Ezekiel 45
Жаратқан Ийениң үлеси
1«Израил жерин урыўларға бөлгениңизде, узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ ▼ болған бир бөлек жерди мухаддес аймақ сыпатында Жаратқан Ийе ушын ажыратың. Бул жер толығы менен мухаддес саналсын. 2Сол жердиң бес жүз шығанаққа бес жүз шығанақ болған төрт мүйешли жери Мухаддесхана ушын ажыратылсын. Оның әтирапын айланған елиў шығанақлық ашық майдан болсын. 3Мухаддес аймақтан узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени он мың шығанақ болған бир бөлек өлше. Мухаддесхана жайласқан бул жер жүдә мухаддес жер болады. 4Жердиң бул мухаддес бөлеги Жаратқан Ийеге жақынласатуғын руўханийлерге, яғный Мухаддесханада хызмет ететуғын руўханийлерге тийисли болады. Бул бөлекте Мухаддесхана ушын мухаддес орын ҳәм руўханийлердиң үйлери болады. 5Узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени он мың шығанақ болған мухаддес аймақтың екинши ярымы Ибадатхана хызметиндеги лебийлилерге жасайтуғын қалаларын қурыў ушын мүлик етип бериледи. 6Мухаддес аймақтың қапталынан ени бес мың шығанақ, узынлығы жигирма бес мың шығанақ болған жерди қала ушын ажыратың. Бул жер пүткил Израил халқына тийисли болады».Ҳүкимдар ушын жер
7«Мухаддес аймақ пенен қала аймағының еки қапталындағы жерлер ҳүкимдарға берилсин. Ол батыс тәрептен батысқа, шығыс тәрептен шығысқа қарай созылып, оның узынлығы батыстан шығысқа шекем созылған Израил урыўларына ажыратылған жердиң узынлығына тең болады. 8Бул Израилда ҳүкимдардың үлеси болады. Буннан былай, ҳүкимдарларым халқыма зулымлық қылмайды. Израил урыўлары өз жерлерине өзлери ийелик қылады».Өлшем бирликлери
9«Қудай Ийе былай дейди: Жетер енди, Израил ҳүкимдарлары! Зорлық-зомбылықты ҳәм езиўшиликти тоқтатың. Әдалат ҳәм туўрылықты жүзеге асырың. Халқымды өз ийелигинен қуўып шығарыўды тоқтатың, – дейди Қудай Ийе. 10– Тәрезиңиз туўры болсын, сыйымлылықты өлшейтуғын эфа ▼▼ Эфа – бир эфа шама менен 22 л.
ҳәм суйықлықты өлшейтуғын бат ▼▼ Бат – бир бат шама менен 22 л.
ыдысларыңыз дурыс өлшемде болсын. 11Эфа менен баттың сыйымлылық көлеми бирдей болсын. Эфа да, бат та хомердиң оннан бир бөлегине ▼▼ Хомер – бир хомер шама менен 220 л.
тең болсын. Эфа ушын да, бат ушын да хомер үлги болып белгиленсин. 12Бир шекел жигирма гераға ▼▼ Гера – бир гера шама менен 0,5 гр.
тең болсын, жигирма шекел, жигирма бес шекел ҳәм он бес шекел қосылып бир минаны ▼▼ Мина – бир мина шама менен 550 гр.
қурасын». Салықлар
13«Беретуғын салығыңыз мынадан ибарат: бийдайдың алпыстан бир бөлеги, арпаның алпыстан бир бөлеги, 14зәйтүн майының жүзден бир бөлеги. Майды өлшегенде баттан пайдаланың, он бат бир хомерге, яғный бир корға ▼▼ Кор – бир кор шама менен 220 л.
туўры келеди. 15Сондай-ақ Израил жайлаўындағы еки жүз қойдан биреўи ҳүкимдарға берилсин. Булар ғәлле садақасы, жандырылатуғын қурбанлық ҳәм татыўлық қурбанлығы болып, гүнадан пәклениў ушын бериледи, – дейди Қудай Ийе. 16– Елдеги пүткил халық бул салықларды Израил ҳүкимдарына бериўи керек. 17Ҳүкимдар Израилда барлық байрамларда – үлкен байрамларда, және де Жаңа ай байрамында ҳәм Шаббат күнлеринде жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм ишимлик садақаларын тәмийинлеўи шәрт. Ол Израил халқын пәклеў ушын берилетуғын гүна қурбанлығын, ғәлле садақасын, жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм татыўлық қурбанлығын алып келеди. 18Қудай Ийе былай дейди: Биринши айдың биринши күни минсиз бир буға алып, Мухаддесхананы пәкле. 19Руўханий гүна қурбанлығының қанынан алып, оны Ибадатхана қапыларының жақлаўларына, қурбанлық орынның үстиниң төрт мүйешине, ишки ҳәўлиге киретуғын дәрўазалардың жақлаўларына жақсын. 20Халықтың билмей ҳәм абайламай қылған гүналары ушын жетинши күни де солай ислеңлер. Усылайынша Ибадатхананы пәклең. 21Биринши айдың он төртинши күни Қутқарылыў байрамын байрамлаң, бунда жети күн даўамында ашытқысыз нан жеўиңиз керек. ▼ 22Байрамның биринши күни ҳүкимдар өзиниң ҳәм халықтың гүнасы ушын бир буғаны гүна қурбанлығы ушын усынады. 23Байрамның жети күни даўамында ҳәр күни ҳүкимдар Маған минсиз жети буға менен минсиз жети қошқарды жандырылатуғын қурбанлық етип ҳәм ҳәр күни бир текени гүна қурбанлығы етип бериўи керек. 24Қурбанлық қылынатуғын ҳәр бир буға ҳәм ҳәр бир қошқар менен бирге ғәлле садақасы сыпатында бир эфадан ун ҳәм ҳәр бир эфа ушын бир ҳиннен зәйтүн майын берсин. 25Жетинши айдың он бесинши күни басланатуғын Қос байрамы ушын да ҳүкимдар жети күн даўамында берилетуғын гүна қурбанлықларын, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм зәйтүн майын берсин». ▼
Copyright information for
KaaIBT22C