‏ Ezekiel 47

Ибадатханадан ағып шыққан дәрья

1Кейин ол мени қайтадан Ибадатхана қапысына алып барды. Ибадатхана шығысқа қарап турған еди. Мен Ибадатхана босағасының астынан шығысқа қарай суў ағып турғанын көрдим. Суў Ибадатхананың қубла тәрепинен шығып, қурбанлық орынның қубласы арқалы ағып турған еди. 2Адам мени арқа дәрўаза арқалы алып шықты ҳәм сырт жақ пенен айланып, шығысқа қарап турған сыртқы дәрўазаға алып барды. Суў қубла тәрептен ағып турған еди.

3Адам қолындағы өлшеўиш жиби менен шығысқа қарай жүрди де, мың шығанақ аралықты өлшеди. Кейин мени суўға түсирди. Суў тобығыма келип турды. 4Ол тағы мың шығанақ аралықты өлшеп, мени арманырақ алып барды. Суў диземе келди. Және мың шығанақ аралықты өлшеп, мени және де арманырақ алып барды. Енди суў белиме дейин келди. 5Кейин ол және мың шығанақ аралықты өлшеп алды. Бул жерде суў мен өте алмайтуғын дәрьяға айланды. Суў көтерилип, жүзип өтпесе, кешип өте алмайтуғын дәрьяға айланған еди.

6Ол меннен:

– Инсан улы, мынаны көрип турсаң ба? – деп сорады. Кейин мени жағаға алып шықты.
7Жағаға шыққанымда, мен еки жағада да көп тереклердиң өсип турғанын көрдим.

8Ол маған былай деди:

– Бул суў шығысқа қарай ағып, Иордан тегислиги арқалы Өли теңизге қуяды. Сонда теңиздиң суўы душшы болады.
9Дәрья ағып барған ҳәмме жерде тиришилик басланады, балықлар толып тасады. Себеби дәрья суўы ашшы суўды душшы суўға айландырады. Бул суўлар ағып өткен жерлердиң ҳәммесинде тиришилик болады. 10Дәрья бойларында балықшылар турып, Эн-Гедийден Эн-Эглайымға шекемги орынларда аўларын кептиреди. Жер Орта теңизиндегидей балықлардың түри көп болады. 11Бирақ батпақлықлар менен шалшық суўлардың суўлары тазаланбайды. Олар дуз кәни болып қала береди. 12Дәрьяның еки тәрепинде ҳәр түрли мийўе ағашлары өседи, жапырақлары солымайды, мийўелери таўысылмайды, ҳәр айда мийўе береди. Өйткени Мухаддесханадан шыққан суў оларды суўғарады. Мийўелери азық болады, ал жапырақлары шыпалы болады.

Елдиң жаңа шегаралары

13Қудай Ийе былай дейди: «Жерди Израилдың он еки урыўына бөлип бергениңизде, мынадай қылың: Юсупке еки пай берилсин. 14Жерди урыўларға теңдей бөлип бериңлер. Мен бул жерди ата-бабаларыңызға беремен деп ант иштим. Бул жер сизлердиң мүлкиңиз болады.

15Елдиң шегарасы мынадай: арқа шегараңыз Жер Орта теңизинен басланып, Хетлон жолы арқалы Лебо-Хаматтың қасы менен Седад, 16Берота қалаларына ҳәм Дамаск пенен Хамат аралығында жайласқан Сибрайым қаласына дейин барып, Хаўран шегарасындағы Хасер-Ҳаттихонға дейин созылады. 17Солай етип, шегара Жер Орта теңизинен Хасар-Энонға шекем созылады. Арқада Дамаск ҳәм Хамат ийеликлери бар. Бул арқа шегараңыз.

18Шығыс шегара Хаўран ҳәм Дамаск аралығынан басланып, Израил ҳәм Гилад жерлери арасынан ағып өтетуғын Иордан дәрьясы арқалы шығыстағы теңизге барып, сол жерден Тамар қаласына дейин жетип барады. Бул шығыс шегараңыз.

19Қубла шегараңыз Тамар қаласынан Қадештеги Мериба суўларына шекем, кейин Мысыр шегарасындағы сай бойлап барып, Жер Орта теңизине келип тиреледи. Бул қубла шегараңыз.

20Батыс шегараңыз Жер Орта теңизин бойлап барып, Лебо-Хаматқа қарама-қарсы жайласқан жерге дейин созылады. Бул батыс шегараңыз болады.

21Бул жерлерди Израил урыўларына бөлип бериңлер. 22Жерди өзлериңизге ҳәм араңызда жасап балалы болған келгиндилерге бөлистирип бериң. Жат жерлилер Израил урпақлары арасында жергиликли турғынлар сыпатында қаралсын ҳәм израиллылар менен теңдей үлеске ийе болсын. 23Жат жерли қайсы урыўдың арасына қоныс басқан болса, оған сол урыўдың жеринен үлес берилсин», – дейди Қудай Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C