‏ Galatians 4

1Және айтажағым мынаў: мийрасхор ҳәмме нәрсениң ийеси болса да, бала ўақтында оның қулдан айырмашылығы жоқ. 2Ол әкесиниң белгилеген ўақтына дейин тәрбияшылар менен үй басқарыўшысының бақлаўы астында болады.

3Усы сыяқлы, бизлер де балалық ўақтымызда, яғный ҳақыйқатлықты толық түсинбеген ўақтымызда дүньяның мәниссиз қағыйдаларының қулы едик. 4 5Бирақ ўақты келгенде, Қудай Өз Улын жиберди. Ол Мухаддес Нызамның қулы болғанлардың қутқарылыўы ушын ҳәм бизлердиң Қудайдың балалары болыўымыз ушын ҳаялдан туўылып, Мухаддес Нызамға бойсынып жасады. 6Сизлер енди Қудайдың балалары болдыңлар. Сонлықтан Ол Өз Улының Руўхын жүреклериңизге жиберди. Усы Руўх арқалы сизлер Қудайды: «Әке, Әкежаным!» деп шақырыўыңызға болады. 7Сол себептен сен енди қул емессең, ал Қудайдың перзентисең. Қудайдың перзенти болғаның ушын, Қудай сени мийрасхор етти.

Павелдиң галатиялылар ушын тәшиўишлениўи

8Бурын сизлер Қудайды билмей, негизи Қудай болмаған нәрселерге қул болдыңлар. 9Енди болса, Қудайды билип алдыңлар, туўрырағы, сизлерди Қудай таныйды. Солай екен, неге енди және дүньяның ҳәлсиз ҳәм қәдирсиз қағыйдаларына қайтып баратырсызлар. Қайтадан және олардың қуллары болмақшымысызлар? 10Күнлер, айлар, мәўсимлер ҳәм жылларды белгилейсизлер. 11Сизлер ушын бийкарға мийнет еттим бе екен, деген тәшиўиштемен.

12Туўысқанларым! Сизлерден өтиниш етемен, мен сыяқлы болыңлар. Себеби мен де сизлер сыяқлы болдым. Сизлер маған ҳеш қандай жаманлық ислемедиңлер. 13Хош Хабарды сизлерге биринши мәрте денсаўлығымның ҳәлсизлиги себепли жәриялағанымнан хабарыңыз бар. 14Мениң денсаўлығымның жағдайы сизлер ушын бир сынақ болса да, мени пәс көрип, айырып тасламадыңыз. Керисинше, мени Қудайдың бир периштесиндей, ҳәтте, Ийса Масийхтай қабыл еттиңлер. 15Енди сол қуўанышыңыз қаяқта?! Сизлерге өзим гүўаман: қолларыңыздан келсе, көзлериңизди ойып, маған берер едиңлер. 16Енди сизлерге ҳақыйқатты айтаман деп, душпаныңыз болдым ба?

17Мухаддес Нызамды орынлаўды талап еткенлер сизлерди өз тәрепине аўдарыўға тырысып атыр, бирақ бул жақсы нийет емес. Өзлерине бағындырыў ушын, олар сизлерди бизлерден айырмақшы. 18Жақсы нийет пенен тырысыў – бул жақсы нәрсе. Бул тек мен сизлердиң араңызда болғанымда емес, ал бәрқулла усылай болса жақсы. 19Балаларым! Масийх сыяқлы болмағаныңызша, мен сизлерди қайтадан туўып атырғандай, толғақ азабын шекпектемен. 20Ҳәзир жаныңызда болып, даўысымды мүләйим қылып өзгертсем еди. Өйткени сизлерди не қыларымды билмей, аң-таң болып турман.

Ажар ҳәм Сара мысалы

21Мухаддес Нызам астында жасаўды қәлеген сизлер маған айтыңларшы, Мухаддес Нызамның не дейтуғынын билмейсизлер ме? 22Себеби Ибрайымның еки улы болды: биреўи шоры ҳаялдан, екиншиси азат ҳаялынан еди, деп жазылған . 23Шоры ҳаялдан болған улы әпиўайы жол бойынша, ал азат ҳаялдан болған улы ўәде бойынша туўылды.

24Бунда тымсал мәниси бар. Бул еки ҳаял еки келисимди аңлатады. Биреўи қуллықта болатуғын балаларды туўатуғын Ажар – Синай таўында дүзилген келисимниң тымсалы. 25Арабстандағы Синай таўының тымсалы болған Ажар ҳәзирги Ерусалимди аңлатады. Өйткени бул қала өз халқы менен еле де Мухаддес Нызамның қуллығында. 26Бирақ, аспандағы Ерусалимниң тымсалы болған Сара азат, ол бизлердиң анамыз. 27Себеби былай деп жазылған: «Шадлан, ҳәй, бала көрмеген нәсилсиз ҳаял!
Толғатып көрмеген, сен, шадланып бақыр!
Себеби таслап кетилген ҳаялдың балалары,
Күйеўи бар ҳаялдикинен көп болады».

28Туўысқанлар! Сизлер де Ысақ сыяқлы ўәде бойынша туўылған балаларсыз. 29Тәбийғый жол менен туўылған Мухаддес Руўхтың ўәдеси бойынша туўылғанды қалай қуўдалаған болса, ҳәзир де солай болып атыр.

30Бирақ, Мухаддес Жазыў не дейди?

«Шорыны баласы менен бирге қуўып жибер. Себеби шорының улы азат ҳаялдың улы менен теңдей мийрасхор болмасын».

31Солай етип, туўысқанлар, бизлер шоры ҳаялдың емес, ал азат ҳаялдың балаларымыз.
Copyright information for KaaIBT22C