Ezekiel 46
1«Қудай Ийе былай дейди: Ишки ҳәўлиге алып киретуғын шығыс тәрептеги дәрўаза алты жумыс күни даўамында жабық турсын. Ал Шаббат күни ҳәм Жаңа ай байрамы күни ашылсын. 2Ҳүкимдар дәрўаза имаратының айўаны арқалы дәрўазаның ишинен өтип, дәрўазаның жақлаўларының жанында турсын. Руўханий оның жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынып атырғанда, ҳүкимдар айўан босағасында турып сыйынсын. Кейин келген жолы менен шығып кетсин. Бирақ дәрўаза кешке шекем ашық турсын. 3Ҳәр Шаббат ҳәм Жаңа ай байрамы күни Израил халқы усы дәрўаза алдында турып, Жаратқан Ийеге сыйынсын. 4Шаббат күни ҳүкимдар Жаратқан Ийеге минсиз алты тоқлы менен минсиз бир қошқарды жандырылатуғын қурбанлық ушын алып келсин. 5Қошқарға қосып, ғәлле садақасы ушын бир эфа ун берсин. Ал тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ун берсин. Ҳәр бир эфа унға бир ҳин муғдарда зәйтүн майын қосып берсин. 6Жаңа ай байрамы күни минсиз бир буға, алты тоқлы ҳәм бир қошқар берсин. 7Ғәлле садақасы ушын буғаға қосып бир эфа, қошқарға қосып бир эфа ун алып келсин. Ал тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ғәлле садақасын берсин. Ҳәр бир эфа ун ушын бир ҳин зәйтүн майын қосып берсин. 8Ҳүкимдар ишке киргенде, дәрўаза имаратының айўаны арқалы кирсин ҳәм сол жол менен қайтып шықсын. 9Белгиленген байрамларда үлке халқы сыйыныў ушын Жаратқан Ийениң алдына келгенде, арқадағы дәрўазадан киргенлери қубладағы дәрўазадан, қубладағы дәрўазадан киргенлери арқадағы дәрўазадан шығып кетсин. Ҳәр бир адам кирген дәрўазасынан қайтып шықпай, қарама-қарсы дәрўазадан шығып кетиўи керек. 10Ҳүкимдар олардың арасында болыўы керек. Халық киргенде кириўи, халық шыққанда шығыўы керек. 11Үлкен байрамларда ҳәм белгиленген байрамларда қурбанлық қылынатуғын ҳәр бир буға ҳәм ҳәр бир қошқар менен бирге бир эфадан ғәлле садақасы бериледи. Тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ғәлле садақасы бериледи. Ҳәр бир эфа ун менен бирге бир ҳин зәйтүн майы бериледи. 12Ҳүкимдар Жаратқан Ийеге ықтыярлы түрде жандырылатуғын қурбанлық ямаса татыўлық қурбанлығын бермекши болса, оған шығысқа қараған дәрўаза ашылсын. Бул қурбанлықларды ол Шаббат күни беретуғын қурбанлықлардай етип усынсын. Кейин ол сыртқа шығып кетеди ҳәм дәрўаза жабылады».Күнделикли қурбанлықлар
13«Ҳәр күни азанда бир жасар минсиз бир тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип алып келип, оны Жаратқан Ийеге усының. 14Оның менен бирге ҳәр күни азанда ғәлле садақасы ушын эфаның алтыдан бир бөлеги муғдарында сапалы ун ҳәм унға араластырыў ушын ҳинниң үштен бир бөлеги муғдарында зәйтүн майы берилсин. Ғәлле садақасының Жаратқан Ийеге усыныў қағыйдасы мәңгиге усындай болады. 15Тоқлы, ғәлле ҳәм зәйтүн майы жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр күни азанда үзликсиз түрде алып келинсин».Ҳүкимдардың жер мүлки туўралы нызам
16«Қудай Ийе былай дейди: Егер ҳүкимдар өз ийелигинен улларының бирине жер саўға қылса, бул жер оның әўладларына да мийрасқа өтип, олардың мийрасы болады. 17Егер ҳүкимдар хызметшилериниң бирине жер саўға қылса, хызметши бул жерге Қутлы жылға ▼ дейин ғана ийелик қыла алады. Кейин жер ҳүкимдарға қайтарып бериледи. Ҳүкимдардың жери тек оның балаларына ғана мийрасқа өте алады. 18Ҳүкимдардың халықты жерден қуўып шығарып, олардың жерин тартып алыўға ҳақысы жоқ. Ол тек өз жеринен балаларына мийрас ажыратыўы мүмкин. Халқымның ҳеш бири өз жеринен қуўып шығарылмасын».Ибадатхана асханасы
19Кейин адам мени дәрўаза жанындағы жол арқалы руўханийлерге арналған, арқаға қарап турған мухаддес бөлмелерге алып келди. Сол жерден батыстағы ең шетки орынды көрсетти. 20Ол былай деди: – Бул жерде руўханийлер айып ҳәм гүна қурбанлықларының гөшин писиреди ҳәм ғәлле садақасының нанын жабады. Халықтың мухаддес азық-аўқатларға тийип кетпеўи ушын, оларды сыртқы ҳәўлиге шығармаўы керек. 21Кейин ол мени сыртқы ҳәўлиге шығарып, ҳәўлиниң төрт мүйешине алып барды. Ҳәр бир мүйеште қоршалған бир орын бар еди. 22Ҳәўлиниң ҳәр бир мүйешинде өлшемлери бирдей болған, узынлығы қырық шығанақ, ени отыз шығанақ болған үсти жабық орынлар бар еди. 23Олардың ҳәммеси дийўал менен айландырылған болып, дийўалдың иши бойлап ошақлар қурылған еди. 24Адам маған былай деди: – Булар асханалар. Онда Ибадатхана хызметшилери халықтың алып келген қурбанлық гөшлерин писиреди.
Copyright information for
KaaIBT22C