Ezekiel 8
Ибадатханадағы бутпаразлық
1Сүргинде болған ўақтымыздың алтыншы жылының алтыншы айының бесинши күни мен үйимде отырған едим, Яҳуда ақсақаллары да мениң жанымда еди. Сонда Қудай Ийе қолын үстиме қойды. 2Қарағанымда, жалынға уқсаған биреўди көрдим. Оның белинен төмени жалынға уқсайды, белинен жоқарысы болса, мыстай жарқырап турған еди. 3Ол қолға уқсаған бир нәрсени созып, мениң шашымнан услап алды. Руўх мени жер ҳәм көк аралығына көтерди ҳәм Қудайдың аянында мени Ерусалимге, Ибадатхананың ишки ҳәўлисиниң арқа дәрўазасының кирер аўзына алып барды. Ол жерде Қудайдың қызғанышын оятқан буттың мүсини турған еди. 4Сол жерде маған Израилдың Қудайының салтанаты көринди. Мен бундай аянды ойпатлықта да көрген едим. 5Қудай маған: – Инсан улы! Арқа тәрепке қара, – деди. Қарасам, қурбанлық орын жанындағы дәрўазаның арқа тәрепинде сол қызғаныш оятатуғын буттың мүсини турған екен. 6Қудай маған және былай деди: – Инсан улы, сен олардың не ислеп атырғанын көрип турсаң ба? Израил халқы бул жерде жүдә жеркенишли ислерди ислеўи арқалы Мени Мухаддес мәканымнан узақластырмақта. Бирақ сен буннан да бетер жеркенишли нәрселерди көресең. 7Ол мени ҳәўлиниң кирер аўзына алып келди. Қарасам, дийўалда бир тесик бар екен. 8Ол маған: – Инсан улы! Дийўалды тес, – деди. Мен дийўалды тестим ҳәм ол жерде бир қапыны көрдим. 9Ол маған: – Кирип, олар бул жерде ислеп атырған жүдә жеркенишли ислерди көр, – деди. 10Мен ишке кирип қарағанымда, дийўалды айландырып ҳәр қыйлы жер баўырлаўшылардың, жеркенишли ҳайўанлардың ҳәм израиллылардың барлық бутларының сүўретлериниң салынғанын көрдим. 11Олардың алдында израиллылардың жетпис ақсақалы ҳәм ақсақаллардың арасында Шафан улы Язания турған еди. Олардың ҳәр бириниң қолында түтетки түтетилетуғын ыдыс болып, ыдыстан шыққан хош ийис бултлар киби жоқарыға көтерилип турды. 12Кейин Қудай маған былай деди: – Инсан улы! Израил ақсақалларының ҳәр бириниң қараңғылықта, өзлериниң бутларының бөлмелеринде нелер ислеп атырғанын көрдиң бе? Олар: «Жаратқан Ийе бизлерди көрмейди, Жаратқан Ийе елди тәрк еткен», – дейди. 13Ол маған тағы да: – Сен олардың буннан да бетер жеркенишли ислерди ислегенин көресең, – деди. 14Соңынан Ол мени Жаратқан Ийениң Үйиниң арқа дәрўазасының кирер аўзына алып келди. Мен ол жерде Таммуз деген қудай ушын аза тутып жылап ▼▼ Аза тутып жылаў – ҳәр жылы исленетуғын диний дәстүр.
отырған ҳаялларды көрдим. 15Ол маған: – Буны көрдиң бе, инсан улы? Сен буннан да бетер жеркенишли ислерди көресең, – деди. 16Ол мени Жаратқан Ийениң Үйиниң ишки ҳәўлисине алып келди. Ол жерде, Ибадатхананың кирер аўзында, айўан ҳәм қурбанлық орын аралығында жигирма беске жақын еркек бар еди. Олар Жаратқан Ийениң Ибадатханасына арқасын, ал шығысқа жүзин қаратып, шығыстағы қуяшқа табынып атырған еди. 17Ол маған былай деди: – Көрдиң бе, инсан улы? Яҳуда халқының бул жерде ислеп атырған жеркенишли ислери жетерли емес пе еди? Буған қоса, олар жерди зорабанлыққа толтырмақта ҳәм Мениң ғәзебимди қаттырақ қозғатпақта. Олардың Маған қалай тил тийгизип атырғанына қара! 18Соның ушын Мен ғәзеп атына минемен. Мен оларды аямайман, реҳим де етпеймен. Бар даўысы менен бақырып жалбарынса да, оларды тыңламайман.
Copyright information for
KaaIBT22C