Galatians 5
Азатлығыңызды сақлаңлар!
1Масийх бизлерди еркин өмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан беккем турыңлар, өзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар. 2Қараңлар! Мен, Павел, сизлерге мыналарды айтып атырман: егер сүннет етилсеңиз, Масийхтың сизлерге ҳеш пайдасы жоқ. 3Сүннет етилген ҳәр бир адамды және ескертип атырман: ол пүткил Мухаддес Нызамды орынлаўға парызлы. 4Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыўға тырысып атырған сизлер Масийхтан айырылдыңлар. Қудайдың мийриминен алысладыңлар. 5Бирақ бизлер Мухаддес Руўх себепли исеним арқалы ақланыўдан үмит етип, интизарлық пенен күтпектемиз. 6Ийса Масийхқа исенетуғынлар ушын сүннетлениўдиң де, сүннетленбеўдиң де ҳеш қандай әҳмийети жоқ. Тек сүйиспеншилик пенен ҳәрекет еткен исеним ғана әҳмийетли. 7Сизлер жақсы баратыр едиңлер. Ҳақыйқатқа бойсыныўды даўам етиўден сизлерди ким айнытты? 8Бундай айнытыў сизлерди шақырған Қудай тәрепинен болмады. 9Аз ғана ашытқы пүткил қамырды ашытады. 10Сизлердиң басқаша пикир жүргизбейтуғыныңызға Ийем Ийса алдында исенимим кәмил. Бирақ, сизлердиң ақылыңызды шатастырған ким болыўына қарамай, жазасын тартады. 11Маған келетуғын болсақ, туўысқанларым, егер елеге дейин сүннеттиң керек екенлигин жәриялап келгенимде, қуўдаланар ма едим? Егер олай болғанда, атанақ ағаш ҳаққында айтқан ўазларым себепли машқала туўылмас еди. 12Қәне енди, сизлерди үгитлеп атырғанлардың ҳәммеси өзлерин ақта етсе ▼▼ Ақта етиў – пиштириў.
! 13Туўысқанлар! Қудай сизлерди азат болыўға шақырған. Бирақ бул азатлығыңызды өз тәбиятыңыздың қәлеўлериниң қурбаны қылмаң. Оның орнына бир-бириңизге сүйиспеншилик пенен хызмет етиңлер. 14Пүткил Мухаддес Нызам бир сөзде жәмленген: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». ▼ 15Бирақ бир-бириңиз бенен тислесип, бир-бириңизди жесеңлер, онда бир-бириңизди жоқ етиўден абайлы болыңлар! Адам тәбияты ҳәм Мухаддес Руўх
16Және айтажағым мынаў: Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаңлар! Сонда өз тәбиятыңыздың жаман қәлеўлерине ҳеш қашан бойсынбайсызлар. 17Өйткени адам тәбиятының жаман қәлеўлери Мухаддес Руўхқа, ал Мухаддес Руўх болса адам тәбиятының жаман қәлеўлерине қарсы. Олар бир-бирине қарсы болғанлықтан, сизлер ислеўди қәлеген нәрселериңизди ислей алмайсызлар. 18Ал егер сизлер Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүрсеңлер, онда Мухаддес Нызам астында емессизлер. 19Адамның гүнакар тәбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық, 20бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жәнжелкешлик, күншиллик, ғәзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бөлиниў, 21қызғаншақлық ▼▼ Базы қолжазбаларда «адам өлтириў» деген сөзлер де бар.
, мәскүнемшилик, айшы-әширет ҳәм усыларға уқсаған нәрселер. Сизлерди алдын ескерткенимдей, және ескертип атырман: усындай ис-ҳәрекетлерди ислеўшилер Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. 22Бирақ, адам өмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси – сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырқомлық, садықлық, 23мүләйимлилик ҳәм өзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ. 24Ийса Масийхқа тийисли болғанлар өз тәбиятын қәлеўлери ҳәм нәпсилери менен бирликте атанақ ағашқа шегелеп қойған. 25Мухаддес Руўх өмиримиздиң тийкары болғанлықтан, Оның жетелеўи менен жүрейик. 26Даңқпараз болмайық, бир-биримиздиң ашыўымызға тийип, күншиллик етпейик.
Copyright information for
KaaIBT22C