Genesis 3:1-6
Адамның гүна ислеўи
1Қудай Ийе жаратқан жабайы ҳайўанлардың ишиндеги ең ҳийлекери жылан еди. Жылан ҳаялдан: – Ҳақыйқаттанда да, Қудай бағдағы ҳеш бир теректиң мийўесинен жемең деди ме? – деп сорады. 2Ҳаял жыланға былай деп жуўап берди: – Бизлер бағдағы тереклердиң мийўелеринен жей аламыз. 3Бирақ Қудай: «Бағдың ортасындағы теректиң мийўесинен жемең, оған қол тийгизбең, болмаса өлип қаласыз», – деген еди. 4Жылан ҳаялға: – Яқ, ҳасла өлмейсиз! 5Себеби сол теректиң мийўесинен жегениңизде көзлериңиз ашылып, жақсылық пенен жаманлықты билетуғыныңызды ҳәм Қудай сыяқлы болатуғыныңызды Қудай биледи, – деди. 6Ҳаял теректиң мийўесиниң жеўге жақсы ҳәм көзге жағымлы екенин көрип, оннан билим алыўға болатуғынын билгенликтен, ҳәўеси келди. Сонлықтан ол мийўени үзип алып жеди ҳәм жанындағы күйеўине де берди. Күйеўи де жеди.
Copyright information for
KaaIBT22C