‏ Ezra 9

Эзраның дуўасы

1Бул ўақыялардан кейин, басшылар алдыма келип былай деди: «Израил халқы, ҳәтте, руўханийлер менен лебийлилер де айналамыздағы халықлардың: қанан, хет, периз, ебус, аммон, моаб, амор халықларының ҳәм мысырлылардың жеркенишли нәрселеринен еле арылмады. 2Себеби өзлери де, уллары да усы халықлардың қызларына үйленген. Усылайынша мухаддес туқым әтираптағы халықлар менен араласып кеткен. Басшылар ҳәм хызметкер адамлар бул опасызлыққа бас болды».

3Мен бул гәплерди еситкенимде, көйлек-шапанымды жыртып, шаш-сақалымды жулып, қатты қапа болып жерге отырып қалдым. 4Сонда сүргиннен қайтқанлардың опасызлығына байланыслы, Израилдың Қудайының сөзлеринен қорққанлардың ҳәммеси мениң жаныма топланды. Мен болсам, кешки қурбанлық ўақтына шекем қайғыға батып отырдым. 5Ал кешки қурбанлық ўақтында қайғыға батып, көйлек-шапаным жыртылған ҳалда отырған орнымнан турдым. Дизерлеп отырып қолларымды жайып, Қудайым Жаратқан Ийеге 6былай дедим: «Қудайым! Басымды көтерип Саған қараўға уялып ҳәм қысынып турман. Себеби гүнамыз басымыздан асып, айыбымыз аспанға жеткен. 7Ата-бабаларымыздың заманынан баслап усы күнге шекем айыпқа көмилип қалғанбыз. Гүнамыз себепли бизлер өзлеримиз, патшаларымыз, руўханийлеримиз басқа еллердиң патшаларының қолына тапсырылдық, өлтирилдик, тутқынға алындық, таландық ҳәм бүгингидей шерменде болдық. 8Бирақ бүгин Қудайымыз Жаратқан Ийе! Сен бизлерге қысқа ўақытқа мийрим көрсетип, айырымларымызды тири қалдырдың. Қуллықта болғанымызда көзимизге нур бериў ҳәм аз ғана болса да, еңсемизди көтериў ушын, Өзиңниң мухаддес орныңнан мәкан жай бердиң.

9Себеби бизлер қуллар едик. Бирақ Қудайымыз, Сен бизлерди қуллыққа таслап қоймадың. Сен Персия патшаларының жүрегинде бизлерге деген мийрим ояттың. Өзиңниң Үйиңди қурыўымыз ҳәм қарабақанаға айланған Үйди қайта тиклеўимиз ушын жаңа өмир бердиң. Және де, Ерусалимде ҳәм Яҳудада бизлерге қорғаныў дийўалын бердиң.

10Ал енди, Қудайымыз, буннан кейин не дей аламыз? Өйткени Сениң буйрықларыңнан жүз бурдық. 11Сен Өз қулларың пайғамбарлар арқалы мынадай буйрық берген едиң: „Сизлер ийелик етиў ушын кирип атырған жер – ҳарам жер. Ол сол жерде жасап атырған халықлардың ҳарамлықлары ҳәм жеркенишли дәстүрлери менен ҳарамланған. Олар елди бастан аяғына өз напәклигине толтырған. 12Сонлықтан олар менен қыз берисип, қыз алыспаңлар. Ҳеш қашан олардың тынышлығы ҳәм ийгилиги ушын ҳәрекет етпеңлер. Сонда күшли боласыз, бул жердиң өниминен жеп, оларды өз балаларыңызға мәңгиге мийрас етип бересиз“. 13Басымызға түскенлердиң ҳәммеси өзлеримиздиң жаман ислеримиз ҳәм үлкен айыбымыз себепли болды. Бирақ Сен, Қудайымыз, бизлерди ислеген исимизге қарағанда жеңил жазаладың ҳәм айырымларымызды тири қалдырдың. 14Енди қалайынша және Сениң буйрықларыңды бузып, усындай жеркенишли ислерди ислеп атырған халықлар менен қуда-тамыр бола аламыз? Егер солай ислесек, онда Сен бизлерге ғәзепленип, бирде биреўимизди тири қалдырмай, қырып тасламайсаң ба? 15Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Сен әдилсең. Бүгинги күнге келип бизлер аман қалдық. Сениң алдыңда турыўға ҳақымыз болмаса да, мине, бизлер өз айыпларымызды арқалап, Сениң алдыңда турмыз».
Copyright information for KaaIBT22C