‏ Galatians 1

Сәлемнама

1 2Адамлар тәрепинен ямаса адамлар арқалы емес, ал Ийса Масийх ҳәм Оны өлимнен тирилткен Әкемиз Қудай тәрепинен елши болып тайынланған мен, Павелден ҳәм мениң менен бирге болған барлық туўысқанлардан, Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге сәлем!

3Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! 4Әкемиз Қудайдың ерки бойынша, Ийса Масийх бизлерди ҳәзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Өзин қурбан етти. 5Қудайымызға мәңги-бақый даңқ болсын! Аўмийин.

Хош Хабар жалғыз

6Сизлерди Масийхтың мийрими арқалы шақырған Қудайдан соншелли тез жүз бурып, басқа бир «хош хабар» ға аўып кеткениңизге ҳайранман. 7Негизинде басқа бир «хош хабар» жоқ. Ал, сизлердиң ақылыңызды шатастырып, Масийхтың Хош Хабарын бурмаламақшы болып атырғанлар ғана бар.

8Бирақ егер де бизлер өзлеримиз келип, ямаса аспаннан бир периште келип, өзлеримиз сизлерге айтқан Хош Хабарға қарсы «хош хабар» жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын! 9Бурын айтқанымызды және қайталап айтаман: егер ким де ким сизлер қабыл еткен Хош Хабарға қарсы бир «хош хабар» ды жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын!

10Енди мен адамлардың мақтаўын қәлеп атырман ба ямаса Қудайдың ба? Я болмаса, адамларға жағыныўға тырысып атырман ба? Егер елеге дейин адамларға жағынбақшы болғанымда, онда мен Масийхтың хызметшиси бола алмас едим.

Павел қалай Масийхтың елшиси болды

11Туўысқанларым, мен жәриялаған Хош Хабарды адам ойлап шығармағанын билиўиңизди қәлеймен. 12Мен бул Хош Хабарды адамнан қабыл етпедим ҳәм ҳеш кимнен үйренбедим. Оны маған Ийса Масийхтың Өзи аян арқалы билдирди.

13Мен яҳудий дининде болғанымда, қалай өмир сүргеним ҳаққында еситкенсизлер. Қудайдың жәмәәтин аяўсыз қуўдалап, оны қуртыўға тырысатуғын едим. 14Яҳудий дининде өз миллетимдеги көп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерин орынлаўға жан-тәним менен ғайрат салатуғын едим.

15 16Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап, Өз мийрими менен шақырған Қудай басқа миллетлер арасында Хош Хабарды жәриялаўым ушын, маған Улын ашып билдириўге ыразы болды. Сонда мен адамлар менен мәсләҳәтлесип отырмадым. 17Ерусалимге, яғный меннен бурын елши болғанларға да бармадым. Ал дәрҳал Арабстанға кетип, кейин және Дамаскке қайтып келдим. 18Үш жылдан кейин Кифа
Кифа – яғный Петр.
менен танысыў ушын Ерусалимге бардым. Оның жанында он бес күн болдым.
19Бирақ, басқа елшилердиң ҳеш бирин көрмедим, тек Ийемиздиң иниси Яқыпты ғана көрдим. 20Сизлерге жазып атырғанларымның өтирик емес екенлигин Қудайдың алдында билдирип атырман. 21Буннан соң, мен Сирия ҳәм Киликия үлкелерине кеттим. 22Ал Яҳудиядағы Масийхқа тийисли жәмәәтлер мени жүзбе-жүз танымайтуғын еди. 23Олар тек: «Бир ўақытлары бизлерди қуўдалаған адам бурын өзи жоқ қылмақшы болған исеним ҳаққында енди өзи жәриялап жүр», – дегенди еситип, 24мен ушын Қудайды алғыслаған еди.
Copyright information for KaaIBT22C