‏ Genesis 14:17-20

Мелкиседектиң Ибрамға пәтиясын бериўи

17Ибрам Кедорлаомер ҳәм оның аўқамласлары үстинен жеңиске ерисип қайтып киятырғанда, Содом патшасы оны күтип алыў ушын Шаўе ойпатлығына
Шаўе ойпатлығы – Ерусалимниң шығысындағы Кидрон сайының бир тәрепи.
, яғный Патша ойпатлығына шықты.

18Қудай Тааланың руўханийи болған Салим
Салим – Ерусалимниң ески аты.
патшасы Мелкиседек нан ҳәм шарап алып шықты.
19Ол Ибрамға пәтиясын берип, былай деди:

«Аспан ҳәм жерди жаратқан Қудай Таала
Ибрамды жарылқасын.
20Душпанларыңды тәслим еттирген
Қудай Таалаға алғыслар болсын».

Сонда Ибрам Мелкиседекке өзиндеги барлық нәрселерден оннан бирин берди.
Copyright information for KaaIBT22C