‏ Ezra 10

Аралас некеге шек қойыў жобасы

1Эзра Қудайдың Үйиниң алдында жер баўырлап жылаўы менен гүналарды мойынлап, дуўа етип атырғанда, израиллылардың үлкен бир жыйыны: еркеклер, ҳаяллар ҳәм балалар оның жанына жыйналды. Олар да зар еңиреп, жылап турды. 2Сонда Элам урпағынан Ехиел улы Шекания Эзраға былай деди:

– Бизлер басқа миллет қызларына үйленип, Қудайымыздың алдында опасызлық еттик. Деген менен, израиллылар ушын еле үмит бар.
3Енди Қудайымыз бенен келисим дүзейик. Мырзам, сизиң ҳәм Қудайымыздың буйрықларын қәдирлейтуғынлардың мәсләҳәти бойынша, басқа миллеттен алынған барлық ҳаяллар менен ажырасып, оларды балалары менен бирге босатып жиберейик. Буны Нызамға сай түрде ислейик. 4Қәне, орныңыздан турың! Себеби бул ис сизге жүкленген, ал бизлер сизди қоллап қуўатлаймыз. Руўхыңызды көтерип, иске кирисиң!

5Сонда Эзра орнынан турды. Ол руўханийлердиң басшыларына, лебийлилерге ҳәм пүткил израиллыларға усы айтылғанларды орынлаймыз деп, ант ишиўди буйырды. Олар ант ишти. 6Кейин Эзра Қудайдың Үйиниң алдынан турып, Эляшиб улы Еҳохананның бөлмесине барды. Сол жерде болғанда, ол сүргиннен қайтқанлардың опасызлығы ушын аза тутыўын даўам етип, нан да жемеди, суў да ишпеди.

7«Сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси Ерусалимге жыйналсын», – деп Яҳуда ҳәм Ерусалим бойлап жар салынды. 8Және де: «Егер ким де ким үш күн ишинде келмесе, басшылардың ҳәм ақсақаллардың қарары бойынша оның барлық мал-мүлки тартып алынып, өзи сүргиннен келгенлер жәмийетинен шығарып жибериледи», – деп хабарланды. 9Сонда пүткил Яҳуданың ҳәм Бенямин урыўының адамлары үш күн ишинде Ерусалимге жыйналды. Бул тоғызыншы айдың жигирмаланшы күни еди. Пүткил халық Қудайдың Үйи алдындағы майданда отырды. Олар ҳәм усы истен, ҳәм қуйып жаўған жаўыннан дирилдер еди. 10Руўханий Эзра орнынан турып, оларға былай деди:

– Сизлер опасызлық еттиңлер, басқа миллет қызларына үйленип, Израилдың айыбына айып жамадыңлар.
11Енди ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе алдында гүналарыңызды мойынлап, Оның еркин орынлаңлар. Әтирапыңыздағы халықлардан ҳәм басқа миллеттен алынған ҳаяллардан айырылыңлар.

12Сонда пүткил жәмийет жуўап берип, бәлент даўыс пенен былай деди:

– Аўа, сиз ҳақсыз. Сиз не айтсаңыз, соны ислеймиз.
13Деген менен, халық көп, жаўын да қуйып тур, ашық жерде турыўға димарымыз қалмады. Бул бир-еки күнлик ис емес, себеби бизлердиң көпшилигимиз усы исте гүна ислегенбиз. 14Басшыларымыз пүткил жәмийет атынан ўәкиллик қылсын. Ал қалаларымыздағы басқа миллет қызларына үйленген адамлардың ҳәммеси белгиленген ўақытта өз қалаларының ақсақаллары ҳәм қазылары менен бирге усы жерге келсин. Қудайымыздың усы ис себепли лаўлаған ғәзеби қайтқанға шекем усылай исленсин.

15Бул усынысқа тек Асаҳел улы Ионатан ҳәм Тиқўа улы Яхзея қарсы болды, ал Мешуллам ҳәм лебийли Шаббетай болса, буларды қоллап қуўатлады. 16Сүргиннен қайтқанлар айтылғандай иследи. Руўханий Эзра ҳәр бир урпақтың урпақ басшысын атпа-ат таңлап алды. Оныншы айдың биринши күни олар бул исти изертлеўге отырды. 17Биринши айдың биринши күни олар басқа миллет қызларына үйленгенлердиң ҳәммесиниң исин қарап болды.

Басқа миллет қызларына үйленгенлер дизими

18Руўханийлер урпағы арасында басқа миллет қызларына үйленгенлер:

Иосадақ улы Ешуаның ҳәм оның туўысқанларының урпақларынан: Маасея, Элиезер, Яриб ҳәм Гедалия.
19Олар ҳаялларынан ажырасыўға сөз берди ҳәм ҳәр бири сүриўден бир қошқарды өз айыбы ушын айып қурбанлығы ретинде қурбанлыққа берди. 20Иммер урпағынан: Хананий ҳәм Зебадия;
21Харим урпағынан: Маасея, Илияс, Шемая, Ехиел, Уззия;
22Пашхур урпағынан: Элйоенай, Маасея, Исмайыл, Нетанел, Иозабад, Эласа;
23Лебийлилерден: Иозабад, Шимей, Келая, яғный Келита, Петахия, Яҳуда, Элиезер;
24Қосықшылардан: Эляшиб;
Дәрўаза қараўылларынан: Шаллум, Телем, Урий.

25Басқа израиллылардан: Парош урпағынан: Рамия, Иззия, Малкия, Миямин, Элазар, Малкия, Беная;
26Элам урпағынан: Маттания, Зехария, Ехиел, Абдий, Еремот, Илияс;
27Затту урпағынан: Элйоенай, Эляшиб, Маттания, Еремот, Забад, Азиза;
28Бебай урпағынан: Еҳоханан, Ханания, Заббай, Атлай;
29Баний урпағынан: Мешуллам, Маллух, Адая, Яшуб, Шеал, Рамот;
30Пахат-Моаб урпағынан: Адна, Келал, Беная, Маасея, Маттания, Бесалел, Биннуй, Менашше;
31Харим урпағынан: Элиезер, Ишшия, Малкия, Шемая, Шимон, 32Бенямин, Маллух, Шемария;
33Хашум урпағынан: Маттенай, Маттата, Забад, Элифелет, Еремай, Менашше, Шимей;
34Баний урпағынан: Маадай, Амрам, Уўел, 35Беная, Бедея, Келуҳу, 36Ўанея, Меремот, Эляшиб, 37Маттания, Маттенай, Ясай, 38Баний, Биннуй, Шимей, 39Шелемия, Натан, Адая, 40Махнадбай, Шашай, Шарай, 41Азарел, Шелемия, Шемария, 42Шаллум, Амария, Юсуп;
43Небо урпағынан: Еиел, Маттития, Забад, Зебина, Яддай, Иоел, Беная.

44Бул адамлардың ҳәммеси басқа миллет қызларына үйленген болып, олардың айырымларының балалары да бар еди.
Copyright information for KaaIBT22C