Ezekiel 7
Израил халқының соңғы күнлери
1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2– Инсан улы! Қудай Ийе Израил жерине былай дейди: «Ақыры жетти! Жердиң төрт тәрепиниң ақыры жетти! 3Мине, сениң ақырың жетти! Мен сениң үстиңе ғәзебимди шашаман. Саған тутқан жолларыңа ылайықлы ҳүким шығарып, барлық жеркенишли ислериң ушын жазалайман. 4Сени аямайман, реҳим де қылмайман. Тутқан жолларың ушын сени сөзсиз жазалайман, жеркенишли ислериң ушын жазаңды тартасаң. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. 5Қудай Ийе былай дейди: Апат үстине апат! Қараңлар, апат келмекте! 6Ақырың жетти, аўа, күниң паянына жетти! Ол саған қарсы көтерилди. Қара, ол киятыр! 7Саған қырғын келди, саған келди, ҳәй, елдиң турғыны! Ўақыт жетти, күн жақын. Таўларда қуўаныш емес, ала-сапыран ҳүким сүреди. 8Тез арада Мен саған қәҳәримди төгемен ҳәм ғәзебимди толық шашаман. Саған тутқан жолларыңа ылайықлы ҳүким шығарып, барлық жеркенишли ислериң ушын жазалайман. 9Сени аямайман, реҳим де қылмайман. Тутқан жолларың ушын сени сөзсиз жазалайман, жеркенишли ислериң ушын жазаңды тартасаң. Сонда сизлерди жазалаған Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. 10Мине ол, сол күн! Мине, ол келди: қырғын көгерип шықты, зорлық гүлледи, менменлик бүртик жарды. 11Зорлық нызамсызлықты жазалайтуғын таяқ болып өсип шықты. Халықтан ҳеш ким қалмады. Олардың молшылығы да, байлығы да, салтанаты да қалмады. 12Ўақыт келди, сол күн жақынласты. Сатып алған қуўанбасын, сатқан ғам шекпесин. Себеби Мениң ғәзебим пүткил аламан үстине жаўады. 13Жерин сатқан адам өмириниң ақырына дейин сатқан жерин қайтарып ала алмайды. Өйткени аян пүткил аламанға тийисли, ол өзгермейди. Өзлериниң гүнасы себепли олардың биреўи де өмирин сақлап қала алмайды. 14Кәрнайлар шалынды, ҳәммеси таяр. Бирақ ҳеш ким саўашқа түспейди, өйткени Мениң ғәзебим пүткил аламан үстине жаўады. 15Сыртта қылыш, иште иллет ҳәм ашлық. Даладағылар қылыштан, қала ишиндегилер ашлықтан ҳәм иллеттен өледи. 16Аман қалғанлар ойпатлықтағы кептерлердей таўға қашады. Олардың ҳәр бири өз гүнасы ушын зар еңирейди. 17Қолларында ҳал қалмайды, дизелериниң мәдары қурыйды. 18Олар аза кийимин кийеди, оларды қорқыныш бийлейди. Ҳәммесиниң жүзи уяттан қызарып, барлығы шашларын тықырлап алдырады. 19Олар гүмисин көшеге ылақтырады, алтыны ҳарам саналады. Жаратқан Ийениң ғәзеп күнинде гүмис ҳәм алтыны оларды қутқара алмайды, ашлықтан да сақламайды, қарнын да тойдырмайды. Алтын ҳәм гүмис оларды гүнаға баслаған еди. 20Өзлери мақтанып жүрген әжайып тағыншақларынан олар жеркенишли бутларының мүсинлерин ҳәм ҳарамы нәрселерин ислетти. Сонлықтан Мен бул байлықларын олар ушын ҳарам қылдым. 21Мен оларды жат жерлилерге олжа қыламан, жер бетиндеги жаўызларға талатаман. Жаўызлар оларды ҳарамлайды. 22Мен оларға нәзер салмайман, олар Мениң қәдирли орнымды ҳарамлайды. Басқыншылар сол жерге кирип, оны ҳарамлайды. 23Шынжырлар таярлаң! Ел қанлы жынаятқа, қала зорлыққа толып кеткен. 24Мен миллетлердиң ең жаўызын жиберемен. Олар халқымның үйлерин басып алады. Күшлилердиң менменлигине шек қояман, олардың мухаддес орынлары ҳарам қылынады. 25Қорқыныш келгенде, олар тынышлық излей баслайды, бирақ тынышлық болмайды. 26Апат изинен апат келеди, мыш-мыш изинен мыш-мыш тарқалады. Олар пайғамбарлардан бийкарға аянлар сорайды, руўханийлер тәлим бериўден, ақсақаллар кеңес бериўден жуда болады. 27Патша ғамға батады, ҳүкимдарын қорқыныш бийлейди, ел халқының қолы иске бармайды. Оларды тутқан жолларына сай жазалайман, өз ҳүкимлерине ылайықлы ҳүким шығараман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
Copyright information for
KaaIBT22C