Ezekiel 48
Урыўларға тийисли жерлер
1«Мыналар урыўлардың атлары. Дан урыўының үлеси арқада жайласқан. Оның шегарасы Хетлон жолы бойлап Лебо-Хаматқа дейин барып, оннан Дамаск ҳәм Хамат арасындағы арқа шегарада орналасқан Хасар-Энанға дейин созылады. Дан урыўына тийисли аймақ Израил елиниң шығыс шегарасынан батыс шегарасына шекем созылады. 2Ашердиң үлеси Данның жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 3Нафталийдиң үлеси Ашер жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 4Менашшениң үлеси Нафталийдиң жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 5Эфрайымның үлеси Менашше жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 6Рубенниң үлеси Эфрайым менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 7Яҳуданың үлеси Рубенниң жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 8Яҳуданың шегарасынан баслап, шығыстан батысқа дейин созылған жерди ажыратып қойың. Оның ени жигирма бес мың шығанақ, узынлығы шығыстан батысқа созылған, урыўлардың пайына тийген жердиң узынлығы менен тең болсын. Бул жердиң ортасында Мухаддесхана болады. 9Жаратқан Ийеге арналған жердиң узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ ▼ болады. 10Мухаддес аймақтың руўханийлерге тийисли бөлегиниң арқадағы узынлығы жигирма бес мың шығанақ, батыстағы ени он мың шығанақ, шығыстағы ени он мың шығанақ, қубладағы узынлығы жигирма бес мың шығанақ болады. Оның ортасында Жаратқан Ийениң Мухаддесханасы болады. 11Бул үлес Садоқ нәсилинен шыққан ҳәм руўханийликке тайынланған руўханийлерге тийисли болады. Олар Мениң талапларымды орынлады. Израил халқы менен бирге лебийлилер де жолдан азғанда, олар Маған садық қалды. 12Мухаддес аймақтың жүдә мухаддес бөлеги руўханийлерге тийисли болады. Ол жер лебийлилердиң жерине шегаралас болады. 13Руўханийлердиң жериниң жанынан лебийлилерге берилетуғын жердиң узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады. Бул бөлектиң узынлығы барлығы болып жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады. 14Бул бөлекти сатыўға да, алмастырыўға да болмайды. Бул елдеги ең жақсы үлес болады. Оны басқа адамның қолына бериўге болмайды. Себеби бул – Жаратқан Ийениң мухаддес жери. 15Қалған ени бес мың шығанақ, узынлығы жигирма бес мың шығанақ болған әпиўайы жер қала үйлери ҳәм жайлаўлар ушын бериледи. Қала сол жердиң орайында жайласады. 16Қаланың өлшеми мынадай: арқа тәрепи төрт мың бес жүз, қубла тәрепи төрт мың бес жүз, шығыс тәрепи төрт мың бес жүз ҳәм батыс тәрепи төрт мың бес жүз шығанақ. 17Қала арқа, шығыс, қубла ҳәм батыс тәреплерден ени еки жүз елиў шығанақ болған жайлаўлар менен қоршалған болады. 18Қаладан тысқары болған, мухаддес жер менен шегаралас турған жердиң шығыс тәрепи де, батыс тәрепи де он мың шығанақ болады. Бул жерде қалада ислеўшилер ушын азық жетистириледи. 19Израилдың ҳәмме урыўларынан қалада ислеўшилер бул атызларға егин егиўи мүмкин. 20Улыўма ажыратылған жердиң узынлығы да, ени де жигирма бес мың шығанақтан болады, ал қалаға ажыратылған үлес мухаддес аймақтың төрттен бирине тең болады. 21Мухаддес аймақтың ҳәм қалаға қараслы бөлектиң еки тәрепиндеги жерлер ҳүкимдарға тийисли болады. Оның узынлығы жигирма бес шығанақ болып, шығыс тәрепиндегиси шығыс шегараға, батыс тәрепиндегиси батыс шегараға барып тақалады. Урыўларға тийисли үлеске шегаралас жайласқан бул еки аймақ ҳүкимдарға тийисли болады. Мухаддес Ибадатхана турған мухаддес аймақ олардың ортасында болады. 22Солай етип, лебийлилердиң үлеси ҳәм қала мүлки ҳүкимдардың ийелигиниң арасында жайласады. Ҳүкимдардың ийелиги Яҳуда ҳәм Бенямин жерлериниң ортасында болады. 23Қалған урыўларға келсек, Беняминниң үлеси шығыстан батысқа дейин созылады. 24Шимонның үлеси Беняминниң үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 25Иссахардың үлеси Шимонның үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 26Зебулонның үлеси Иссахардың үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 27Гадтың үлеси Зебулонның үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады. 28Гадтың үлесиниң қубла шегарасы Тамар қаласынан Қадештеги Мериба суўларына шекем барады, ол жерден Мысыр шегарасындағы сай бойлап өтип, Жер Орта теңизине жетеди. 29Солай етип, Израил урыўларына бөлип беретуғын үлес жерлериңиз усылар», – дейди Қудай Ийе.Қаланың айнала дөгереги
30«Қаланың айнала дөгереги мынадай болсын: узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған арқа тәрепте 31үш дәрўаза болсын. Қала дәрўазалары Израил урыўларының атлары менен аталсын. Арқа тәрептеги дәрўазалар Рубен, Яҳуда ҳәм Лебий дәрўазалары деп аталсын. 32Узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған шығыс тәрепте үш дәрўаза болып, олар Юсуп, Бенямин ҳәм Дан дәрўазалары деп аталсын. 33Узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған қубла тәрепте үш дәрўаза болып, олар Шимон, Иссахар ҳәм Зебулон дәрўазалары деп аталсын. 34Узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған батыс тәрепте үш дәрўаза болып, олар Гад, Ашер ҳәм Нафталий дәрўазалары деп аталсын. 35Қаланың айланасы барлығы болып он сегиз мың шығанақ болады. Қала сол күннен баслап „Жаратқан Ийе сол жерде“деп аталады».
Copyright information for
KaaIBT22C