Ezra 6
Дарийдиң буйрығы
1Буннан соң, патша Дарийдиң буйрығы бойынша, Бабилониядағы ҳүжжетлер сақланатуғын архивте излеў ислери алып барылды. 2Архив Мидия ўәлаятының пайтахты Ахмета қорған қаласында болып, ол жерден бир орама ҳүжжет табылды. Онда былай деп жазылған еди: «Есте сақлаў ушын: 3патша Кирдиң ҳүкимдарлығының биринши жылында Қудайдың Ерусалимдеги Үйи ҳаққында Кир мынадай пәрман шығарды: „Қудайдың Үйи қурбанлық усынылатуғын орында, бурынғы тийкары үстине қайта қурылсын. Оның бийиклиги алпыс шығанақ, ени де алпыс шығанақ болсын. 4Дийўаллары үш қатар үлкен таслардан ҳәм бир қатар ағаштан қурылсын. Ал кететуғын қәрежетлер болса, патша қазнасынан төленсин. 5Буннан тысқары, Қудайдың Үйиниң алтын ҳәм гүмис ыдыслары, яғный Набуходоносордың Ерусалимдеги Ибадатханадан Бабилонға алып келген ыдыслары да қайтарып берилсин. Олар Ерусалимдеги Ибадатханаға, өз орнына алып барылып, Қудайдың Үйине қойылсын“». 6Сонда патша Дарий мына хатты жоллады: «Солай етип, дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары, яғный дәрьяның арғы тәрепинде жасаўшы ҳәмелдарлар! Ол жерге жақынласпаңлар. 7Қудайдың Үйиндеги ислерге араласпаңлар. Яҳуда ҳәкими ҳәм яҳудийлердиң ақсақаллары Қудайдың Үйин бурынғы орнына қайта тиклесин. 8Буннан тысқары, Қудайдың Үйиниң қурылысы ушын яҳудий ақсақалларына жәрдем ретинде нелер ислеўиңиз кереклиги туўралы сизлерге мыналарды буйыраман: бул адамлардың жумсайтуғын қәрежетлери толық патша қазнасынан төленетуғын болғанлықтан, жумыс тоқтап қалмаўы ушын, дәрьяның арғы тәрепинен жыйналатуғын салықлардан тез оларға бериңлер. 9Ерусалимдеги руўханийлер талап еткен ҳәмме нәрсе: аспанның Қудайына арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ушын таналар, қошқарлар, тоқлылар, және де, бийдай, дуз, шарап ҳәм зәйтүн майы ҳәр күни иркинишсиз берилсин. 10Солай етип, олар аспанның Қудайына унайтуғын қурбанлықлар берсин, патша ҳәм оның улларының өмири ушын дуўа етсин. 11Тағы да мынаны буйыраман: егер ким де ким бул пәрманды өзгертсе, онда сол адамның үйинен бир бөрене алып шығылып, сол адам бөренениң ушына илдирип өлтирилсин, ал үйи қарабақанаға айландырылсын. 12Өз атын сол жерде орнатқан Қудай бул пәрманды өзгертиўге ямаса Қудайдың Ерусалимдеги Үйин жоқ қылыўға урынған ҳәр бир патшаны яки халықты жоқ қылсын. Мен, Дарий усы буйрықты бердим. Буйрығым толық орынлансын».Ибадатхананың бағышланыўы
13Сонда дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары патша Дарийдиң буйрығын толық орынлады. 14Яҳудий ақсақаллары қурылысты даўам етти ҳәм пайғамбарлар Хаггай менен Иддо улы Зехарияның пайғамбаршылық сөзлеринен жигер алып, олардың ислери табыслы болды. Олар Израилдың Қудайының буйрығы ҳәм Персия патшалары Кир, Дарий ҳәм Артаксеркстиң пәрманы бойынша Ибадатхананы қурып питкерди. 15Қудайдың Үйиниң қурылысы патша Дарийдиң ҳүкимдарлығының алтыншы жылында, адар айының үшинши күни тамамланды. 16Израиллылар: руўханийлер, лебийлилер ҳәм сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси Қудайдың Үйиниң бағышланыўын қуўаныш пенен байрамлады. 17Олар Қудайдың Үйиниң бағышланыўына арнап жүз тана, еки жүз қошқар ҳәм төрт жүз тоқлы шалды, ал Израил урыўларының саны бойынша он еки текени пүткил Израил халқының гүналары ушын гүна қурбанлығы ретинде қурбанлыққа берди. 18Соңынан Муўсаның китабында жазылғанындай, руўханийлерди топарлары ҳәм лебийлилерди шақаплары бойынша Ерусалимдеги Қудайдың Ибадатханасындағы хызметке қойды.Қутқарылыў байрамының нышанланыўы
19Биринши айдың он төртинши күни сүргиннен қайтқанлар Қутқарылыў байрамын нышанлады. 20Себеби руўханийлер менен лебийлилер өзлерин пәклеў рәсиминен өткерген болып, олардың ҳәммеси пәк еди. Лебийлилер сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси ушын, руўханий туўысқанлары ушын ҳәм өзлери ушын Қутқарылыў байрамының қурбанлығын шалды. 21Сүргиннен қайтқан Израил халқы ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныў ушын, өзлерин әтираптағы халықлардың напәкликлеринен сақлаған адамлардың ҳәммеси қурбанлық гөшинен жеди. 22Олар жети күн қуўаныш пенен Ашытқысыз нан байрамын байрамлады. Себеби Жаратқан Ийе оларды қуўанышқа бөлеген еди ҳәм Израилдың Қудайы болған Қудайдың Үйиниң қурылысына жәрдем бериў ушын Ассирия патшасының жүрегин жибиткен еди.
Copyright information for
KaaIBT22C