‏ Genesis 4:3-8

3Арадан бир неше ўақыт өткеннен соң, Каин жердиң өниминен Жаратқан Ийеге қурбанлық берди. 4Абыл да өзиниң сүриўиндеги туңғыш төллердиң бир нешесин әкелип, олардың майлы бөлеклерин қурбанлыққа берди. Жаратқан Ийе Абылды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етти. 5Бирақ Каинды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етпеди. Сонда Каин қатты ашыўланып, қабағы қарыс жаўылды.

6Жаратқан Ийе Каинға:

– Сен не ушын ашыўланасаң? Неге қабағың қарыс жаўылады?
7Егер нийетиң жақсы болса, басыңды көтерип жүрмес пе едиң? Бирақ, егер нийетиң жаман болса, есик алдында гүна жатыр. Ол сени өзине тартады, бирақ сен оннан үстем бол, – деди.

8Каин иниси Абылға:

– Жүр, атызға барайық! – деди.

Олар атызда болған ўақытта Каин иниси Абылға топылып, оны өлтирди.
Copyright information for KaaIBT22C