‏ Ezra 5

1Сол арада пайғамбар Хаггай менен Иддо улы пайғамбар Зехария Яҳуда ҳәм Ерусалимде жасайтуғын яҳудийлерге олардың үстинен бийлик еткен Израилдың Қудайының аты менен пайғамбаршылық етти. 2Сонда Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм Иосадақ улы Ешуа Қудайдың Ерусалимдеги Үйин қайта қурыўды баслады. Қудайдың пайғамбарлары да олар менен бирге болып, оларға жәрдем берди.

3Сол ўақытта Евфраттың арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары яҳудийлерге келип: «Мына Үйди қурып, бул қурылысты қайта тиклеўге сизлерге ким рухсат берди?» – деп сорады. 4Олар бул қурылысты алып барып атырған адамлардың атларын да сорады. 5Бирақ Қудай яҳудий ақсақалларына нәзерин салған еди. Персия ҳәмелдарлары бул ис туўралы Дарийге бир хат жиберген болып, сол хатқа жуўап келмегенше, яҳудийлерди тоқтатпады.

6Дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай, олардың жолдаслары, яғный сол үлкениң ҳәмелдарлары патша Дарийге хат жазып, нусқасын жиберди. 7Олар патша Дарийге жоллаған хатта былай деп жазылған еди:

«Патша Дарийге тынышлық тилеймиз!
8Патшаға мыналарды билдирмекшимиз: бизлер Яҳуда ўәлаятына, уллы Қудайдың Үйине бардық. Ол үлкен таслардан қурылып, дийўалларына ағашлар қосып қаланып атыр. Бул жумыс жедел пәт алған болып, олардың қолларында табыслы кетип атыр. 9Бизлер сол жердеги ақсақаллар менен сөйлесип, олардан: „Мына Үйди қурып, бул қурылысты қайта тиклеўге сизлерге ким рухсат берди?“– деп сорадық. 10Буның үстине, сизге мағлыўмат ретинде жазып жибериў ушын олардың басшыларының атларын да сорадық.

11Олар бизлерге былай деп жуўап берди: „Бизлер аспан ҳәм жердиң Қудайының қулларымыз. Бизлер көп жыллар бурын қурылған Қудайдың Үйин қайта тиклеп атырмыз. Бул Үй Израилдың бир уллы патшасы тәрепинен қурып питкерилген еди. 12Бирақ ата-бабаларымыз аспанның Қудайын ғәзеплендиргени ушын, Қудай оларды Бабилония патшасы калдейли Набуходоносорға тәслим етти. Ол бул Үйди ўайран етип, халықты Бабилонияға сүргин қылды. 13Деген менен, Бабилония патшасы Кир өз ҳүкимдарлығының биринши жылында усы Қудайдың Үйи қайта тикленсин деп, пәрман шығарды. 14Набуходоносор Қудайдың Ерусалимдеги Үйинен алтын ҳәм гүмис ыдысларды алып кетип, Бабилондағы ибадатханаға апарып қойған еди. Патша Кир Бабилондағы ибадатханадан сол ыдысларды алдырып, өзи ҳәким етип тайынлаған Шешбассар деген адамға қайтарып берди. 15Патша Кир Шешбассарға: „Бул ыдысларды апарып, Ерусалимдеги Ибадатханаға қой. Ал Қудайдың Үйи өз орнына қайта қурылсын“, – деди. 16Солай етип, Шешбассар келип, Қудайдың Ерусалимдеги Үйиниң тийкарын қойды. Соннан бери қурылыс даўам етпекте, еле тамамланбады“.

17Егер патшаға мақул болса, Бабилониядағы ҳүжжетлер сақланатуғын архив тексерилип, патша Кирдиң Қудайдың Ерусалимдеги Үйин қурыўға рухсат бергени ямаса бермегени анықлансын. Соңынан патша өз қарарын бизлерге жазып жиберсин».
Copyright information for KaaIBT22C