‏ Ezekiel 5

Ерусалимди қырғын болыў күтпекте

1– Инсан улы! Өткир бир қылыш ал, оны пәки орнына пайдаланып, шашың менен сақалыңды қырқып тасла. Кейин шашыңды өлшеў ушын тәрези алып, оларды бөлеклерге бөл. 2Қаланың қамал күнлери тамамланғанда, шашыңның үштен бир бөлегин гербишке сызылған қаланың үстинде жандыр. Үштен бир бөлегин қала әтирапына шашып таслап, қылыш пенен майдала. Қалған үштен бирин самалға ушырып жибер. Мен де қылышымды жалаңашлап, қала турғынларының изинен қуўаман. 3Бирақ шашыңның бир неше талын алып, шапаныңның шалғайына таңып қой. 4Олардан және бир нешеўин алып, отқа таслап, өртеп жибер. Сол жерден шыққан от пүткил Израил халқына тарайды.

5Қудай Ийе былай дейди: Бул Ерусалим, оны Мен миллетлердиң қақ ортасына, ал басқа миллетлерди оның айланасына жайластырдым. 6Бирақ Ерусалим айланасындағы барлық миллетлерден ҳәм еллерден бетер жаманлық қылып, Мениң нызамларыма ҳәм қағыйдаларыма қарсы бас көтерди. Мениң нызамларымнан ўаз кешти ҳәм қағыйдаларыма бойсынбады.

7Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сизлер айланаңыздағы миллетлерден де бетер бас көтергиш болып кеттиңлер. Мениң қағыйдаларыма әмел қылмадыңлар, нызамларыма бойсынбадыңлар, ҳәтте, әтирапыңыздағы миллетлердиң дәстүрлери бойынша да ҳәрекет етпедиңлер.

8Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Билип қой, Мен Өзим саған қарсы шығаман. Сени миллетлердиң көз алдында жазалайман. 9Қылған жеркенишли ислериң себепли, Мен саған бурын ислемеген ҳәм келешекте де ислемейтуғын бир исти қыламан. 10Сонда ашлықтан сендеги ата-аналар балаларының, балалар ата-аналарының етин жейди. Мен сизлерди жазалайман ҳәм тири қалғанларды самалға суўыраман.

11Өз тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Қудай Ийе, – барлық жеркенишли мүсинлериң ҳәм бузық дәстүрлериң менен сен Мухаддес мәканымды ҳарамладың. Мен сени сақал қырыққандай етип қырқып таслайман, аямайман, реҳим де қылмайман. 12Халқыңның үштен бири иллеттен ямаса ашлықтан қала ишинде өледи, үштен бири қала әтирапында қылыштан қырылады, ал қалған үштен бирин самалға суўыраман ҳәм қылышымды жалаңашлап, олардың изинен қуўаман.

13Оларға ғәзебимди толық шашып болғаннан кейин, қәҳәрим басылады ҳәм Мен тынышланаман. Қәҳәримди оларға толық шашып болғаннан кейин, олар Мениң, Жаратқан Ийениң қызғаныш пенен айтқанын билип алады.

14Айналаңдағы халықлардың ҳәм сен арқалы өтетуғын ҳәр бир адамның көз алдында сени қыйратып таслап, насаққа қалдыраман. 15Мен сизлерди ашыў ҳәм ғәзеп пенен ҳүким қылып, аўыр жаза менен жазалағанымда, сен айналаңдағы халықларға масқара болып, күлкиге қаласаң, олар буннан қорқыўға түсип, сабақ алады. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман. 16Сизлерди жоқ қылыў ушын, үстиңизге ашлықтың набыт қылыўшы оқларын атаман. Ашлығыңды күшейтип, бир тислем нанға зар қыламан. 17Мен саған ашлықты ҳәм жабайы аңларды жиберемен, олар сени балаларыңнан айырады. Иллет ҳәм қан төгиспе елди жайлайды, үстиңе қылыш дөндиремен. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
Copyright information for KaaIBT22C