Genesis 25:29-34
29Бир күни Яқып аўқат писирип атырғанда, Эсаў дүзден шаршап, аш болып келди. 30Ол Яқыпқа: – Маған мына қызыл аўқатыңнан бер, мен аш болып турман, – деди. Сол себепли ол Эдом ▼▼ Эдом – «қызыл» дегенди билдиреди.
деп те аталды. 31Яқып оған: – Дәслеп маған туңғышлығыңды сат! – деди. 32Эсаў оған: – Аштан өлейин деп турғанымда, туңғышлықтан маған не пайда? – деди. 33Яқып: – Дәслеп маған ант бер! – деди. Сонда Эсаў Яқыпқа ант берип, өз туңғышлығын оған сатты. 34Соннан кейин, Яқып Эсаўға нан ҳәм қызыл лобия сорпа берди. Эсаў ишип-жеп болып, орнынан турып кетти. Солай етип, Эсаў өз туңғышлығын писент етпеди.
Copyright information for
KaaIBT22C