Ezra 7
Эзраның Ерусалимге келиўи
1Бул ўақыялардан кейин, Персия патшасы Артаксеркстиң ҳүкимдарлығы дәўиринде Эзра деген бир адам жасады. Ол Серая улы еди, Серая Азария улы, Азария Хилкия улы, 2Хилкия Шаллум улы, Шаллум Садоқ улы, Садоқ Ахитуб улы, 3Ахитуб Амария улы, Амария Азария улы, Азария Мерайот улы, 4Мерайот Зерахия улы, Зерахия Уззий улы, Уззий Буккий улы, 5Буккий Абишуа улы, Абишуа Пинехас улы, Пинехас Элазар улы, ал Элазар бас руўханий Харонның улы еди. 6Усы Эзра Бабилониядан Ерусалимге келди. Эзра Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Муўсаға берген Нызамын жетик билетуғын улама еди. Қудайы Жаратқан Ийениң қолы оның үстинде болғанлығы себепли, патша оған сораған нәрсесиниң ҳәммесин берди. 7Патша Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жетинши жылы Израил халқынан айырым адамлар, сондай-ақ руўханийлерден, лебийлилерден, қосықшылардан, дәрўаза қараўылларынан ҳәм Ибадатхана хызметшилеринен айырымлары да оның менен бирге Ерусалимге қайтты. 8Эзра Ерусалимге келгенде, Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жетинши жылының бесинши айы еди. 9Ол биринши айдың биринши күни Бабилониядан жолға шығып, өз Қудайының мийримли қолы астында бесинши айдың биринши күни Ерусалимге жетип келди. 10Себеби Эзра өз өмирин Жаратқан Ийениң Нызамын үйрениўге, оларды орынлаўға ҳәм Израилда қағыйда ҳәм нызамларды үйретиўге бағышлаған еди.Патша Артаксеркстиң Эзраға берген хаты
11Жаратқан Ийениң буйрықларын ҳәм Оның Израилға берген қағыйдаларын жақсы билетуғын улама ҳәм руўханий Эзраға патша Артаксеркстиң берген хатының мазмуны мынадай еди: 12«Патшалар патшасы Артаксеркстен аспанның Қудайының Нызамын жетик билетуғын улама, руўханий Эзраға сәлем! 13Мен мынаны буйыраман: патшалығымда жасайтуғын Израил халқынан болған ҳәр бир адамның, сондай-ақ сениң менен бирге Ерусалимге кетиўди қәлеген руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң кетиўине рухсат беремен. 14Сен қолыңдағы Қудайдың Нызамына тийкарланып, Яҳуда менен Ерусалимдеги жағдайды үйрениў ушын патша ҳәм оның жети мәсләҳәтшиси тәрепинен жиберилип атырсаң. 15Ерусалимде мәкан басқан Израилдың Қудайына арнап, патша ҳәм оның жети мәсләҳәтшиси ықтыярлы түрде берген гүмис ҳәм алтынларды сол жерге жеткересең. 16Және де, Бабилон ўәлаятынан өзиң жыйнайтуғын барлық гүмис ҳәм алтынды, өзлериниң Қудайының Ерусалимдеги Үйине арнап халық ҳәм руўханийлер берген ықтыярлы садақаларды да алып кетесең. 17Бул пулларға сен таналар, қошқарлар, тоқлылар, олардың ғәлле садақаларын ҳәм ишимлик садақаларын сатып ал. Оларды Қудайыңның Ерусалимдеги Үйиниң қурбанлық орнында қурбанлыққа бер. 18Қалған гүмис ҳәм алтынларды туўысқанларың менен бирге Қудайдың еркине сай қәлегениңше ислет. 19Қудайыңның Үйиндеги хызметке қолланыў ушын берилген ыдысларды Ерусалимниң Қудайына тапсыр. 20Қудайыңның Үйи ушын не нәрсе талап етилсе де, жеткизиўиң керек болған ҳәр бир нәрсени патшаның қазнасынан аларсаң. 21Енди мен, патша Артаксеркс дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң барлық қазнашыларына буйыраман: аспанның Қудайының Нызамы бойынша улама, руўханий Эзраның сизлерден талап қылған нәрсесиниң ҳәммесин сөзсиз бериңлер. 22Оған 100 талантқа ▼▼ 100 талант – бир талант шама менен 34 кг.
шекем гүмис, 100 корға ▼▼ 100 кор – бир кор шама менен 220 л.
шекем бийдай, 100 батқа ▼▼ 100 бат – бир бат шама менен 22 л.
шекем шарап, 100 батқа шекем зәйтүн майы ҳәм қәлегенинше дуз бериңлер. 23Аспанның Қудайы Өз Үйи ушын нени буйырса, соны булжытпай орынлаңлар. Оның ғәзебин мениң ҳәм улларымның патшалығына қарсы лаўлатыўдың не кереги бар? 24Мынаны да билип қойыңлар: руўханийлердиң, лебийлилердиң, қосықшылардың, дәрўаза қараўылларының, Үй хызметшилериниң ҳәм Қудайдың сол Үйиндеги басқа хызметшилердиң ҳеш биринен салғырт та, салық та, бажы пулы да алынбасын. 25Саған келсек, Эзра, Қудайыңның өзиңе берген даналығы менен ҳәкимлер ҳәм қазылар тайынла. Олар дәрьяның арғы тәрепиндеги сениң Қудайыңның нызамларын билетуғын барлық халықты ҳүким етсин. Ал нызамларды билмейтуғынларға тәлим бер. 26Қудайыңның нызамларына ҳәм патшаның буйрықларына бойсынбағанлар жазаға тартылсын: өлимге ҳүким етилсин, сүргинге жиберилсин, мал-мүлки тартып алынсын яки сөзсиз қамаққа таслансын». Эзраның Қудайды алғыслаўы
27Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Үйине ҳүрмет көрсетиў ушын патшаның жүрегине усындай қәлеўди салған ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! 28Ол патшада, оның мәсләҳәтшилеринде ҳәм барлық күшли басшыларында маған деген мийрим оятты. Қудайым Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болғанлықтан жигерлендим ҳәм өзим менен алып кетиў ушын Израилдың басшыларын топладым.
Copyright information for
KaaIBT22C