Galatians 2
Басқа елшилердиң Павелди қабыл етиўи
1Арадан он төрт жыл өткеннен соң, Барнаба менен бирге және Ерусалимге бардым. Жаныма Титусты да алдым. 2Ол жерге Қудайдан алған аяным себепли бардым. Сол жердеги жәмәәт жетекшилери менен жеке сөйлесип, басқа миллетлер арасында өзим жәриялап жүрген Хош Хабарды баян еттим. Ислеген мийнетим ҳәм ҳәзир ислеп атырған ис-ҳәрекетимниң зая кетпеўи ушын усылай иследим. 3Ал олар мениң жанымдағы Титустың грек болыўына қарамай, оны сүннет етилиўге мәжбүрлемеди. 4Бирақ арамызға жасырын кирген айырым жалған туўысқанлар бар еди. Олар бизлерге Ийса Масийх берген азатлықты көре алмай, бизлерди Нызамдағы қағыйдаларға қул қылмақшы еди. 5Ал бизлер Хош Хабардың ҳақыйқаты сизлер менен бәрқулла бирге болсын деп, оларға бир дем де бойсынып, тәслим болмадық. 6Ерусалим жәмәәтиниң жетекшилери қаншелли атақлы болса да, мен ушын бәри бир: Қудай адамларды айырмайды. Олар мениң жәриялаў исиме қосымша ҳеш нәрсе жүклемеди. 7Керисинше, Хош Хабарды яҳудийлерге жәриялаў иси Петрге исенип тапсырылғандай, басқа миллетлерге жәриялаў иси маған исенип тапсырылғанын олар билди. 8Себеби Петрди яҳудийлер ушын елши етип тайынлаған Қудай мени де басқа миллетлер ушын елши етип тайынлады. 9Исениўшилер жәмәәтиниң тиреклери есапланған Яқып, Кифа ҳәм Юхан Қудайдың маған берген мийримин мойынлап, маған ҳәм Барнабаға бирдемлик қолларын созды. Солай етип, бизлердиң басқа миллетлерге, ал өзлериниң яҳудийлерге кетиўин мақул көрди. 10Тек еле де жарлыларға жәрдем бериўди естен шығармаўымызды өтиниш етти. Мен де бул исти шын кеўилден ислеўге тырысып киятырған едим.Павелдиң Петрди әшкаралаўы
11Кифа Антиохияға келгенде, оның қәтесин бетине айтып әшкара еттим. 12Өйткени Яқыптың жанынан базы адамлар келместен алдын Кифа басқа миллет исениўшилери менен бирге аўқат жейтуғын еди. Бирақ сол яҳудийлер келгенде қорқып, сүннет етилмеген басқа миллет исениўшилеринен өзин шетке алды ҳәм олар менен байланысты үзди. 13Басқа яҳудийлер де Кифаға уқсап еки жүзлилик иследи. Ҳәтте, Барнаба да олардың еки жүзлилигине берилди. 14Олардың Хош Хабардың ҳақыйқаты бойынша ис тутпай атырғанын көргенимде, ҳәммениң алдында Кифаға былай дедим: «Сен яҳудий бола тура, яҳудий сыяқлы емес, ал басқа миллет адамы сыяқлы жасап атырсаң. Енди қалайынша сен басқа миллет адамларын яҳудийлесиўге мәжбүрлейсең? 15Бизлер яҳудий болып туўылдық, басқа миллетлер сыяқлы гүнакар ▼▼ Гүнакар – яҳудийлердиң ойы бойынша, Мухаддес Нызамсыз жасайтуғын басқа миллет адамлары гүнакар болып есапланатуғын еди.
емеспиз. 16Бирақ та, адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы емес, ал Ийса Масийхқа деген исеними арқалы ақланатуғынын билемиз. Сонлықтан бизлер де Мухаддес Нызамды орынлап жасағанымыз арқалы емес, ал Масийхқа деген исенимимиз бенен ақланамыз деп, Ийса Масийхқа исендик. Себеби ҳеш бир адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы ақланбайды». 17Егер Масийх арқалы ақланыўды излеп, өзлеримиз гүнакар болып шықсақ, Масийх бизлерди гүнаға жетелеўши болғаны ма? Ҳеш қашан! 18Егер мен өзим кешкен нәрсени қайтадан қабыл қылсам, онда мен өзимниң нызам бузыўшы екенимди дәлиллеген боламан. 19Қудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында өлгенмен. 20Мен Масийх пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масийх жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман. 21Мен Қудайдың мийримин қәдирсиз деп есапламайман. Егер де Мухаддес Нызам арқалы ақланыў мүмкин болғанда, онда Масийх бийкарға өлген болар еди.
Copyright information for
KaaIBT22C