‏ Ezra 4

Ибадатхананың қайта қурылыўына тосқынлық

1Яҳуда ҳәм Бенямин урыўларының душпанлары сүргиннен қайтқанлардың Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурып атырғанын еситти. 2Олар Зеруббабелге ҳәм әўлад басшыларына келип:

– Бизлер де сизлер менен бирге қурылысқа қатнасайық. Себеби бизлер де сизлер сыяқлы Қудайыңызға сыйынамыз. Бизлерди усы жерге алып келген Ассирия патшасы Эсар-Хаддонның дәўиринен бери, Оған арнап қурбанлық берип келемиз, – деди.

3Бирақ Зеруббабел, Ешуа ҳәм Израилдың басқа әўлад басшылары оларға былай деп жуўап берди:

– Қудайымызға арнап Үй қурыў ушын сизлердиң бизлер менен бирге қурылысқа қатнасыўға ҳақыңыз жоқ. Персия патшасы Кирдиң буйрығы бойынша, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Үйди жалғыз өзимиз қурамыз.

4Сонда сол жердеги халықлар Яҳуда халқын қорқытып, қурылыс исине тосқынлық жасаўға ҳәм истен қолын суўытыўға ҳәрекет етти. 5Душпанлар кеңесшилерге пара берип, Персия патшасы Кирдиң пүткил ҳүкимдарлығы даўамында олардың жобаларына қарсылық қылып келди. Бул аўҳал Персия патшасы Дарийдиң патшалығына дейин даўам етти.

Ерусалимниң тиклениўине соңғы қарсылық

6Жыллар өтип, Ахашўерош тахтқа отырып, оның патшалығы басланыўдан, душпанлар Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары үстинен шағым хат жазды. 7Соңынан Персия патшасы Артаксеркстиң дәўиринде де Бишлам, Митредат, Табеел ҳәм олардың басқа жолдаслары патшаға хат жазды. Хат арамей тилинде жазылған болып, патшаға аўдарып берилди. 8Ўәкил Рехум менен хаткер Шимшайдың патша Артаксеркске Ерусалимди қаралап жазған хатының мазмуны мынадай еди:

9«Ўәкил Рехум, хаткер Шимшай ҳәм олардың басқа жолдаслары: Триполис, Персия, Эрех ҳәм Бабилон турғынларынан ҳәм Суза қаласының, яғный элам халқының бийлери ҳәм ҳәмелдарларынан, 10және де, уллы ҳәм қүдиретли Аснаппар тутқын етип әкелип, Самария қалаларына ҳәм Евфраттың арғы тәрепине қонысландырған халықлардан».

11Олар жиберген хаттың нусқасы мынадай еди:

«Патша Артаксеркске Евфрат дәрьясының арғы тәрепинде жасайтуғын хызметшилеринен.

12Патшаға мынаны мәлим етпекшимиз: сизиң қол астыңыздан шығып, бизге, Ерусалимге келген яҳудийлер қозғалаңшы ҳәм жаўыз қаланы қайта қура баслады. Олар дийўалларды тиклеп, имаратлардың тийкарларын дүзетип атыр. 13Және мынаны да мәлим етпекшимиз: егер усы қала қурылып, оның дийўаллары қайта тикленип болынса, онда олар салғырт, салық ҳәм бажы пулларын төлемей қояды. Нәтийжеде патша қазнасына зыян келеди. 14Патша сарайының дузына өзлеримиз де шерик болғанымыз себепли ҳәм патшамыздың зыянға ушыраўына қарап тура алмайтуғын болғанлықтан, хат жиберип, патшаны хабардар қылып қоймақшымыз. 15Егер ата-бабаларыңыздың жылнама китабынан излетсеңиз, жазбаларда бул қаланың қозғалаңшы, патшалар ҳәм ўәлаятлар ушын қәўипли болғанын көресиз. Бул қала әзелден қозғалаңның ошағы болғанлықтан, ўайран етилген. 16Усы себепли патшаға мәлим етемиз: егер усы қала қайта тикленип, дийўаллары қайта қурылса, онда дәрьяның арғы жағындағы ийеликлериңизден де айырыласыз».

17Патша мынадай жуўап жиберди:

«Ўәкил Рехумға, хаткер Шимшайға, Самарияда ҳәм дәрьяның арғы тәрепинде жасайтуғын олардың басқа жолдасларына сәлем!

18Сизлердиң бизлерге жиберген хатыңыз мениң алдымда оқылып, аўдарылды. 19Мениң буйрығым менен излеў алып барылды ҳәм бул қаланың әзелден патшаларға қарсы бас көтерип келгени, қозғалаң ҳәм бүлгиншиликтиң мәканы болғаны тастыйықланды. 20Ерусалимде Евфрат дәрьясының арғы тәрепиндеги пүткил жерлерди ийелеп, олардан салғырт, салық ҳәм бажы пулларын өндирген қүдиретли патшалар жасаған екен. 21Сонлықтан сол адамлардың исти тоқтатыўы ушын буйрық бер. Мен буйрық бермегенше, қаланы қайта қурмасын. 22Абайлы болыңлар, итибарсызлық етпеңлер. Патшаға зәлел келтиретуғын зыянлы истиң көбейиўине жол қоймаңлар».

23Патша Артаксеркстиң бул хаты Рехум, хаткер Шимшай ҳәм олардың жолдасларының алдында оқылыўдан, олар асығыс Ерусалимге, яҳудийлердиң жанына барды ҳәм әскерий күш пенен жумысты тоқтатыўға мәжбүр қылды.

Ибадатхана қурылысын қайтадан даўам еттириў

24Солай етип, Қудайдың Ерусалимдеги Үйиниң қурылысы тоқтап қалып, Персия патшасы Дарийдиң патшалығының екинши жылына шекем ҳәрекетсиз турды.
Copyright information for KaaIBT22C