‏ Ezra 3

Қурбанлық орынның қайта қурылыўы

1Израиллылар өз қалаларына жайласып болғаннан соң, жетинши айда олардың ҳәммеси бир адамдай Ерусалимге жыйналды. 2Қудайдың адамы болған Муўсаның Нызам китабындағы жазыўларға муўапық, қурбанлық орын үстинде жандырылатуғын қурбанлықлар усыныў ушын, Иосадақ улы Ешуа ҳәм оның руўханий ағайинлери, Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм оның туўысқанлары Израилдың Қудайына арнап қурбанлық орын қурыўға киристи. 3Олар әтираптағы халықлардан қорқса да, қурбанлық орынды оның бурынғы тийкары үстине қурып, онда азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар берди. 4Соңынан Нызамда жазылғаны бойынша, Қос байрамын нышанлады ҳәм қағыйда бойынша ҳәр күн ушын белгиленген муғдарда жандырылатуғын қурбанлықлар берди. 5Буннан соң, күнделикли жандырылатуғын қурбанлықларды, Жаңа ай байрамында ҳәм Жаратқан Ийе белгилеген барлық мухаддес байрамларда берилетуғын қурбанлықларды, Жаратқан Ийеге арнап ықтыярлы садақаларды усынды. 6Жетинши айдың биринши күнинен баслап, олар Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар бериўди баслаған еди. Бирақ еле Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкары салынбаған еди.

Ибадатхананың тийкарының қайта салыныўы

7Израиллылар тас кесиўшилерге ҳәм усталарға гүмис теңге, Лебаноннан Яфоға теңиз жолы арқалы кедр ағашларын алып келиўи ушын сидонлылар менен тирлилерге азық-аўқат, ишимлик ҳәм зәйтүн майын берди. Буларға Персия патшасы Кир рухсат берген еди. 8Ерусалимге, Қудайдың Үйи болған жерге келгеннен соң, екинши жылдың екинши айында Шеалтиел улы Зеруббабел, Иосадақ улы Ешуа, басқа руўханийлер, лебийлилер ҳәм сүргиннен Ерусалимге қайтқанлардың ҳәммеси исти баслады. Жигирма ҳәм оннан жоқары жаста болған лебийлилер Жаратқан Ийениң Үйиндеги ислерди қадағалаў ушын қойылды. 9Қудайдың Үйиндеги жумысшыларды Ешуа, оның уллары ҳәм ағайинлери, Қадмиел ҳәм оның уллары, Ҳодаўияның пүткил урпақлары қадағалап турды. Олар бул хызметти атқарыўда Хенадад урпағынан болған лебийлилерден жәрдем алды. 10Қурылысшылар Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарын салып болғанда, руўханийлер арнаўлы кийимлерин кийип, қолларына кәрнайларын алды. Асаф урпақларынан болған лебийлилер де кимбалларын алып, Израил патшасы Даўыт белгилеген қағыйдаға муўапық, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын өз орынларын ийеледи. 11Олар гезекпе-гезек: «Жаратқан Ийе ийгиликли,
Оның Израилға болған садықлығы мәңги даўам етеди», –

деп Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтты.

Жаратқан Ийениң Үйиниң тийкары салынғаны ушын, пүткил халық қатты даўыс пенен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айта баслады.
12Көпшилик қуўаныштан қышқырған болса да, Жаратқан Ийениң бурынғы Үйин көрген көплеген жасы үлкен руўханийлер, лебийлилер ҳәм урпақ басшылары бул Үйдиң тийкарының салынғанын көргенде өкирип жылады. 13Халық қатты шуўласып бақырысқанлықтан, қуўаныш сеслеринен жылағанлардың даўысларын ажыратыў мүмкин емес еди. Шаўқым узақтан еситилип турды.
Copyright information for KaaIBT22C