‏ Genesis 17:9-14

9Қудай Ибрайымға және былай деди:

– Ал сен ҳәм сеннен кейинги урпақларың Мениң келисимимди әўладлар даўамында сақлаўыңыз тийис.
10Мениң сениң менен ҳәм сениң урпақларың менен дүзген келисимим, яғный сизлер орынлаўыңыз керек болған келисим мынаў: сизлердиң араңыздағы ҳәр бир ер адам сүннет етилиўи тийис. 11Сизлер сүннет етилиўиңиз шәрт. Сүннет арамыздағы келисимниң белгиси болады. 12Ҳәр бир ер бала, соның ишинде үйиңизде туўылған ямаса урпағыңыздан болмай, қандай да бир шет елли адамнан сатып алынған қуллар сегиз күнлигинде сүннет етилсин. Бул әўладлар бойы даўам етсин. 13Олар үйиңде туўылған болса да, сатып алынған болса да, сүннет етилиўи шәрт. Денеңиздеги бул белги Мениң мәңгилик келисимимниң белгиси болады. 14Сүннет етилмеген ҳәр бир еркек өз халқы арасынан шығарылып жиберилсин. Өйткени ол келисимди бузған болады.
Copyright information for KaaIBT22C