Руўханийлер оларға дуз сеўип, оларды жандырылатуғын қурбанлық қылып Маған усынсын.

25Жети күн даўамында, ҳәр күни минсиз бир текени гүна қурбанлығы қылып усынсын. Және де, минсиз бир буға менен минсиз бир қошқарды да қурбанлыққа усынсын. 26Усы жети күн даўамында руўханийлер қурбанлық орынды пәклеп тазаласын. Кейин оны пайдаланыўға болады. 27Жети күн тамам болғаннан кейин, сегизинши күннен баслап руўханийлер жандырылатуғын қурбанлықларыңызды ҳәм татыўлық қурбанлықларыңызды қурбанлық орында усынады. Сонда Мениң сизлерге кеўлим толады, – дейди Қудай Ийе».
Copyright information for KaaIBT22C