‏ Galatians 6

Жақсылық қылыўдан жалықпаңлар!

1Туўысқанлар! Егер биреўдиң гүна ислегени мәлим болып қалса, Мухаддес Руўхқа бойсынып жасап атырған сизлер бундай адамды мүләйимлик пенен туўры жолға салыңлар. Сизлер де азғырылмаўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар. 2Бир-бириңиздиң аўырманлығыңызды көтериңлер. Сонда Масийхтың Нызамын орынлайсызлар. 3Егер ким де ким ҳеш нәрсе болмаса да, өзин әҳмийетли адам деп есапласа, өз-өзин алдаған болады. 4Ҳәр бир адам өз ис-ҳәрекетин тексерип көрсин. Сонда өзин басқалар менен салыстырмай, өз табыслары менен мақтана алады. 5Себеби ҳәр бир адам өз аўырманлығын өзи көтериўи тийис.

6Қудайдың сөзин үйрениўши устазы менен барлық ийгиликли нәрселерди бөлиссин.

7Өз-өзиңизди алдамаңлар, Қудайды алдаў мүмкин емес. Адам не ексе, соны орады. 8Өзиниң гүнакар тәбиятына бойсыныўшы сол тәбиятқа тән өлим алады. Мухаддес Руўхқа бойсыныўшы Мухаддес Руўхқа тән мәңгилик өмирди алады. 9Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳәлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз. 10Сонлықтан мүмкиншилигимиз бар екен, ҳәмме адамға, әсиресе исениўши туўысқанларымызға жақсылық ислейик.

Соңғы ескертиўлер ҳәм сәлемнамалар

11Қараңлар, өз қолым менен сизлерге қандай үлкен ҳәриплер менен жазып атырман! 12Сыртқы көриниси менен адамларға унағысы келгенлер Масийхтың атанақ ағашы себепли қуўдаланбаў ушын, сизлерди сүннет етилиўге мәжбүрлемекте. 13Бирақ, сүннет етилгенлердиң өзлери де Мухаддес Нызамды орынламайды. Олар тек сизлердиң денелериңиз бенен мақтаныў ушын ғана сүннет етилиўиңизди қәлеп атыр.

14Ал мен Ийемиз Ийса Масийхтың атанақ ағашынан басқа бир нәрсе менен ҳеш қашан мақтанбайман. Усы атанақ ағаш арқалы дүнья мен ушын өлген, мен де дүнья ушын өлгенмен. 15Сүннетлениўдиң де, сүннетленбеўдиң де ҳеш қандай әҳмийети жоқ, әҳмийетлиси – жаңа жаратылыс болыў. 16Усындай қағыйда бойынша жасап атырғанлардың ҳәммесине, яғный Қудайдың халқына тынышлық ҳәм мийрим-шәпәәт яр болсын!

17Ендигиден былай, ҳеш ким маған жәбир бермесин. Өйткени мениң денемде Ийсаның жарақатларының излери бар.

18Туўысқанлар, Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими руўхыңызға яр болсын! Аўмийин.
Copyright information for KaaIBT22C