‏ Genesis 45:3-4

3Юсуп туўысқанларына:

– Мен Юсуппен! Әкем еле тири ме? – деди. Бирақ туўысқанлары оның алдында албырап, не деп жуўап берерин билмеди.

4Юсуп оларға:

– Маған жақынырақ келиңлер, – деди. Олар жақынырақ келгенде, Юсуп сөзин былай деп даўам етти:

– Мен сизлер Мысырға сатып жиберген туўысқаныңыз Юсуппен!
Copyright information for KaaIBT22C