‏ Galatians 3

Мухаддес Нызам ҳәм исеним

1Ҳәй, ақылсыз галатиялылар! Сизлерди ким сыйқырлап таслады?
Сизлерди ким сыйқырлап таслады? – Базы қолжазбаларда мынадай: «Ҳақыйқатқа бойсынбайтуғындай, ким сизлерди сыйқырлап таслады?»
Ийса Масийхтың атанақ ағашқа шегеленип қойылғаны көз алдыңыздан кетпестей етип сүўретлеп берилген жоқ па еди?
2Сизлерден бир нәрсени ғана билмекшимен: сизлер Мухаддес Руўхты қалай алдыңлар? Мухаддес Нызамды орынлап па ямаса өзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенип пе? 3Сизлер соншелли ақылсыз болғаныңыз ба? Мухаддес Руўх пенен баслап, енди неге адамның ис-ҳәрекети менен минсизликке ерисиўге тырысып атырсызлар? 4Бийкарға сонша азап шектиңиз бе?! Ҳақыйқаттан да, бийкарға ма?! 5Сизлерге Мухаддес Руўхын берген ҳәм араңызда кәраматлар көрсеткен Қудай буны Мухаддес Нызамды орынлағаныңыз ушын ислеп атыр ма ямаса өзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенгениңиз ушын ба?

6Ибрайымның мысалын алып қарайық: «Ол Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ҳақ деп санады». 7Солай етип, мынаны билип қойыңлар: исенгенлердиң ҳәммеси Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болады.

8Мухаддес Жазыў Қудайдың басқа миллетлерди исеними арқалы ақлайтуғынын билдирип, Ибрайымға: «Барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деп қуўанышлы хабарды алдын ала жиберген еди. 9Солай етип, исенгенлер исениўши Ибрайым менен бирге жарылқанады.

10Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланатуғынына исенетуғынлардың ҳәммесине нәлет жаўады. Өйткени Мухаддес Нызамда былай деп жазылған: «Мухаддес Нызам китабында жазылған ҳәмме нәрсени муқыятлы түрде орынламайтуғын ҳәр бир адам нәлетий болады». 11Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ҳеш бир адам Қудай алдында ақлана алмайтуғыны анық. Себеби: «Ҳақ адам исеними менен жасайды», – деп жазылған. 12Мухаддес Нызамның тийкары исеним емес. Керисинше: «Мухаддес Нызамдағы буйрықларды орынлаған адам олар арқалы жасайды», – деп жазылған. 13 14Масийх бизлер ушын нәлетленгенликтен, Қудайдың Ибрайымға берген жарылқаўы Масийх Ийса арқалы басқа миллетлерге несип етеди ҳәм бизлер ўәде етилген Мухаддес Руўхты исенимимиз арқалы аламыз. Масийх бизлерди Мухаддес Нызамның нәлетинен қутқарды. Өйткени: «Ағашқа асылған ҳәр бир адам нәлетий», – деп жазылған.

Мухаддес Нызам ҳәм Қудайдың ўәдеси

15Туўысқанларым! Адамлар өмиринен мысал келтирейин: адамлар арасында дүзилген келисимди бийкарлаўға ямаса оған бир нәрсе қосыўға болмайды. 16Қудай Ибрайымға ҳәм оның урпағына ўәде бергенде: «сениң урпақларыңа» деп көп адамларды нәзерде тутып айтқан жоқ, ал «сениң урпағыңа» деп, тек бир адамды, яғный Ийса Масийхты нәзерде тутып айтқан еди . 17Мениң айтажағым мынаў: төрт жүз отыз жылдан соң пайда болған Мухаддес Нызам Қудайдың алдын ала дүзген келисимин бийкарлап, ўәдесиниң күшин жоқ қылмайды. 18Себеби егер Қудайдың берген мийрасы Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы берилгенде, онда ол ўәде бойынша болмайды. Бирақ Қудай мийрасты Ибрайымға ўәде бойынша берген еди.

19Ондай болса, Мухаддес Нызам не ушын берилген? Ол гүналарымызды ашып көрсетиў ушын, келисимге қосымша етип берилген. Өзи Қудайдың ўәдеси ҳәм Ибрайымның урпағы болған Масийх келгенге дейин ғана Мухаддес Нызам ҳәрекет етеди. Ол периштелер арқалы тәўеллешиниң қолы менен берилген еди. 20Ал тәўеллеши тек бир тәрепке тийисли емес. Бирақ Қудай – жалғыз.

Мухаддес Нызамның мақсети

21Олай болса, Мухаддес Нызам Қудайдың ўәделерине қарсы ма? Ҳеш қашан! Өйткени егер де өмир бере алатуғын нызам берилген болса, онда адамлар, әлбетте, нызам арқалы ақланар еди. 22Бирақ, Ийса Масийхқа деген исенимге тийкарланған ўәде исенгенлерге берилиў ушын, Мухаддес Жазыў пүткил барлықты гүнаның тутқыны деп жәриялады.

23Бул исеним пайда болыўдан алдын бизлер Мухаддес Нызамның бақлаўы астында болып, келешектеги исенимниң айқынласыўына шекем Мухаддес Нызамның тутқыны едик. 24Басқаша айтқанда, исеним арқалы ақланыўымыз ушын, Масийх келиўге дейин Мухаддес Нызам тәрбияшымыз болды. 25Бирақ исеним пайда болғаннан соң, бизлер енди тәрбияшымыз болған Мухаддес Нызамның қол астында емеспиз.

26Солай екен, Масийх Ийсаға исенгениңиз ушын, ҳәммеңиз Қудайдың балаларысыз. 27Суўға шомылдырылғанда
Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим адамлардың Қудайдың алдында тәўбе етип, таза өмирди баслаўының нышаны.
ҳәр бириңиз Масийхқа бөлендиңлер.
28Ендигиден былай, яҳудий менен гректиң, қул менен азат адамның, еркек пенен ҳаялдың арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Өйткени ҳәммеңиз Масийх Ийсада бирсиз. 29Егер Масийхқа тийисли болсаңыз, онда Ибрайымның урпағысыз, Қудайдың ўәдеси бойынша мийрасхорларсыз.
Copyright information for KaaIBT22C