‏ Ezra 8

Эзра менен бирге Ерусалимге қайтып келгенлердиң дизими

1Артаксеркстиң патшалығы дәўиринде мениң менен бирге Бабилониядан келген урпақ басшылары ҳәм олардың дизими мынадай: 2Пинехас урпағынан Гершом,
Итамар урпағынан Даниел,
Даўыттың нәсилинен болған
3Шекания урпағынан Хаттуш;
Парош урпағынан Зехария ҳәм оның менен бир нәсилден дизимге алынған 150 еркек;
4Пахат-Моаб урпағынан Зерахия улы Элиеҳоенай ҳәм оның менен бирге 200 еркек;
5Затту урпағынан Яхазиел улы Шекания ҳәм оның менен бирге 300 еркек;
6Адин урпағынан Ионатан улы Эбед ҳәм оның менен бирге 50 еркек;
7Элам урпағынан Аталия улы Ешая ҳәм оның менен бирге 70 еркек;
8Шефатия урпағынан Михаил улы Зебадия ҳәм оның менен бирге 80 еркек;
9Иоаб урпағынан Ехиел улы Обадия ҳәм оның менен бирге 218 еркек;
10Баний урпағынан Иосифияның улы Шеломит ҳәм оның менен бирге 160 еркек;
11Бебай урпағынан Бебай улы Зехария ҳәм оның менен бирге 28 еркек;
12Азгад урпағынан Ҳаққатан улы Юханан ҳәм оның менен бирге 110 еркек;
13Адониқамның Элифелет, Еиел, Шемая деген ең соңғы уллары ҳәм олар менен бирге 60 еркек;
14Бигўай урпағынан Утай, Заккур ҳәм олар менен бирге 70 еркек.

Ерусалимге қайтыў

15Мен оларды Аҳаўаға қарай ағып турған өзектиң бойына топладым. Бизлер сол жерде үш күн турдық. Мен халық ҳәм руўханийлер арасынан лебийлилерди изледим, бирақ Лебий урпағынан ҳеш кимди таба алмадым. 16Сонлықтан басшылардан Элиезерди, Ариелди, Шемаяны, Элнатанды, Ярибти, Элнатанды, Натанды, Зехарияны, Мешулламды ҳәм алымлардан Иояриб пенен Элнатанды шақырттым. 17Оларды Касифия деген жердиң басшысы Иддо деген адамға жибердим. Олардың Қудайдың Үйинде хызмет ететуғын адамларды жибериўи ушын, Иддоға ҳәм Касифия деген жердеги Ибадатхана хызметшилери болған туўысқанларына нелерди айтыўы кереклигин үйреттим. 18Қудайымыздың мийримли қолы бизлердиң үстимизде болғанлығы себепли, олар Израилдың улы Лебийдиң нәсилинен, Махлийдиң урпағынан Шеребия деген дана бир адамды жиберди. Ол өзи менен бирге уллары ҳәм туўысқанларынан 18 адамды әкелди. 19Сондай-ақ, Хашабияны, Мерарий урпағынан Ешаяны ҳәм туўысқанлары менен олардың улларынан 20 адамды, 20лебийлилерге жәрдемлесиў ушын Даўыт ҳәм оның хызметшилери қойған Ибадатхана хызметшилеринен 220 адамды алып келди. Олардың ҳәммеси атпа-ат дизимге алынған.

21Сонда Қудайымызға бойсыныў, Оннан өзлеримиз, балаларымыз ҳәм пүткил дүнья малымыз ушын, ҳақ жол сораў ушын Аҳаўа өзегиниң бойында ораза жәрия еттим. 22Бизлер патшаға: «Қудайымыз Өзин излегенлердиң ҳәммесиниң үстине мийримли қолын қояды, ал Өзинен жүз бурғанларға күшли ғәзебин шашады», – деген едик. Сонлықтан жолда бизлерди душпаннан қорғаў ушын әскерлер ҳәм атлылар сораўға уялдым. 23Солай етип, бизлер ораза тутып, Қудайымызға жолымыз ушын жалбарындық, Ол да дуўамызды қабыл етти.

Ибадатхана ушын саўғалар

24Соңынан басшы руўханийлер арасынан он екисин: Шеребияны, Хашабияны ҳәм олардың туўысқанларынан онын таңлап алдым. 25Кейин патшаның, оның мәсләҳәтшилериниң, басшыларының ҳәм сол жердеги пүткил израиллылардың Қудайымыздың Үйи ушын берген барлық садақаларын: гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды тәрезиге тартып, оларға бердим. 26Мен оларға берген затлардың өлшеми мынадай еди: 650 талант гүмис, 100 талантлық гүмис ыдыслар, 100 талант алтын. 27Нарқы 1000 дарик болған 20 алтын тостаған, алтындай қунлы, жылтыр мыстан исленген еки ыдыс. 28Мен оларға былай дедим: «Сизлер – Жаратқан Ийениң мухаддесисизлер, ыдыслар да мухаддес. Гүмис ҳәм алтын – сизлердиң ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийеге берилген ықтыярлы садақалар. 29Руўханийлердиң басшылары, лебийлилер ҳәм израиллылардың урпақ басшылары алдында өлшеп, Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Үйиниң қазнасына тапсырғаныңызша сергек болып, оларды сақлаңлар». 30Солай етип, руўханийлер ҳәм лебийлилер Ерусалимге, Қудайымыздың Үйине алып барыў ушын, тәрезиге тартылған гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды қабыл етип алды.

31Бизлер биринши айдың он екинши күни Ерусалимге барыў ушын Аҳаўа өзеги бойынан жолға шықтық. Қудайымыздың қолы бизлердиң үстимизде болып, жолымызда Ол бизлерди душпанлардың ҳүжиминен ҳәм қарақшылардан қорғады. 32Солай етип, бизлер Ерусалимге жетип келип, ол жерде үш күн дем алдық.

33Төртинши күни Қудайымыздың Үйине барып, гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды тәрезиге тартып, Урия улы руўханий Меремотқа тапсырдық. Пинехас улы Элазар оның қасында болды. Лебийли Ешуа улы Иозабад ҳәм Биннуй улы Ноадия да олар менен бирге еди. 34Ҳәр бир нәрсе саналды ҳәм тәрезиге тартылды. Өлшенген затлардың ҳәммеси сол ўақытта жазып қойылды.

35Тутқыннан келгенлер, яғный сүргиннен қайтып келгенлер Израилдың Қудайына арнап, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Олар пүткил израиллылар ушын он еки буға, тоқсан алты қошқар, жетпис жети тоқлы шалды. Ал гүна қурбанлығы ушын он еки текени қурбанлыққа шалды. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге усынылған жандырылатуғын қурбанлықлар еди. 36Сүргиннен қайтқанлар патшаның буйрықларын патшаның найыпларына
Найыплар – Персия империясында жоқары лаўазымды ийелеген басшылар. Олар бириккен бир неше ўәлаятларды басқаратуғын еди.
ҳәм дәрьяның арғы тәрепиндеги ўәлаятларының ҳәкимлерине берди. Олар да Израил халқын ҳәм Қудайдың Үйин қоллап қуўатлайтуғын болды.
Copyright information for KaaIBT22C