‏ Ezekiel 44

Шығыс дәрўазаның ўазыйпасы

1Сол адам мени қайтадан Мухаддесхананың шығысындағы сыртқы дәрўаза жанына алып барды. Дәрўаза жабық еди. 2Жаратқан Ийе маған былай деди:

– Бул дәрўаза бәрқулла жабық турсын, ашылмасын, буннан ҳеш ким кирмесин. Себеби Мен, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе буннан кирдим, сонлықтан ол жабық ҳалында қалады.
3Тек ҳүкимдар ғана Мениң алдымда қурбанлық асынан жеў ушын бул имаратқа киреди. Ол айўан арқалы кирип, сол жол менен шығып кетеди.

Ибадатханадағы хызмет туўралы

4Кейин ол адам мени арқадағы дәрўаза арқалы Ибадатханаға алып келди. Мен Ибадатхананың Жаратқан Ийениң салтанатына толып турғанын көрдим ҳәм ет бетимнен жерге жығылдым. 5Жаратқан Ийе маған былай деди:

– Инсан улы, көрген ҳәм еситкенлериңе дыққатлы бол. Мен саған Жаратқан Ийениң Үйиниң қағыйдалары ҳәм нызамлары туўралы айтаман. Ибадатханаға кимлердиң кирип-шығыўына болатуғынына дыққатлы бол.
6Қозғалаңшы Израил халқына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Израил халқы, жетер енди, жеркенишли ислериңизди тоқтатың! 7Қурбанлықтың қаны менен майын аўқат сыпатында Маған усынғаныңызда, жүреги ҳәм денеси сүннет етилмеген жат жерлилерди Мухаддесханама алып кирип, оны ҳарамладыңыз. Жеркенишли ислериңиз бенен келисимимди буздыңыз. 8Мухаддес затларымды қорғаўға байланыслы талапларымды орынламадыңыз. Бул затларға қараў ушын өзлериңиздиң орныңызға жат жерлилерди хызметке қойдыңыз. 9Қудай Ийе былай дейди: Жүреги ҳәм ети сүннет етилмеген бирде бир жат жерли, ҳәтте, ол израиллылар арасында жасаса да Мухаддес мәканыма кирмеўи керек.

10Израил жолдан азып, бутларға табынып кеткенде, оларға қосылып Меннен жүз бурған лебийлилер өз гүнасының жазасын тартады. 11Олар Мухаддес мәканымда хызмет ете береди: дәрўазада қараўыл болады, Ибадатханаға байланыслы хызметлерди атқарады. Жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм басқа қурбанлықларды сояды, халыққа хызмет етеди. 12Бирақ бутларға табынып жүрген Израил халқына хызмет етип, оларды гүнаға баслағаны ушын ант ишемен, – дейди Қудай Ийе, – олар өз айыбының жазасын тартады. 13Олар руўханий болып Маған жақынласпайды, мухаддес затларыма ҳәм ең мухаддес затларыма қол тийгизбейди. Ислеген жеркенишли ислери ушын уятқа қалады. 14Деген менен, Ибадатхана менен байланыслы хызметти ҳәм ол жерде исленетуғын барлық әпиўайы ислерди оларға жүклеймен.

15Израил халқы Меннен жүз бурып кеткенде, Мухаддесхананың хызметин садықлық пенен атқарған Садоқ нәсилинен болған лебийли руўханийлер хызмет етиў ушын Маған жақынласады. Қурбанлықтың майын ҳәм қанын усыныў ушын Мениң алдымда турады, – дейди Қудай Ийе. 16– Тек олар ғана Мухаддесханама кирип, Маған хызмет етиў ҳәм талапларымды орынлаў ушын дастурханыма жақынласады.

17Руўханийлер ишки ҳәўлиниң дәрўазасынан кирерде, зығырдан тигилген кийим кийип алсын. Ишки ҳәўлиде ямаса Ибадатхана ишинде хызмет қылғанында үстине жүнли кийим киймесин. 18Басларына зығыр сәлле орасын ҳәм зығыр диз кийим кийип алсын. Терлететуғын кийим киймесин. 19Сыртқы ҳәўлиге, халықтың алдына шықпастан алдын хызмет ўақтында кийген кийимлерин шешип, мухаддес бөлмелерде қалдырып, басқа кийим кийсин. Халық олардың мухаддес кийимлерине тийип кетпесин.

20Руўханийлер шашларын пәки менен алдырмаўы ҳәм узын етип өсирмеўи керек. Ал шашларын бәрқулла келтертип турсын. 21Ишки ҳәўлиге киргенде бирде бир руўханий шарап ишпеўи керек. 22Олар жесирге де, ажырасқан ҳаялға да үйленбеўи керек. Тек ғана Израил нәсилинен болған қызларға ҳәм руўханийден қалған жесирге үйлениўи мүмкин.

23Руўханийлер халқыма мухаддес нәрсе менен мухаддес емес нәрсениң, ҳарам менен ҳадалдың айырмашылығын үйретсин. 24Даўлы мәселелерде қазылық етип, Мениң нызамларыма сай қарар шығарсын. Мен белгилеген байрамларға байланыслы көрсетпелеримди ҳәм қағыйдаларымды қадағаласын. Шаббатымды мухаддес сақласын. 25Олардан ҳеш бири өли денеге жақынлап, өзин ҳарамламасын. Тек ата-анасы, ул-қызы, аға-иниси ямаса турмысқа шықпаған әжапа ҳәм қарындасы өлсе ғана, руўханий өлиге жақынлап, өзин ҳарамлаўы мүмкин. 26Руўханий тазаланыў рәсиминен өткеннен кейин, және жети күн күтиўи керек. 27Ол Мухаддес орында хызмет етиў ушын ишки ҳәўлиге кирген күни, өзи ушын гүна қурбанлығын бериўи керек, – дейди Қудай Ийе.

28– Руўханийлерге Израил жеринен үлес берилмесин. Олардың мийрасы да, үлеси де Мен боламан. 29Олар ғәлле садақаларынан, гүна ҳәм айып қурбанлықларынан жейди. Израилда толығы менен Маған бағышланған ҳәр бир нәрсе оларға тийисли болады. 30Қамырдың биринши зуўаласынан жабылған нанлар ҳәм барлық сыйларыңыз руўханийлердики болады. Үйиңизде берекет болыўы ушын, бийдайдың дәслепки тартылған унын руўханийлерге бериң. 31Ҳарам өлген яки жыртқыш ҳайўан талаған қустың ҳәм ҳайўанның гөшин жеў руўханийлерге қадаған етиледи».
Copyright information for KaaIBT22C