Ezekiel 6
Жаратқан Ийениң бутпаразлыққа қарсы ҳүкими
1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы! Израил таўларына жүзиңди қаратып, оларға қарсы пайғамбаршылық етип, 3былай деп айт: «Ҳәй, Израил таўлары, Қудай Ийениң сөзин тыңлаң! Қудай Ийе таўларға, төбелерге, сай-салаларға ҳәм ойпатлықларға былай дейди: Қараңлар, Мен сизлерге қарсы қылыш жиберемен, сыйыныў орынларыңызды қыйратаман. 4Қурбанлық орынларыңыз ўайран қылынады, түтетки түтетилетуғын орынларыңыз қыйратылады, өлтирилген адамларыңызды бутларыңыздың алдына ылақтыраман. 5Мен Израил халқының өли денелерин олардың бутларының алдына таслайман ҳәм сүйеклериңизди қурбанлық орынларыңыздың дөгерегине шашаман. 6Сизлер қай жерде жасасаңыз да, қалаларыңыз ўайран болады, сыйыныў орынларыңыз қыйрайды. Сонда қурбанлық орынларыңыз ўайран болып, қаңырап қалады, бутларыңыз бөлекленип, жер менен жексен болады, түтетки түтетилетуғын орынларыңыз сындырып тасланып, қол мийнетиңиз түп-тамыры менен жоқ қылынады. 7Араңызда өлтирилгенлер қулап жатады, сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. 8Бирақ Мен базыларды аман қалдыраман. Сизлер ел бойлап тарқатып жиберилгениңизде, айырымларыңыз басқа миллетлер арасында қылыштан қутылып қаласыз. 9Аман қалғанлар сүргин етип алып кетилген жериндеги миллетлер арасында Мени еслейди. Меннен жүз бурған опасыз жүреклери ҳәм бутлардың изинен қараған бузық көзлери себепли қаншелли ҳәсирет шектим. Олар ислеген жаманлықлары ҳәм жеркенишли ислери ушын өзлеринен өзлери жеркенеди. 10Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Мен оларға бул апатшылықты жиберемен деп, бостан-босқа айбат еткеним жоқ. 11Қудай Ийе былай демекте: Ашыў менен алақаныңды алақаныңа урып, жерди теўип былай деп айт: Ислеген барлық жаўыз ҳәм жеркенишли ислери ушын израиллылардың соры қурыйды! Олар қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен қырылады. 12Узақтағылар иллеттен өледи, жақындағылар қылыштан қырылады. Қутылып, аман қалғанлар ашлықтан набыт болады. Усылайынша, Мен оларға ғәзебимди толық шашаман. 13Қурбанлық орынларының әтирапындағы бутлардың арасында, ҳәр бир бийик төбешикте ҳәм барлық таўдың төбелеринде, ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң ҳәм ҳәр бир саялы теребинф астында, яғный бутларына хош ийисли түтетки түтеткен жерлерде қырылғанлар созылып жатқанда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. 14Мен оларға қолымды көтерип, шөлден Диблаға шекемги, олар жасаған барлық жерлерди қаңыратып, бос қалдыраман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
Copyright information for
KaaIBT22C